Еремия 51 bob

Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаў (1-19), Бабилонның қыйралыўы (20-64).

1 Жаратқан Ийе былай дейди: – Мен Бабилонияны ҳәм Леб-Қамай, яғный Бабилон турғынларын, Набыт қылатуғын даўыл турғызаман.
2 Бабилонға жат жерлилерди жиберемен. Оны бийдайдай суўырып, елин босатып таслайды. Апатшылық күни оған жән-жақтан ҳүжим қылады.
3 Сарыжайшыларының сарыжайын тартсын, Саўытларын кийип таяр турсын. Бабилонның жасларын аямаң, Оның ләшкерлерин толық қырып таслаң.
4 Қаза тапқанлар калдейлердиң елинде, Өлтирилгенлер көшелерде жатады.
5 Израил ҳәм Яҳуда ели, Израилдың Мухаддеси алдында, Гүнаға батқан болса да, Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси, Оларды тәрк етпеди.
6 Бабилонлылар арасынан қашың, Ҳәр ким өз жанын қутқарсын. Оның қылмысы себепли набыт болмаң. Себеби Жаратқан Ийе Бабилоннан өш алмақта, Қылмысына жараса жаза бермекте.
7 Бабилон Жаратқан Ийениң қолында, Пүткил дүньяны мәс қылған, Алтын кесе сыяқлы еди. Миллетлер оның шарабынан ишип, Ақылынан азды.
8 Бабилон қулап, шыл-пәрше болды. Ол ушын жылаң, Жарасына мәлҳәм жағың, Бәлким, жазылып қалар!
9 Биз Бабилонға шыпа бермекши болдық, Ол шыпа таппады. Оны таслап, ҳәмме өз ўатанымызға кетейик. Оған шығарылған ҳүким көклерге жетти, 1 Бултларға дейин көтерилди.
10 Жаратқан Ийе бизди ақлады, Барып, Қудайымыз Жаратқан Ийениң ислерин, Сионда жәрия қылайық.
11 Оқларды ушқырлап, оқ қалталарды толтырың. Жаратқан Ийе Мидия патшаларының руўхын қозғады. Нийети Бабилонды жоқ қылыў еди. Усылай, Жаратқан Ийе Өзиниң өшин, Ибадатханасының өшин алады.
12 Бабилон дийўалларына қарсы байрақ көтериң, Бақлаўшыларды күшейтиң, гүзетшилер қойың, Буққыларды таярлаң. Жаратқан Ийе мақсетлерин әмелге асырады, Бабилон турғынларына айтқанларын орынлайды.
13 Мол суўлар бойында, Бай ғәзийнеге ийе болған халық! Сениң ақырың жетти, Әжелиң келди.
14 Әлемниң Жаратқан Ийеси Өз аты менен ант ишти: «Сени топ-топ шегирткедей болған, Әскерлерге толтыраман. Олар жеңис даўрығын салады».
15 Ол Өз қүдирети менен жерди жаратты, Даналығы менен дүньяны қурды, Ақылы менен көклерди жайды.
16 Ол гүркирегенде көктеги суўлар шуўлайды, Ол жердиң төрт тәрепинен бултларды көтереди, Жаўын жаўдырыў ушын шақмақ шақтырып, Сақлап қойған жеринен самал естиреди.
17 Ҳәр бир адам ақмақ ҳәм билимсиз, Ҳәр бир зергер соққан бутлары себепли уятқа қалады. Олардың мүсинлери қолдан соғылған, оларда жан жоқ.
18 Олар пайдасыз, масқарапаздың иси, Жазалаған ўақытта-ақ жоқ болады.
19 Бирақ Яқыптың Қудайы оларға уқсамайды, Ол пүткил барлықты жаратқан Қудай. Израил Оның мийрас урыўы, Оның аты – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
20 Бабилон, сен Мениң шоқмарым едиң, Сен арқалы миллетлерди қырып, Патшалықларды ўайран қылдым.
21 Сен арқалы атлар менен ондағы шабандозларды, Саўаш арбалары менен арбакешлерди қырдым.
22 Сен арқалы еркеклер менен ҳаялларды, Ғаррылар менен жасларды, Жигитлер менен қызларды қырдым.
23 Сен арқалы шопанды ҳәм оның сүриўин, Дийханды ҳәм оның жер айдайтуғын өгизин, Ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын қырдым.
24 Бабилонның ҳәм пүткил калдейлердиң, Сионда ислеген барлық жаўызлықларын, Сизлердиң көз алдыңызда өзлерине қайтараман, – дейди Жаратқан Ийе. –
25 Ҳәй, ўайран етиўши таў, Пүткил дүньяны қыйратқан таў! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Қолымды созып, Сени жартастан қулатып, Жанып кеткен таўға айландыраман.
26 Сеннен мүйешке қойылатуғын тас та, Тийкар тас та алынбайды. Мәңгиге қаңырап қаласаң, – дейди Жаратқан Ийе. –
27 Сол жерде байрақ көтерип, Миллетлер арасында кәрнай шалың, Миллетлерди Бабилонға қарсы урысқа таярлаң. Арарат, Минний ҳәм Ашкеназ патшалықларын, Бабилонға қарсы топлаң. Оған қарсы сәркәрда тайынлап, Атларды шегирткедей үстине бастырың.
28 Бабилонға қарсы урысыўға миллетлерди, Мидия патшаларын, оның ҳүкимдарлары менен ҳәмелдарларын, Олардың қол астындағы барлық еллерди таярлаң.
29 Жер титиреп, қалтырамақта. Өйткени Бабилонды адамсыз шөлге айландырыў ҳаққындағы, Жаратқан Ийениң нийети әмелге аспақта.
30 Бабилон батырлары саўаштан ўаз кешип, Өз қорғанларында отыр. Күши кетип, ҳаялдай болып қалған. Олардың жайлары өртелип, Қапы илгишлери сындырылды.
31 Шабарман изинен шабарман, Хабаршы изинен хабаршы келип, Бабилония патшасына мына хабарды билдирди: «Қала ҳәмме тәрептен басып алынды,
32 Дәрья өткеллери қолға алынды, Қамыслы батпақлар өртелди, Әскерлерди қорқыныш бийледи».
33 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Орым ўақтында қырман қалай айдалатуғын болса, Қыз Бабилон да солай қылынады. Тез арада сол ўақыт келеди.
34 «Бабилония патшасы Набуходоносор, Мени жалмап, албыратты, Бос ыдысқа айландырып қойды. Айдарҳадай жутып, Қарнын ләззетли затларыма толтырды, Кейин қусып таслады.
35 Бизлерге ҳәм жерлеслеримизге исленген зорлық, Бабилонның басына түссин, – дейди Сион турғынлары. Төгилген қанымыздың қуны, Калдейлерден талап етилсин», – дейди Ерусалим.
36 Сонлықтан Жаратқан Ийе былай дейди: Мен сениң исиңди жақлап, Сениң ушын өш аламан. Теңизин қурғатып, Суў булақларын қурытаман.
37 Бабилон тас үйиндисине, Сағаллар мәканына айланады. Қорқынышлы көриниске айланып, Күлкиге қалады. Ол жерде ҳеш ким жасамайды.
38 Бабилон халқы арысландай ақырады, Арыслан баласындай қаңсылайды.
39 Сонда, иштейи ашылғанда, Мен оларға зыяпат қурып беремен. Шадланып, мәңгилик уйқыға кетип, Ҳеш ўақыт оянбасын деп, Оларды мәс қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
40 Оларды тоқлы, қошқар ҳәм серке киби, Сойыўға алып бараман.
41 Ўаҳ, Шешах басып алынды! Пүткил дүньяның салтанаты қолға алынды! Ўаҳ, миллетлер арасында Бабилон қорқынышлы көриниске айланды!
42 Бабилонды теңиз қаплап, Туўлаған толқынлары оны бастырады.
43 Оның қалалары қаңырап, Қуў далаға, шөлге айланады, Ҳеш ким жасамайтуғын, Адам баласы ол арқалы өтпейтуғын жер болып қалады.
44 Бабилон қудайы Белди жазалап, Жутқанларын қустыраман. Енди миллетлер оған келмейтуғын болады, Бабилон дийўаллары қулайды.
45 Халқым Мениң! Олардың арасынан шығып, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзебинен, Жаныңызды сақлап қалың.
46 Елде тарқалған мыш-мышлардан, Жүрегиңиз артқа тартып, қорқпасын. Быйыл бир гәп тарқалса, Келеси жылы басқасы тарқалады. Елдеги зорабанлық, Патшалар арасындағы урыс ҳаққында, Мыш-мышлар тарқалады.
47 Сондай күнлер киятыр, Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил үлке уятқа қалып, Өли денелери оның ортасында жайрап жатады.
48 Арқадан жоқ қылыўшы, Бабилонға ҳүжим еткенде, Аспан, жер ҳәм ондағылардың ҳәммеси, Бабилонның жағдайына шадланып, қышқырысады, – дейди Жаратқан Ийе. –
49 Израиллыларды қырғаны, Жер жүзиндеги басқа халықларды да қырғаны ушын, Бабилон қулайды.
50 Қылыштан қутылғанлар иркилмей, кетиң! Узақ жерлерде Жаратқан Ийени еске алың, Ерусалимди жүректе сақлаң.
51 Бизлер кейис еситкенде, уялдық, Шет еллилер Жаратқан Ийениң Ибадатханасының, Мухаддес жерлерине киргенде, Жүзи қара болдық!
52 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилонның бутларын жазалайман. Пүткил жер бойлап,Жарадарлардың пәрияды еситиледи.
53 Ҳәтте, Бабилон көклерге көтерилсе де, Бәлент қорғанларын беккем қылса да, Мен оған қырғын келтириўшини жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе.
54 Бабилоннан аҳыў-нала сеслери, Калдейлердиң жеринен уллы қырғын сести еситиледи.
55 Жаратқан Ийе Бабилонды опат етип, Уллы шаўқымын басып тындырады. Душпанлары мол суўлардың толқынындай шуўлап, Даўыслары жаңлап турады.
56 Қырғын келтириўши Бабилонға келеди. Әскерлери тутқынға алынып, Оқ жайлары сындырылады. Жаратқан Ийе – өш алыўшы Қудай, Ол исине сай толық қайтарады.
57 Мен Бабилонның басшыларын, данышпанларын, Ҳүкимдарларын, ҳәмелдарларын ҳәм әскерлерин мәс қыламан. Олар оянбайтуғын мәңгилик уйқыға кетеди, – дейди, Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша
58 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бабилонның қалың дийўаллары жер менен жексен болады, Бәлент дәрўазалары жағып жибериледи. Халықлардың мийнети бийҳудаға кетеди, Миллетлердиң мийнети отқа жемтик болады.
59 Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының төртинши жылы, патшаның жол сапарларын уйымластырыўшы ўәзири Махсеяның ақлығы, Нерияның улы Серая Седекия менен бирге Бабилонға кетеринде, пайғамбар Еремия Сераяға усы тапсырманы берди.
60 Еремия Бабилонның басына түсетуғын барлық апатшылықларды, Бабилонға тийисли барлық сөзлерди бир орама қағазға жазып қойған еди.
61 Еремия Сераяға былай деди: – Бабилонға барғаныңда, бул сөзлерди даўыслап оқып бер.
62 Кейин былай деп дуўа ет: «Жаратқан Ийе, бул орынның жоқ етилетуғыны, онда инсан да, ҳайўан да жасамайтуғыны, оның мәңгиге қаңырап жататуғыны туўралы Өзиң айттың».
63 Орама қағазды оқып болып, оған тас байлап, Евфрат дәрьясына атып жибер.
64 Кейин былай деп айт: «Бабилон да усылай суўға шөгеди. Ол Мен жаўдыратуғын апатшылықтан, енди ҳеш қашан аяққа тура алмайды. Оның ҳәмме турғынлары набыт болады». Усының менен, Еремияның сөзи жуўмағына жетеди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16