Еремия 28 bob

Жалған пайғамбар Ханания (1-17).

1 Сол жылы, төртинши жылдың бесинши айында, Яҳуда патшасы Седекияның патшалығының басында, гибонлы Аззур улы пайғамбар Ханания Жаратқан Ийениң Ибадатханасындағы руўханийлер менен халықтың алдында маған былай деди:
2 – Израилдың Қудайы Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Бабилония патшасының мойынтырығын сындыраман.
3 Еки жыл өтпей, Бабилония патшасы Набуходоносор бул жерден Бабилонға алып кеткен Жаратқан Ийениң Ибадатханасына тийисли затлардың ҳәммесин қайтарып алып келемен.
4 Және Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония менен Бабилонға сүргин етилген пүткил яҳудалыларды бул жерге қайтарып алып келемен, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен Бабилония патшасының мойынтырығын сындырып таслайман».
5 Сонда мен, Еремия пайғамбар Жаратқан Ийениң Ибадатханасында турған руўханийлердиң ҳәм пүткил халықтың алдында пайғамбар Хананияға
6 былай дедим: – Аўмийин! Жаратқан Ийениң айтқаны келсин! Жаратқан Ийе Өз Ибадатханасынан алып кетилген затларды ҳәм тутқынларды Бабилоннан бул жерге қайтарып, сениң пайғамбаршылық етип айтқан сөзлериңди әмелге асырсын.
7 Бирақ мениң саған ҳәм мына халықтың ҳәммесине айтатуғын сөзимди тыңла.
8 Меннен де, сеннен де бурын жасап кеткен пайғамбарлар көп жерлерге ҳәм уллы патшалықларға қарсы урыс, ашлық ҳәм иллет болады деп пайғамбаршылық еткен.
9 Бирақ тынышлық болады, деп пайғамбаршылық еткен пайғамбардың сөзи жүзеге асқаннан кейин ғана, сол пайғамбарды ҳақыйқаттан да Жаратқан Ийе жибергени белгили болған еди.
10 Сонда Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты алып, сындырды да,
11 топланып турған халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе былай дейди: «Еки жыл өтпей, Мен Бабилония патшасы Набуходоносордың мойынтырығын барлық миллетлердиң мойнынан алып, усылай сындыраман». Буннан кейин, Еремия өз жолы менен кетти.
12 Ханания пайғамбар Еремия пайғамбардың мойнындағы мойынтырықты сындырғанынан кейин көп өтпей, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти:
13 – Барып, Хананияға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сен ағаштан исленген мойынтырықты сындырдың, енди оның орнын темирден исленген мойынтырық ийелейди.
14 Израилдың Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Мен бул миллетлердиң ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносорға хызмет етиўге мәжбүрлеў ушын, мойнына темир мойынтырық салдым, олар оған хызмет етеди. Ҳәтте, жабайы ҳайўанларды да оның ықтыярына тапсырдым».
15 Еремия пайғамбар Ханания пайғамбарға былай деди: – Қулақ сал, Ханания! Сени Жаратқан Ийе жибермеди, сен бул халықты жалғанға исениўге мәжбүр қылдың.
16 Соның ушын Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен сени жер бетинен сыпырып таслайман. Жаратқан Ийеге қыянет етиўге шақырғаның ушын, усы жылы-ақ өлесең».
17 Солай етип, сол жылдың жетинши айында Ханания дүньядан өтти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16