Еремия 37 bob

Еремия ҳәм патша Седекия (1-21).

1 Бабилония патшасы Набуходоносор Ехонияның улы Еҳоякимниң орнына Иошия улы Седекияны Яҳуда елине патша етип қойды.
2 Бирақ патша да, оның ўәзирлери де, үлке халқы да Жаратқан Ийениң Еремия пайғамбар арқалы айтқан сөзлерине қулақ салмады.
3 Деген менен, патша Седекия Шелемия улы Еҳухал менен Маасея улы руўханий Сефанияны: «Өтинемен, бизлер ушын Қудайымыз Жаратқан Ийеге дуўа ет», – деп айтыў ушын Еремияға жиберди.
4 Еремия сол ўақытта халық арасында бийғам жасап атырған болып, еле зинданға тасланбаған еди.
5 Сол арада фараонның ләшкерлери Мысырдан шықты. Ерусалимди қамал қылып турған калдейлер бул хабарды еситкенде, Ерусалимнен шегинди.
6 Сонда Еремия пайғамбарға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
7 – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Меннен сораў ушын сизлерди Маған жиберген Яҳуда патшасына былай деп айтыңлар: «Сизлерге жәрдемге киятырған фараонның ләшкерлери өз елине, Мысырға қайтып кетеди.
8 Ал калдейлер қайтып келип ҳүжим етеди, қаланы қолға алып, өртеп жибереди.
9 Жаратқан Ийе былай дейди: „Калдейлер сөзсиз бизлерден шегинеди“, – деп өзлериңизди алдамаңлар. Олар шегинбейди.
10 Егер сизлер өзлериңизге қарсы урысқа шыққан калдейлердиң пүткил ләшкерлерин қырып тасласаңыз да, оларда тек жарадарлар қалған болса да, олар шатырларынан шығып келип, бул қаланы өртеген болар еди».
11 Фараонның ләшкерлери себепли, калдейлердиң ләшкерлери артқа шегинген ўақытта,
12 Еремия Бенямин жерине барып, халық арасындағы өзиниң пайына түскен жер үлесин алыў ушын Ерусалимнен кетпекши болды.
13 Ол Бенямин дәрўазасына жеткенде, гүзетшилер баслығы Хананияның ақлығы Шелемия улы Ирия Еремияны услап алып: – Сен не, калдейлерге қашып кетпекшимисең? – деди.
14 Еремия оған: – Жалған, мен калдейлерге қашып кетпекши емеспен, – деди. Бирақ Ирия оны тыңламады ҳәм Еремияны услап, ўәзирлердиң алдына алып келди.
15 Ўәзирлер Еремияға ашыўланып, оны сабады, кейин хаткер Ионатанның үйине қурылған зинданға таслады.
16 Еремия зинданға тасланып, ол жерде көп күнлерди өткерди.
17 Бир күни патша Седекия адам жоллап, Еремияны сарайына алдырды. Патша өз сарайында жасырын түрде оннан: – Жаратқан Ийеден қандай да бир сөз бар ма? – деп сорады. Еремия оған: – Бар, сиз Бабилония патшасының қолына түсесиз, – деп жуўап берди.
18 Кейин Еремия Седекия патшаға былай деди: – Мени зинданға таслағандай, мен сизге, хызметкерлериңизге яки бул халыққа не қылдым?
19 «Бабилония патшасы сизге, бул халыққа ҳүжим қылмайды», – деп пайғамбаршылық еткен пайғамбарларыңыз қаяқта?
20 Енди мени тыңлаң, тақсырым, өтиниш қылыўға рухсат бериң. Мени хаткер Ионатанның үйине қайтарып жибермең, болмаса, мен сол жерде өлип кетемен.
21 Патша Седекия Еремияны сақшылар ҳәўлисине қамап қойыўды ҳәм қалада нан пүткиллей таўысылғанша, ҳәр күни оған нанбайханадан бир шөрек алып берип турыўды буйырды. Солай етип, Еремия сақшылар ҳәўлисинде қалды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16