Еремия 30 bob

Жаратқан Ийениң Өз халқына ўәде бериўи (1-24).

1 Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти.
2 Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай деди: – Саған айтқан сөзлеримниң ҳәммесин бир орама китапқа жаз.
3 Сондай күнлер келеди, – дейди Жаратқан Ийе, – халқым Израил менен Яҳуданың бурынғы абаданшылығын қайта тиклеймен. Мен оларды ата-бабаларына берген жериме қайтарып алып келемен, олар сол жерге ийелик қылады, – дейди Жаратқан Ийе.
4 Израил ҳәм Яҳуда ҳаққында Жаратқан Ийе айтқан сөзлер мыналар:
5 «Жаратқан Ийе былай дейди: Сизлер тынышлық емес, Ала-сапыран ҳәм қорқыныш даўысын еситип турсыз.
6 Енди сораң ҳәм көриң! Еркек бала туўа ма? Неге толғақ тутқан ҳаялдай, Ҳәр бир еркектиң қолын белинде көрип турман? Неге ҳәммесиниң жүзи солғын?
7 Қандай қорқынышлы күн! Оған уқсаған күн басқа болмаған. Бул Яқып урпағы ушын апат ўақты, Бирақ олар оннан қутқарылады.
8 Сол күни, – дейди Әлемниң Жаратқан Ийеси, – Мен мойныңдағы мойынтырықты сындыраман, Буғаўларды қопараман. Артық басқа миллетлерге хызмет етпейди.
9 Оның орнына, Қудайы Жаратқан Ийеге, Мен тахтқа отырғызған, Даўыт әўладынан болған патшаға хызмет етеди.
10 Сен, қулым Яқып, қорқпа, – дейди Жаратқан Ийе, – Қәўетерленбе, Израил! Мен сени қутқарып, узақ елден, Урпақларыңды тутқын болған елинен қайтараман. Яқып, сен қайтып келесең, Бийқәтер ҳәм тыныш жасайсаң. Сени қорқытатуғынлар да болмайды.
11 Ал Мен сениң менен биргемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Сени қутқараман. Сени арасына шашқан, Миллеттиң бәрин жоқ қыламан. Тек сени жоқ қылмайман. Бирақ сени әдалатлық пенен тәрбиялайман, Сени жазасыз қоймайман.
12 Жаратқан Ийе былай дейди: Жарақатларың шыпасыз, Жараң аўыр.
13 Сениң даўаңды ҳеш ким қорғамайды, Жараңа шыпа беретуғын дәри жоқ, Саған ҳеш қандай шыпа жоқ.
14 Ойнасларыңның ҳәммеси сени умытты, Олар сени излемейди. Айыбың аўыр, Гүнаң шексиз болғаны ушын, Сени душпан киби соққыладым, Аяўсыз жазаладым.
15 Неге жарақатың ушын, Шыпасыз дәртиң ушын пәрияд етесең? Қылмысың аўыр, Гүнаң шексиз болғаны ушын, Саған солай иследим.
16 Бирақ сени жалмағанлар, жалманады, Барлық душпанларың, Олардың ҳәр бири сүргин етиледи. Сени талағанлар, таланады, Сени олжа қылғанлардың өзлерин, Мен олжа қыламан.
17 Сени: „Таслап кетилген“, – деп атап, „Сионның ҳеш кимге кереги жоқ“, – деп айтса да, Мен саған шыпа берип, Дәртиңнен жазаман, – дейди Жаратқан Ийе.
18 Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яқыптың шатырының абаданшылығын қайта тиклеймен, Оның турақ жайларына реҳим етемен. Қала қарабақаналары үстине қайта қурылады, Бурынғы орнына сарай салынады.
19 Олардан тәрийиплеў қосықлары, Қуўаныш сеслери еситиледи. Мен оларды көбейтемен, енди азаймайды, Оларды абырайлы қыламан, аяқ асты болмайды.
20 Балалары бурынғыдай өмир сүреди, Жәмийети алдымда беккемленеди. Оларға жәбир көрсеткенлерди жазалайман.
21 Көсеми олардың өзинен болады, Ҳүкимдары олардың арасынан шығады. Мен оны жақынлатаман, Ол Маған жақын болады, Өзинше Маған жақынлаўға ким жүрек етеди? – дейди Жаратқан Ийе. –
22 Сизлер Мениң халқым боласыз, Мен сизлердиң Қудайыңыз боламан».
23 Мине, Жаратқан Ийениң даўылы, Ғәзепке минип, көтерилди. Күшли қуйын көтерилип, Наҳақлардың басына дөнеди.
24 Жүректеги нийетин әмелге асырмағанша, Жаратқан Ийениң лаўлаған ғәзеби сөнбейди. Ўақты келгенде сизлер буны түсинесиз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16