Еремия 50 bob

Бабилон туўралы пайғамбаршылық (1-16), Израилдың қайта тиклениўи (17-20), Жаратқан Ийениң Бабилонды жазалаўы (21-46).

1 Бабилон ҳәм калдейлердиң жери ҳаққында Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзи мынаў:
2 «Миллетлер арасында жәриялап, жар салың, Байрақ көтериң, оларға еситтириң, Ҳеш нәрсени жасырмай айтың: „Бабилон қолға алынды, Қудайы Бел шерменде болды, Қудайы Меродах шилпәрше болды. Оның бутлары масқара болды, Мүсинлери сындырып тасланды“.
3 Себеби арқадан бир миллет оған қарсы шығып, Оның жерин шөлге айландырады. Ол жерде ҳеш ким жасамайды, Адам да, ҳайўан да оннан қашып кетеди.
4 Сол күнлери ҳәм сол ўақытлары, – дейди Жаратқан Ийе, – Израил халқы Яҳуда халқы менен бирге, Көз жас төгип келип, Өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийени излейди.
5 Олар Сионға қарай бет бурып, Оған баратуғын жолды сорайды. „Келиң, умытылмайтуғын мәңгилик келисим дүзип, Жаратқан Ийе менен жарасайық“, – дейди.
6 Мениң халқым адасқан қойлардай, Шопанлары оларды адастырып, Таўларға айдап жиберди, Олар таў-төбелерде гезип, Өз өрисин умытты.
7 Қойларыма дус келген оларды жеди, Душпанлары: „Биз айыплы емеспиз, Олар ҳақыйқат өриси болған Жаратқан Ийеге, Ата-бабаларының үмити болған, Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи“, – дейди.
8 Бабилониядан қашып кетиң, Калдейлердиң жеринен шығып кетиң, Сүриўди баслап жүрген текедей болың.
9 Мине, Мен арқадағы уллы миллетлер топарын, Бабилонға қарсы көтерип, алып келемен. Олар Бабилонға қарсы сап тартып турады, Оны қолға алады. Оқлары мерген әскердикиндей, Ҳеш бири бос кетпейди+.
10 Калдейлер талан-тараж қылынып, Оны талағанлардың бәри олжаға батып қалады, – дейди Жаратқан Ийе.
11 Ҳәй, мийрасымды талаған бабилонлылар! Сизлер мәс болып, қуўандыңлар, Отлақтағы қашардай секирип қуўанып, Айғырдай киснедиңлер.
12 Бирақ ана журтыңыз уятқа қалады, Киндик қаныңыз тамған жер аяқ асты болады. Ол миллетлер ишиндеги ең әҳмийетсизи болып, Шөлге, қуў далаға, саҳраға айланады.
13 Жаратқан Ийениң ғәзебинен, Елсиз болып, пүткиллей қаңырап қалады. Бабилоннан өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, Басынан өткен нәрселер себепли оны табалайды.
14 Ҳәй, садақшылар, Бабилон әтирапына сап тартып турың. Оған оқ атың, оқларды аямаң, Себеби ол Жаратқан Ийеге қарсы гүна иследи.
15 Ҳәмме тәрептен қалаға қарай бақырың! Ол тәслим болды, минаралары қулады, Дийўаллары жер менен жексен болды. Бул Жаратқан Ийениң өши, оннан өш алың, Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең.
16 Бабилонияда егин еккенди, Орақ ўақтында орақшыны да жоқ қылың. Душпан қылышынан қашып, Ҳәр бир адам өз халқына қайтсын, Өз ўатанына қашып барсын».
17 «Израил арысланлар қуўып, Сүриўден айырылып қалған қойға уқсайды. Дәслеп оны Ассирия патшасы жалмады, Ал мына, оның сүйегин кемирген соңғысы, Бабилония патшасы Набуходоносор болды.
18 Сонлықтан Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен Ассирия патшасын қалай жазалаған болсам, Бабилония патшасы менен оның елин де солай жазалайман.
19 Израилды және өз өрисине қайтараман, Ол Кармелде, Башанда отлап, Эфрайым таўларында ҳәм Гиладта тойып жүреди.
20 Сол күнлери ҳәм сол ўақытта, – дейди Жаратқан Ийе, – Израилдың айыбы изленеди, Бирақ ҳеш бир айып табылмайды. Яҳуданың гүнасы изленеди, Бирақ оннан ҳеш бир гүна табылмайды. Мен аман қалдырғанларымды кеширемен».
21 Мератайым жерине ҳәм Пеқод халқына ҳүжим қылыңлар. Оларды қырып, толық жоқ қылың, – дейди Жаратқан Ийе. Өзиңе буйырғанлардың ҳәммесин орынла.
22 Бабилонда урыс шаўқымы ҳәм уллы ўайраншылық!
23 Пүткил дүньяны тоқпақлап езген Бабилония, Енди қаншелли сынып, майдаланды! Ол миллетлер арасында, Қандай қорқынышлы көриниске айланды!
24 Мен саған дузақ қурдым, Бабилон, сен билмей, оған түстиң. Жаратқан Ийеге қарсы шыққаның ушын, Сен табылдың ҳәм тутқынға алындың.
25 Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийениң, Калдейлердиң жеринде ислейтуғын иси болғаны себепли, Жаратқан Ийе зат сақлайтуғын бөлмесин ашып, Оннан ғәзеп қуралларын шығарды.
26 Бабилонға ҳәр тәрептен ҳүжим қылың. Оның дәрўазаларын ашың, Қаладағының ҳәммесин үйин-үйин қылып жыйнап, Пүткиллей жоқ қылың. Оннан ҳеш нәрсе қалдырмаң.
27 Барлық батырларын өлтириң, Қырып таслаң. Олардың соры қурысын! Өйткени олардың күни келди, Жаза алатуғын ўақты жетти.
28 Бабилониядан қашып қайтып келгенлердиң даўысы еситиледи. Олар Сионға келип, Қудайымыз Жаратқан Ийениң өшин, Өз Ибадатханасы ушын алған өшин жәрияламақшы.
29 Сарыжайшыларды, оқ ататуғынлардың ҳәммесин, Бабилонның қарсысына шақырың. Қаланы қоршаўға алың, Ҳеш ким қутылып кете алмасын. Ислеген исине жараса қайтарың, Өзи не ислеген болса, өзине де соны ислең. Себеби ол Израилдың Мухаддесине, Жаратқан Ийеге қарсы көкирек көтерди.
30 Сонлықтан жас жигитлери көшелерде өлип, Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди Жаратқан Ийе.
31 Ҳәй, тәкаббир, Мен саған қарсыман, – дейди, Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийе. Сениң күниң келди, Мен сени жазалайтуғын ўақыт жетти.
32 Тәкаббир сүрнигип жығылады, Оны ҳеш ким орнынан турғызбайды. Оның қалаларына от қояман, Дөгерегиндегилердиң ҳәммесин от жалмайды.
33 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Израил менен Яҳуда да жәбир шекпекте, Тутқынға алғанлардың ҳәммеси оларды беккем услап, Азат қылыўдан бас тартпақта.
34 Бирақ олардың әменгери күшли, Оның аты Әлемниң Жаратқан Ийеси, Ол Израилдың исин жақлайды. Жер жүзине тынышлық, Ал Бабилония турғынларына зобалаң береди.
35 Калдейлерге қылыш дөнсин! – дейди Жаратқан Ийе. – Бабилон турғынларына, Басшыларына ҳәм данышпанларына қылыш дөнсин!
36 Жалған пайғамбарларына қылыш дөнсин! Олар ақмақлық қылмақта! Әскерлерине қылыш дөнсин! Олар набыт болмақта!
37 Атларына, саўаш арбаларына, Басқа миллетлерден жаллап алған әскерлерине қылыш дөнсин! Олар ҳаял сыяқлы ҳәлсиз болады. Оның ғәзийнесине қылыш дөнсин! Олар талан-тараж болады.
38 Қурғақшылық басланып, Суўлар тартылып, қурып қалсын, Өйткени бул жер бутлар мәканы. Қорқынышлы бутлар себепли, Адамлар ақылдан азды.
39 Енди ол жерде жабайы ҳайўанлар, Сыртланлар ҳәм үкилер жасайды. Онда адам жасамайды, Әўладтан-әўладқа ҳеш ким аяқ баспайды.
40 Содом менен Гомораның, Олардың әтирапындағы қалалардың, Жер менен жексен болғаны сыяқлы, Ол жерде де бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды, – дейди Жаратқан Ийе.
41 Мине, арқадан бир халық киятыр. Дүньяның шетинен бир уллы миллет, Сондай-ақ көплеген патшалар аяққа турмақта.
42 Оқ жай ҳәм семсер менен қуралланған олар, Жаўыз ҳәм реҳимсиз. Шаўқымы теңиздей шуўлайды, Олар атларға минип шаўып киятыр. Қыз Бабилон! Сениң менен урысыў ушын, Олар бир адамдай сап тартып турады.
43 Бабилония патшасы олар ҳаққында еситкенде, Қолларында мәдар қалмады. Толғақ тутқан ҳаял киби, Оны қайғы-азап бийлеп алды.
44 Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан, Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы, Калдейлерди ол жерден асығыс қуўып шығаман. Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма? Себеби Маған тең келетуғын ким бар? Меннен ким есап талап қыла алады? Қайсы патша Маған қарсы тура алады?
45 Енди, Жаратқан Ийениң Бабилонға қарсы дүзген жобасын, Калдейлердиң жери ушын нийетлеген мақсетин еситиң: «Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең жасы да сүйреп кетиледи, Олардың жайлаўлары босап қалады».
46 «Бабилон басып алынды!» – деп бақырғанда, Жер жүзи ләрзеге келеди. Қышқырысқан даўыслары, Миллетлер арасынан еситиледи.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16