Еремия 42 bob

Халықтың Еремиядан Қудайдың еркин билип бериўди сораўы (1-22).

1 Кейин барлық әскербасылар, Қареах улы Юханан, Ҳошая улы Езания ҳәм үлкен-киши пүткил халық Еремия пайғамбарға келип,
2 оған былай деди: – Өтинишимизди қабыл етип, бизлер ушын, мына аман қалғанлар ушын Қудайың Жаратқан Ийеге дуўа ет. Көрип турғаныңдай, көптен аз қалдық.
3 Қай жерге барып, не ислейтуғынымызды Қудайың Жаратқан Ийе бизге көрсетсин.
4 Еремия пайғамбар оларға: – Яқшы, айтқаныңыздай, мен Қудайыңыз Жаратқан Ийеге дуўа етемен ҳәм Жаратқан Ийе не деп жуўап берсе де, оны сизлерге аян қыламан. Сизлерден ҳеш нәрсени жасырмайман, – деди.
5 Олар Еремияға және былай деди: – Егер Қудайың Жаратқан Ийе бизге билдириў ушын саған аян еткен ҳәр бир сөзге әмел қылмасақ, Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы ҳақыйқый ҳәм садық гүўа болсын.
6 Жақсы болса да, жаман болса да, бизлер сени жанына жиберип атырған Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ асамыз. Қудайымыз Жаратқан Ийеге қулақ ассақ, абадан турмысқа ерисемиз.
7 Он күннен кейин, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. 8Еремия Қареах улы Юхананды, оның менен бирге әскербасыларды ҳәм үлкен-киши пүткил халықты шақырып,
8 оларға былай деди: – Өтинишиңизди билдириў ушын мени Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң дәргайына жиберген едиңиз. Ол былай дейди:
9 «Егер усы жерде қалсаңыз, Мен сизлерди қайта тиклеймен, қулатпайман, отырғызаман, қопарып тасламайман. Себеби Мен Өзим басыңызға салған апатшылық себепли өкинип атырман.
10 Өзлериңиз қорқып атырған Бабилония патшасынан енди қорқпаң. Оннан қорқпаң, – дейди Жаратқан Ийе, – Мен сизлер менен бирге боламан. Сизлерди оның қолынан қутқараман ҳәм азат етемен.
11 Мен сизлерге реҳим қыламан, сонда оның сизлерге жаны ашып, сизлерди өз жериңизге қайтарады».
12 Мен сизлерге реҳим қыламан, сонда оның сизлерге жаны ашып, сизлерди өз жериңизге қайтарады».
13 Егер сизлер: «Бул жерде қалыўды қәлемеймиз», – деп Қудайыңыз Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салмасаңыз,
14 және: «Яқ, бизлер Мысырға кетемиз. Ол жерде урыс та көрмеймиз, оны хабарлаған кәрнай сестин де еситпеймиз, нанға зар болмаймыз, сол жерде жасаймыз», – десеңиз,
15 онда Яҳуданың аман қалғанлары, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң! Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Егер сизлер Мысырға барыўға қарар етип, сол жерге барып жасасаңыз,
16 сизлер қорққан қылыш ол жерде изиңизден жетеди, сизлер қорққан ашлық Мысырда жағаңызға жабысады ҳәм сизлер сол жерде өлесиз.
17 Мысырға барып жасаўды қарар қылған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өледи. Мен басыңызға жаўдыратуғын апатшылықтан ҳеш ким тири қалмайды, ҳеш ким қашып та қутыла алмайды».
18 Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Ерусалим турғынларына қәҳәр-ғәзебим төгилгениндей, Мысырға киргениңизде, сизлерге де ғәзебим төгиледи. Сизлер ғарғысқа қалып, қорқынышлы көриниске айланасыз, нәлетленип, масқара боласыз. Бул жерди қайтып көрмейсиз».
19 Ҳәй, Яҳуданың аман қалғанлары! Жаратқан Ийе сизлерге Мысырға кетпеўди буйырды. Билип қойың, бүгин мен сизлерге ескертип атырман.
20 Мени Қудайыңыз Жаратқан Ийениң дәргайына жиберип: «Бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет. Оның айтқанларының ҳәммесин бизлерге билдир, бизлер де оған әмел қыламыз», – дегениңизде, үлкен қәтеге жол қойдыңыз.
21 Мен бүгин сизлерге буны билдирдим, бирақ сизлер Қудайымыз Жаратқан Ийениң мен арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмадыңыз.
22 Енди жақсылап билип қойың, барып жасамақшы болған жериңизде қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өлесиз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16