Еремия 43 bob

Еремияның Мысырға алып кетилиўи (1-13).

1 Еремия пүткил халыққа өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң сөзлерин, өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң өзин жиберип айттырған сөзлерин толық айтып болғанда,
2 Ҳошая улы Азария, Қареах улы Юханан ҳәм сурбет адамлардың ҳәммеси Еремияға былай деди: – Сен жалған айтып турсаң. Қудайымыз Жаратқан Ийе сени бизлерге: «Мысырға барып жасамаң», – деп айтыў ушын жиберген жоқ.
3 Калдейлер бизлерди өлтирсин ямаса Бабилонияға тутқын етип алып кетсин деп, бизлерди олардың қолына тапсырыў ушын Нерия улы Барух сени бизлерге қарсы ийтермелемекте.
4 Солай етип, Қареах улы Юханан, әскербасылар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Яҳудада қалыў туўралы айтқан буйрығына қулақ аспады.
5 Яҳудада жасаў ушын тарап кеткен жерлеринен қайтып келген яҳудийлердиң аман қалғанларының ҳәммесин Қареах улы Юханан ҳәм әскербасылар ертип кетти.
6 Булардан тысқары, олар бабилонлы сақшылар баслығы Набузараданның Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияның қасында қалдырып кеткен адамларының ҳәммесин: еркек ҳәм ҳаялларды, балаларды, патшаның қызларын, Еремия пайғамбарды ҳәм Нерия улы Барухты өзлери менен алып кетти.
7 Олар Жаратқан Ийеге қулақ аспай, Мысыр жерине кетип, Тахпанхеске жетип келди.
8 Тахпанхесте Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
9 – Қолыңа үлкен тасларды алып, оларды Тахпанхестеги фараонның сарайының кирер аўзындағы гербишлер арасына көм. Буны яҳудийлердиң көз алдында исле.
10 Кейин оларға айт: «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мине, Мен Бабилония патшасы қулым Набуходоносорды бул жерге алып келип, оның тахтын мына көмилген таслар үстине орнатаман. Набуходоносор патшалық шатырын усы таслардың үстине тигеди.
11 Ол келип, Мысырды ўайран қылады. Тәғдирине өлим жазылған өледи, тәғдирине сүргин жазылған сүргинге кетеди, тәғдирине қылыш жазылған қылыш пенен шабылады.
12 Бабилония патшасы Мысыр қудайларының бутханаларына от қояды, бутларды жандырады, базыларын өзи менен алып кетеди. Шопан тонын бүргеден тазалағандай, Мысырды да солай тазалайды. Кейин ол жерден аман-есен шығып кетеди.
13 Ол Мысыр жериндеги Қуяш қудайының бутханасындағы Қуяш қудайына арнап қойылған кийели тасларды бузып, Мысыр қудайларының барлық бутханаларын өртеп жибереди».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16