Еремия 49 bob

Аммон туўралы пайғамбаршылық (1-6), Эдом туўралы пайғамбаршылық (7-22), Дамаск туўралы пайғамбаршылық (23-27), Кедар ҳәм Хасор туўралы пайғамбаршылық (28-33), Элам туўралы пайғамбаршылық (34-39).

1 Жаратқан Ийе аммонлар ҳаққында былай дейди: – Израилдың уллары жоқ па? Оның мийрасхоры жоқ па? Онда не ушын Молохқа табынатуғынлар, Гад урыўының жерин ийелеп, Халқы Гадтың қалаларында жасап атыр?
2 Сонлықтан сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – Аммонлардың бас қаласы Раббаға қарсы, Урыс дабылын қақтыраман. Ол үйилген топыраққа айланады, өртеледи. Сонда Израил өзлеринен тартып алынғанларды ийелейди, – дейди Жаратқан Ийе. –
3 Зар жыла, Хешбон! Өйткени Ай қаласы қырып тасланды. Рабба ҳаяллары пәрияд етиң! Аза кийимин кийип, өкирип жылаң! Атызларда гезип жүриң! Өйткени руўханийлери ҳәм ҳәмелдарлары менен, Молох сүргин қылынады.
4 Ойпатлықларың менен неге мақтанасаң? Ойпатлықларың набыт болады. Бийопа қыз, ғәзийнелериңе исенип: «Маған ким ҳүжим ете алады?» – дедиң.
5 Мен өзим саған ҳәмме тәрептен, Қорқыныш жиберемен, – дейди Әлемниң Ийеси, Жаратқан Ийе. – Сизлер қуўылып, тарап қашасыз, Қашқынларды ҳеш ким қайта жыйнамайды.
6 Бирақ буннан кейин, Мен аммонлардың, Бурынғы абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе.
7 Эдом туўралы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: – Теманда енди даналық жоқ па? Даналарда мәсләҳәт қалмады ма? Олардың даналығы ғайып болды ма?
8 Дедан турғынлары! Артыңызға қарамай, қашып, Үңгирлерге жасырының. Мен Эсаўды жазалағанымда, Басына апатшылық жаўдыраман.
9 Бағыңда жүзим тергенлер, Бир неше солқым жүзим қалдырмас па еди? Түнде үйге түскен уры, Керегин урламас па еди?
10 Бирақ Эсаўды тыр жалаңаш қыламан, Сырлы жерлерин әшкара қыламан, Ол жасырына алмайды. Оның урпақлары, Ағайин ҳәм қоңсылары жоқ қылынады, Өзи де жоқ болады.
11 Ҳеш ким: «Жетимлериңизди қалдырың, Олардың жанын сақлайман. Жесирлериңиз де маған үмит байласын», – дей алмайды.
12 Жаратқан Ийе былай дейди: – Жаза кесесинен ишиўи керек болмағанлар да, Оннан ишкенде, сен жазасыз қаласаң ба? Яқ, жазасыз қалмайсаң, Әлбетте, оннан ишесең.
13 Өз атым менен ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Босра қорқынышқа, күлкиге, Шөлге ҳәм ғарғысқа дуўшар болады. Оның барлық қалалары мәңги босап қалады.
14 Мен Жаратқан Ийеден бир хабар еситтим, Миллетлер арасына жаршы жолланды: «Бир жерге жыйналып, оған қарсы шығың, Аяққа турып, саўашқа атланың!»
15 Мен сени миллетлер арасында арзымас, Адамлар арасында жек көринши қыламан.
16 Қәўетерге түсиўиң ҳәм тәкаббир жүрегиң, Сени алдады. Ҳәй, жартастың жарығында жасайтуғын, Төбелердиң бийик шоққыларын ийелеген! Бүркит киби уяңды бәлент қурсаң да, Сени ол жерден түсиремен, – дейди Жаратқан Ийе. –
17 Эдом қорқынышлы көриниске айланады. Ол жерден өткен ҳәр бир адамның жүреги суўлап, Апатшылықлары себепли оны табалайды.
18 Содом менен Гомора ҳәм олардың әтирапындағы қалалардың, Жер менен жексен болғаны сыяқлы, – дейди Жаратқан Ийе, – Эдомда да бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды.
19 Мен Иордан бойындағы қалың тоғайдан, Жап-жасыл жайлаўға шыққан арыслан сыяқлы, Эдом халқын ол жерден асығыс айдап шығаман. Мен оларға патша беремен, бирақ ол оларды қорғай ала ма? Себеби Маған тең келетуғын ким бар? Меннен ким есап талап қыла алады? Қайсы патша Маған қарсы тура алады?
20 Сонлықтан Жаратқан Ийениң Эдомға қарсы дүзген жобасын тыңлаң! Теман турғынлары ушын нийетлеген мақсетин еситиң: «Ҳақыйқатында, сүриўдеги ең кишкенеси де сүйреп кетиледи, Олар себепли жайлаўлары босап қалады.
21 Олардың қулаған даўысынан, Жер жүзи ләрзеге келеди. Қышқырысқан даўыслары, Қамыс теңизине дейин еситиледи.
22 Әне, душпан бүркит киби жоқары ушып, Қанатларын Босраның үстине жайды. Сол күни Эдом әскерлериниң жүреги, Толғатқан ҳаялдың жүрегиндей болады».
23 Дамаск туўралы пайғамбаршылық: «Хамат ҳәм Арпад уятқа қалды, Қорқынышлы хабарды еситип, қатты муңайды. Руўхы түсип, Толқын көтерилген теңиздей басылмайды.
24 Дамаск ҳәлсиреп, қаша жөнелди, Оны қорқыныш бийлеп алды. Толғақ тутқан ҳаялдай, Оны азап ҳәм дәрт тутты.
25 Қуўанышым мәканы болған, Бул даңқлы қала қалайынша таслап кетилди?
26 Оның жас жигитлери көшелерде өледи, Барлық әскерлери сол күни қаза табады, – дейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси. –
27 Дамаск дийўалларына от қояман, Бен-Ҳадад қорған қаласын өрт жалмайды».
28 Бабилония патшасы Набуходоносор басып алған Кедар ҳәм Хасор патшалықлары туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: – Барып, Кедарға ҳүжим қылың, Шығыстағы халықларды жоқ қылың!
29 Олардың шатырлары менен сүриўлери тартып алынады, Перделери, буйымлары, түйелери талан-тараж қылынады, Адамлар ўай-ўайлап: «Қәўип дөнбекте», – деп бақырысады.
30 Хасор турғынлары! Қашыңлар, Узақларға кетиңлер, Үңгирлерге жасырыныңлар! – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби Бабилония патшасы Набуходоносор, Сизлер ушын қарар қабыл етти, Сизлерге қарсы жоба дүзди.
31 Барың, тыныш ҳәм қәўипсиз жасап атырған, Халыққа ҳүжим етиң, – дейди Жаратқан Ийе. – Олардың дәрўазалары да, тәмбилери де жоқ, Олар жеке жасайды.
32 Олардың түйелери олжаланып, Көп маллары қолға алынады. Тулымшақларын кестирип жүретуғын бул адамларды, Төрт тәрепке тарқатып жиберемен, Ҳәр тәрептен оларға апат жиберемен, – дейди Жаратқан Ийе. –
33 Хасор мәңгиге қаңырап, Сағаллар мәканына айланады. Ол жерде бирде бир адам жасамайды, Тири жан қалмайды.
34 Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басларында Еремия пайғамбарға Элам ҳаққында сөз түсти.
35 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай деди: – Эламның қүдиретиниң негизи болған, Садағын сындыраман,
36 Аспанның төрт тәрепинен жиберилген самал менен, Эламды төрт тәрепке тарқатып жиберемен. Эламнан сүргин етилгенлердиң, Аяқ баспаған журты қалмайды.
37 Эламды душпанларының, Жанына қас болғанлардың алдында албыратаман. Мен лаўлаған ғәзебимди, Үстине апат қылып жаўдыраман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды пүткиллей жоқ қылмағанша, Изине қылыш саламан.
38 Мен тахтымды Эламға орнатып, Оның патшасын ҳәм ҳәмелдарларын жоқ қыламан, – дейди Жаратқан Ийе. –
39 Бирақ ақырғы күнлерде Эламға, Абаданшылығын қайтарып беремен, – дейди Жаратқан Ийе.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16