Еремия 46 bob

Мысыр туўралы пайғамбаршылық (1-26), Жаратқан Ийе Өз халқын қутқарады (27-28).

1 Еремия пайғамбарға миллетлер ҳаққында Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2 Мысыр туўралы хабар: Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳоякимниң патшалығының төртинши жылында Бабилония патшасы Набуходоносор Евфрат дәрьясының жағасындағы Каркемиште Мысыр патшасы фараон Нехоның ордасын қырғынға ушыратты.
3 «Қалқанларды таярлап, саўашқа кирисиң!
4 Атларыңызды ертлеп, атларға миниң! Дуўлығаңызды кийип, сапқа дизилиң! Найзаларды егеп, саўытларды кийиң!
5 Мен не көрип турман? Олар қорқып, шегинип атыр, Жаўынгерлери жеңилип, Артына қарамай, қашып баратыр. Ҳәр тәрептен қорқыныш бийлеп алған, – дейди Жаратқан Ийе. –
6 Жүйрик қашып қутыла алмас, Батыр қашып кете алмас. Арқада, Евфрат дәрьясы бойында, Олар сүрнигип, жығылады.
7 Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған ким?
8 Нил киби тасып, Суўлары бурқасынлаған дәрьядай болған бул – Мысыр. Ол: „Тасып, дүнья жүзин қаплайман, Қаланы турғынлары менен жоқ қыламан“, – дейди.
9 Ҳәй, атлар, алға басың! Ҳәй, арбалар, жел болып ушың! Мәрт жаўынгерлер ҳүжимге өтсин: Хабашстан әскерлери, Пут қалқаншылары, Шебер сарыжайшы Луд әскерлери.
10 Бул күн Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Ийениң күни. Бул күн Оның душпанларынан өш алынатуғын төлем күни. Қылыш тойғанша, Қанға шөли қанғанша жалмайды. Евфрат дәрьясының арқасындағы жерлерде, Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Ийе ушын қурбанлық болады.
11 Ҳәй, пәк қыз Мысыр, Гиладқа барып, мәлҳәм ал. Қанша дәри ишсең де, бийпайда, Сениң дәртиңе даўа жоқ.
12 Шерменделигиңди миллетлер еситти, Жер бети пәриядыңа толды. Әскер әскерге дүгисип, Екеўи де жерге қулады».
13 Бабилония патшасы Набуходоносордың урысыў ушын Мысыр елине келетуғыны туўралы Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийе мына сөзди айтты:
14 «Мысырда жәриялаң, Мигдолда жар салың, Нофта ҳәм Тахпанхесте еситтирип, былай дең: „Турып, таярланың, Қылыш дөгерегиңиздегилерди қырып таслайды“.
15 Не ушын қудайың Апис қашты? Буғаң не ушын аяқта тура алмады? Себеби Жаратқан Ийе оны жер менен жексен етти.
16 Ол жығылғанларды көбейтти, Олар бир-бириниң үстине жығылып атырып: „Бол тез, залымның қылышынан қашып, Өз халқымызға, туўылған мәканымызға қайтайық!“ – дейди.
17 Ол жерде болса: „Мысыр патшасы фараон тек мақтаншақ, Ол пурсатты қолдан шығарды“, – дейди.
18 Аты Әлемниң Жаратқан Ийеси болған Патша былай дейди: „Өз тирилигим ҳақы ант ишемен: Таўлар арасында Табор таўы қандай болса, Теңиз жағасындағы Кармел таўы қандай болса, Сизлерге киятырған душпан да сондай.
19 Ҳәй, қыз Мысырдың турғынлары! Түйиншигиңизди түйип, сүргинге таярланың. Ноф ўайран болып, Кимсесиз ҳүўлеп қалады.
20 Мысыр жүдә сулыў қашар, Бирақ арқаның соналары жапырылып оған ушып келеди.
21 Оның жалланба әскерлери, Баққы танадай болса да, Шегинип, бирликте изге қашады, Олардың жеринде тура алмайды. Себеби олардың апатшылыққа ушырайтуғын күни, Жазаланатуғын ўақты жетип келди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16