Еремия 41 bob

Исмайылдың Гедалияны өлтириўи (1-15), Мысырға қашыў (16-18).

1 Жетинши айда патша әўладынан ҳәм патшаның ўәзирлеринен бири болған Элишаманың ақлығы Нетания улы Исмайыл он адамы менен Миспадағы Ахиқам улы Гедалияға келди. Олар Миспада бирге ишип-жеп отырғанда,
2 Нетания улы Исмайыл менен оның жанындағы он адам орынларынан турды да, Бабилония патшасы сол елге ҳәким қылып қойған Шафанның ақлығы Ахиқам улы Гедалияны қылыш пенен шаўып таслады.
3 Исмайыл Миспада Гедалия менен бирге болған барлық яҳудийлерди де, ол жердеги калдей әскерлерин де өлтирди.
4 Ертеңине Гедалияның өлтирилгени ҳаққында ҳеш ким билмей турып,
5 Шехемнен, Шилодан ҳәм Самариядан сексен адам келди. Олар қайғыдан сақалларын қырққан, кийимлерин жыртқан, денелерин тилген болып, қолларында Жаратқан Ийениң Ибадатханасына алып киятырған ғәлле садақасы менен хош ийисли түтеткиси бар еди.
6 Оларды күтип алыў ушын Миспадан Нетания улы Исмайыл жолға шықты. Ол жылап ушырасып, оларға: – Ахиқам улы Гедалияға барыңлар, – деди.
7 Енди қала ортасына келгенде, Нетания улы Исмайыл ҳәм оның жанындағы адамлар оларды өлтирип, суў сақлағышқа таслады.
8 Бирақ олардың арасынан он адам Исмайылға: – Бизлерди өлтирме, бизлердиң атызда жасырып қойған бийдайымыз, арпамыз, майымыз ҳәм палымыз бар, – деди. Сонда ол өзин тутып, оларды қасындағылары менен бирге өлтирмей, аман қалдырды.
9 Исмайыл Гедалияға тийисли өлилердиң денелерин таслаған суў сақлағыш жүдә үлкен болып, оны патша Аса Израил патшасы Баашадан қорғаныў ушын қаздырған еди. Натания улы Исмайыл оны өли денеге толтырды.
10 Исмайыл Миспадағы қалған пүткил халықты – патшаның қызларын ҳәм сақшылар баслығы Набузарадан Ахиқам улы Гедалияның ықтыярына тапсырған Миспада қалған пүткил халықты тутқынға алды. Нетания улы Исмайыл оларды айдап, аммонлар тәрепке өтиў ушын жолға түсти.
11 Бирақ Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы пүткил әскербасылар Нетания улы Исмайыл ислеген жынаятлары ҳаққында еситкенде,
12 адамларының ҳәммесин алып, Нетания улы Исмайыл менен урысыў ушын жолға шықты. Олар Гибондағы мол суўлы ҳәўиз жанында Исмайылдың изинен жетти.
13 Исмайылдың қасындағы пүткил халық Қареах улы Юхананды ҳәм оның қасындағы әскербасыларды көргенде, қуўанып кетти.
14 Исмайыл Миспада тутқынға алған адамлардың ҳәммеси изге, Қареах улы Юхананға қарай жуўырды.
15 Бирақ Нетания улы Исмайыл сегиз адамы менен Юхананнан қутылып, аммонларға қашып кетти.
16 Қареах улы Юханан ҳәм оның жанындағы барлық әскербасылар аман қалғанлардың ҳәммесин Ахиқам улы Гедалияны өлтирген Нетания улы Исмайылдан қутқарып, ҳәм Гибоннан изге қайтарып алып келген әскерлерди, ҳаялларды, балаларды, сарай хызметкерлерин Миспадан алып шықты.
17 Олар жол жүрип, Мысырға өтиў ушын, Бейтлеҳем жақынындағы Герут-Кимҳамда тоқтады.
18 Бабилония патшасы ел үстинен ҳәким қылып қойған Ахиқам улы Гедалияны Нетания улы Исмайыл өлтиргени себепли, олар калдейлерден қорқты.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16