Еремия 39 bob

Ерусалимниң қулаўы (1-18).

1 Яҳуда патшасы Седекияның ҳүкимдарлығының тоғызыншы жылының оныншы айында Бабилония патшасы Набуходоносор пүткил ордасы менен Ерусалимге жүрис қылып, оны қамалға алды.
2 Седекияның патшалығының он биринши жылының оныншы айының тоғызыншы күни дийўал бузылды.
3 Ерусалим қолға алынғанда, Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары ишке кирип, Ортадағы дәрўазада отырды. Олар: Нергал-Шаресер, Самгар-Небо, әскерий ўәкил Сарсехим, бас мәсләҳәтши НергалШаресер ҳәм патшаның барлық ҳәмелдарлары еди.
4 Яҳуда патшасы Седекия ҳәм оның барлық әскерлери оларды көргенде, түнде патшаның бағының жанындағы, еки дийўал арасындағы дәрўаза арқалы шығып, Иордан тегислигине қарай қашып кетти.
5 Бирақ калдей ләшкерлери оларды қуўып, Ерихо тегислигинде изинен жетти ҳәм Седекияны услап, тутқынға алды да, Хамат үлкесиниң Рибла қаласындағы Бабилония патшасы Набуходоносорға алып барды. Сол жерде патша Седекияның үстинен ҳүким шығарды.
6 Бабилония патшасы Риблада Седекияның улларын көз алдында баўызлатты. Және де, ол Яҳуданың барлық ақсүйеклерин де баўызлатты.
7 Буннан кейин, Седекияның көзлерин ойдырды, Бабилонға алып кетиў ушын оны қола шынжыр менен байлатты.
8 Калдейлер патшаның сарайын, халықтың үйлерин өртеп, Ерусалим дийўалларын қулатты.
9 Қалада аман қалған адамларды ҳәм Бабилония патшасы тәрепке өткен қашқынларды қалған халық пенен бирге сақшылар баслығы Набузарадан Бабилонға тутқын қылып алып кетти.
10 Бирақ Набузарадан ҳеш нәрсесиз жүдә жарлы бийшараларды Яҳуда жеринде қалдырып, сол ўақытта оларға жүзимзарлар ҳәм атызлар берди.
11 Бабилония патшасы Набуходоносор сақшылар баслығы Набузараданға Еремия туўралы мынадай буйрық берди:
12 «Оны услап алып, көзқулақ бол. Оған ҳеш қандай зыян келтирме, не сораса, соны исле».
13 Патша сақшыларының баслығы Набузарадан, әскерий ўәкил Набушазбан, бас мәсләҳәтши Нергал-Шаресер ҳәм Бабилония патшасының барлық ҳәмелдарлары
14 адам жоллап, Еремияны сақшылар ҳәўлисинен алдыртты. Олар Шафанның ақлығы Ахиқамның улы Гедалияға Еремияны үйине алып кетиўди тапсырды. Солай етип, Еремия өз халқы арасында қалды.
15 Қараўыллар ҳәўлисинде қамақта болған ўақтында, Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түскен еди:
16 – Барып, хабашстанлы Эбед-Мелехке айт, Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен бул қала туўралы айтқан сөзлеримди жақсылық пенен емес, ал жаманлық пенен жүзеге асыраман. Булар сениң көз алдыңда әмелге асады.
17 Бирақ сол күни Мен сени қутқараман, – дейди Жаратқан Ийе. – Сен өзиң қорқып жүрген адамларыңның қолына түспейсең.
18 Мен сени қутқараман. Сен қылыштан қаза таппайсаң, Маған үмит артқаның ушын, жаның өзиңе олжа болады, – дейди Жаратқан Ийе».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16