Еремия 38 bob

Еремияның суў сақлағышқа тасланыўы (1-13), Седекияның Еремиядан және мәсләҳәт сораўы (14-28).

1 Маттан улы Шефатия, Пашхур улы Гедалия, Шелемия улы Юхал ҳәм Малкия улы Пашхур Еремияның пүткил халыққа айтқан мына сөзлерин еситти:
2 «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қалада қалған адам қылыштан, ашлықтан ҳәм обадан өледи, ал калдейлер тәрепке өткен адам тири қалады, жанын қутқарып аман қалады.
3 Жаратқан Ийе былай дейди: Бул қала әлбетте Бабилония патшасының ләшкерлериниң қолына бериледи, ол қаланы басып алады».
4 Сонда сарай ҳәмелдарлары патшаға: – Бул адам өлтирилсин. Ол бул сөзлерди айтып, бул қалада қалған әскерлеримиздиң ҳәм пүткил халықтың руўхын түсирмекте. Бул адам халыққа жақсылық емес, ал жаманлық тилейди, – деди.
5 Патша Седекия оларға: – Мине, ол сизлердиң қолыңызда, мен сизлерге қарсылық көрсетпеймен, – деди.
6 Олар Еремияны услап алып, патшаның улы Малкияның сақшылар ҳәўлисиндеги суў сақлағышқа арқан менен түсирди. Суў сақлағыш суўсыз болып, онда тек ылай бар еди. Еремия балшыққа батып қалды.
7 Патшаның сарай хызметкерлеринен бири, хабашстанлы Эбед-Мелех Еремияның суў сақлағышқа тасланғанын еситти. Сол ўақытта патша Бенямин дәрўазасы алдында отырған еди.
8 Эбед-Мелех патша сарайынан шықты да, патшаға барып:
9 – Тақсыр, Еремияны суў сақлағышқа таслап, бул адамлар жаман ис қылыпты. Қалада нан қалмады, Еремия ол жерде аштан өледи, – деди.
10 Патша хабашстанлы Эбед-Мелехке: – Қасыңа отыз адам ал да, өлип қалмасынан бурын, Еремия пайғамбарды суў сақлағыштан шығарып ал, – деп буйырды.
11 Эбед-Мелех қасына адамларды алып, патша ғәзийнеханасының астындағы бөлмеге кирди ҳәм ол жерден гөне-көкси шүбереклер менен гөне-көкси кийимлерди таўып алып, оларды арқанға байлап, суў сақлағыштағы Еремияға түсирди.
12 Кейин Еремияға: – Арқан денеңе батпаўы ушын, мына гөне-көкси шүбереклер менен кийимлерди қолтығыңның астына қой, – деди. Еремия солай иследи.
13 Олар Еремияны арқанлар жәрдеминде суў сақлағыштан шығарып алды. Буннан кейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.
14 Патша Седекия адам жиберип, Еремия пайғамбарды Жаратқан Ийениң Ибадатханасының үшинши есигиниң алдына алып келтирди. Патша Еремияға: – Мен сеннен бир нәрсе сорайжақпан, меннен ҳеш нәрсени жасырма, – деди.
15 Еремия Седекияға: – Егер ырасын айтсам, мени өлтирмес пе едиңиз? Мәсләҳәт бергеним менен мени тыңламайсыз, – деди.
16 Бирақ патша Седекия жасырын түрде ант ишип, Еремияға: – Бизге жан берген тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен: сени өлтирмеймен ҳәм жаныңа қаслық қылмақшы болғанлардың қолына тапсырмайман, – деди.
17 Соннан кейин, Еремия Седекияға былай деди: – Израилдың Қудайы, Әлемниң Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болсаң, жаның тири қалады, бул қала да өртеп жиберилмейди, өзиң де, үй-ишиң де аман қаласыз.
18 Бирақ егер Бабилония патшасының ҳәмелдарларына тәслим болмасаң, бул қала калдейлердиң қолына бериледи, олар қаланы өртеп жибереди, өзиң де олардың қолынан қашып қутыла алмайсаң».
19 Патша Седекия Еремияға: – Мен калдейлер тәрепке өткен яҳудийлерден қорқаман. Калдейлер мени олардың қолына тапсырса, олар мени хорлайды, – деди.
20 Еремия патшаға былай деди: – Яқ, оларға тапсырмайды. Айтқанларымды ислеп, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ салсаңыз, тири қалып, абадан турмысқа ерисесиз.
21 Егер тәслим болыўдан бас тартсаңыз, Жаратқан Ийе маған мынаны аян етти:
22 Мине, Яҳуда патшасының сарайында қалған барлық ҳаяллар Бабилония патшасының әскербасысына алып келинеди. Сол ҳаяллар сизге былай дейди: «Исенген досларыңыз, Сизди алдап, жеңип кетти, Батпаққа батты аяқларыңыз, Олар сизди таслап кетти».
23 Сизиң барлық ҳаялларыңыз бенен балаларыңыз калдейлерге бериледи. Сиз де олардың қолынан қашып қутыла алмайсыз, Бабилония патшасының қолына түсесиз. Бул қала болса, өртеп жибериледи.
24 Кейин Седекия Еремияға былай деди: – Сөйлескенимиз туўралы ҳеш ким билмесин, болмаса өлесең.
25 Егер ҳәмелдарлар мениң сениң менен сөйлескенимди еситип, саған келип: «Патша менен нелер туўралы сөйлескениңди жасырмай айт, болмаса өлесең», – десе,
26 сен оларға: «Мени Ионатанның үйине қайтарып жиберме, болмаса, мен ол жерде өлип қаламан, деп патшаға жалбарындым деп айт», – деди.
27 Барлық ҳәмелдарлар келип, Еремияны сораўға тутты. Ол да патша буйырғанындай етип жуўап берди. Патшаға айтылғанлардан ҳеш кимниң хабары болмағанлықтан, олар үндемей қайтып кетти.
28 Ерусалим қолға алынған күнге дейин, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16