Еремия 32 bob

Еремияның атыз сатып алыўы (1-15), Еремияның дуўасы (16-25), Қудайдың жуўабы (26-44).

1 Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының оныншы жылында Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Сол жылы Набуходоносордың патшалығының он сегизинши жылы еди.
2 Сол ўақытта Бабилония патшасының ләшкерлери Ерусалимди қамал қылып турған, ал пайғамбар Еремия Яҳуда патшасының сарайындағы сақшылар ҳәўлисинде қамақта сақланып атырған еди.
3 Яҳуда патшасы Седекия оны қамап қойып, сен не ушын булай пайғамбаршылық еттиң деди: «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен бул қаланы Бабилония патшасының қолына беремен, ол қаланы басып алады.
4 Яҳуда патшасы Седекия калдейлердиң қолынан қутыла алмайды, ол Бабилония патшасының қолына тапсырылады ҳәм оны өз көзлери менен көрип, оның менен жүзбе-жүз сөйлеседи.
5 Ол Седекияны Бабилонға алып кетеди. Мен Седекияға кеўил аўдармағанымша, ол сол жерде қалады, – дейди Жаратқан Ийе, – Калдейлерге қарсы гүрессеңиз де, жеңиске ериспейсиз».
6 Еремия былай деп жуўап берди: – Маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
7 «Ағаң Шаллумның улы Ханамел келип, саған: „Мениң Анатоттағы атызымды сатып ал. Мениң ең жақын ағайиним болғаның себепли, оны сатып алыўға ҳақың бар ҳәм буған миннетлисең“, – дейди».
8 Соңынан Жаратқан Ийениң айтқанындай, ағамның улы Ханамел сақшылар ҳәўлисине, маған келип: «Бенямин жери аймағындағы Анатоттағы атызымды сатып ал. Оны сатып алып, өз ўазыйпаңды орынла. Оны сатып алса», – деди. Сонда мен бул сөздиң Жаратқан Ийеден түскенин билдим.
9 Кейин мен Анатоттағы атызды ағамның улы Ханамелден сатып алдым. Оған он жети шекел гүмисти өлшеп бердим.
10 Алды-сатты шәртнамасына қол қойып, мөримди бастым ҳәм гүўаларды шақырып, гүмисти өлшеп бердим.
11 Мен нызамқағыйдалары жазылған мөрленген шәртнаманың түп нусқасын ҳәм мөрленбеген бир нусқасын алып,
12 бул алды-сатты шәртнамасын ағамның улы Ханамелдиң, оған қол қойған гүўалардың ҳәм сақшылар ҳәўлисинде мениң менен қамақта отырған барлық яҳудийлердиң көз алдында Махсеяның ақлығы Нерияның улы Барухқа бердим.
13 Олардың көз алдында Барухқа былай деп тапсырма бердим:
14 «Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул алды-сатты шәртнамасының мөрленген ҳәм мөрленбеген нусқаларын алып, узақ ўақыт сақланыўы ушын, ылай гүзеге салып қой.
15 Себеби Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Бул жерде және үйлер, атызлар ҳәм жүзимзарлар сатып алынады».
16 Алды-сатты шәртнамасын Нерия улы Барухқа берип болып, Жаратқан Ийеге дуўа еттим:
17 «О, Қудай Ийе! Уллы қүдиретиң ҳәм созылған қолың менен Сен көклерди ҳәм жерди жараттың. Саған мүмкин емес нәрсениң өзи жоқ.
18 Сен мыңыншы әўладқа шекем мийрим көрсетесең, бирақ әкелериниң айыпларының жазасын балаларына тарттырасаң. Уллы ҳәм күшли Қудай, Сениң атың – Әлемниң Жаратқан Ийеси.
19 Сениң нийетлериң уллы ҳәм ислериң қүдиретли. Сен адамзаттың жолларының ҳәммесин көрип турасаң, ҳәр бир адамға тутқан жолына, исиниң мийўесине жараса қайтарасаң.
20 Сен Мысырда белгилер ҳәм кәраматлар көрсеттиң. Ҳәзирге дейин буларды Израилда ҳәм адамзат арасында көрсетип, ҳәзирги күнге шекем Өзиңди даңққа бөледиң.
21 Белгилер ҳәм кәраматлар менен, күшли ҳәм созылған қолың менен ҳәм уллы айбатың менен халқың Израилды Мысыр жеринен алып шықтың.
22 Ата-бабаларына беремен деп ант ишкен бул жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди оларға бердиң.
23 Олар келип, сол жерди ийелеп алды. Бирақ Саған қулақ аспады, Сениң Нызамыңа сай жасамады ҳәм Сен буйырған ислерди қылмады. Сонлықтан Сен бул апатлардың ҳәммесин олардың басына жаўдырдың.
24 Қара, душпанлар қаланы қолға киргизиў ушын топырақ үймекте. Қылыш, ашлық ҳәм оба себепли қала өзине ҳүжим қылған калдейлердиң қолына түсти. Көрип турғаныңдай, айтқанларың жүзеге асты.
25 О Қудай Ийе, қала калдейлердиң қолына берилген болса да, Сен маған: Гүўалардың қатнасыўында гүмиске атыз сатып ал, – дедиң».
26 Буннан кейин Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
27 – Мен – пүткил адамзаттың Қудайы Жаратқан Ийемен. Маған мүмкин емес нәрсениң өзи бар ма?
28 Сонлықтан Жаратқан Ийе болған Мен былай деймен: «Мен бул қаланы калдейлерге ҳәм Бабилония патшасы Набуходоносорға беремен. Олар қаланы қолға алады.
29 Бул қалаға ҳүжим қылатуғын калдейлер келип, оған от қояды. Үшеклеринде Баал бутына хош ийисли түтеткилер түтеткен ҳәм басқа қудайларға ишимлик садақаларын қуйып, Мениң қәҳәримди келтирген адамлардың үйлерин толық өртеп жибереди.
30 Израил ҳәм Яҳуда халқы жаслығынан Мениң нәзеримде жаўыз болған ислерди иследи. Аўа, Израил халқы қолларының иси менен бәрқулла Мениң ғәзебимди келтирди, – дейди Жаратқан Ийе.
31 – Бул қала бина болғаннан баслап, бүгинге дейин қала халқы Мениң ғәзебимди келтирди. Сонлықтан оны дәргайымнан қуўып жиберемен.
32 Израил ҳәм Яҳуда халқы, олардың патшалары, ҳәмелдарлары, руўханийлери, пайғамбарлары, Яҳуда ҳәм Ерусалим турғынлары – барлығы жаўыз ислер ислеп, Мениң ғәзебимди келтирди.
33 Олар Маған жүзин емес, ал арқасын қаратты. Мен оларға зинҳарлап үйреттим, бирақ олар тыңламады, тәрбиямды алмады, нәсиятымды қабыл етпеди.
34 Мениң атым менен аталатуғын үйге жеркенишли затларын қойып, оны ҳарамлады.
35 Ул ҳәм қызларын Молох бутына арнап отта жағып қурбанлыққа бериў ушын, Баалға арнап Бен-Ҳинном ойпатлығына сыйыныў орынларын қурды. Бундай жеркенишли исти қылып, Яҳуданың гүнаға батыўын Мен буйырмағанман, ҳәтте, бул қыялыма да келмеген».
36 Бирақ сизлер: «Қылыш, ашлық ҳәм иллет себепли Бабилония патшасына бериледи», – деп айтқан бул қала туўралы Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди:
37 «Мен халқымды қәҳәрим, ғәзебим ҳәм ашыўым менен ҳәмме жерге тарқатып жиберген едим, енди оларды жыйнап аламан. Оларды қайтарып бул жерге алып келип, қәўипсизликте жасатаман.
38 Олар Мениң халқым болады, Мен де олардың Қудайы боламан.
39 Олар бәрқулла Меннен қорқып жасайтуғын бир мақсетке бағдарланған жол беремен. Бул олардың өзлери ушын да, өзлеринен кейинги балалары ушын да жақсы болады.
40 Мен олар менен мәңгилик келисим дүземен. Оларға жақсылық қылыўдан қашпайман. Меннен жүз бурып кетпеўи ушын, олардың жүрегине Өзимнен қорқыў сезимин салып қояман.
41 Мен оларға қуўаныш пенен жақсылық қыламан, садықлық пенен шын жүректен ҳәм жан-тәним менен оларды усы жерге орналастыраман».
42 Жаратқан Ийе былай дейди: «Бул халықтың басына уллы апатшылықларды қалай салған болсам, оларға ўәде еткен жақсылықларды да солай жаўдыраман.
43 Сизлердиң: „Калдейлерге берилип, адамсыз ҳәм ҳайўансыз қаңырап қалған жер“, – деп айтып жүрген бул жерде және де атызлар сатып алынады.
44 Бенямин жеринде, Ерусалимниң айланасындағы жерлерде, Яҳуда далаларында, таўлы аймақларда, батыстағы таў етеклеринде ҳәм Негеб жерлеринде атызлар гүмиске сатып алынып, шәртнамаларға қол қойылып, мөр басылып, гүўалар шақырылады. Себеби Мен олардың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен», – дейди Жаратқан Ийе.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16