Еремия 26 bob

Халық Еремияны өлтирмекши (1-24).

1 Яҳуда патшасы Иошияның улы Еҳоякимниң патшалығының басында Еремияға Жаратқан Ийениң сөзи аян болды.
2 Жаратқан Ийе былай деди: – Мениң Үйимниң ҳәўлисине барып тур да, Яҳуда қалаларынан сыйыныў ушын сол жерге келгенлердиң ҳәр бирине саған айтыўды буйырған сөзлеримниң бирде биреўин қалдырмай, ҳәммесин айт.
3 Олар қулақ салып, ҳәр бири жаман жолынан қайтыўы мүмкин. Сонда Мен ырайымнан қайтып, олардың жаўыз ислери ушын жаўдырмақшы болған апатты жибермеймен.
4 Оларға айт: «Жаратқан Ийе былай дейди: Егер сизлер Мени тыңламасаңыз ҳәм өзлериңизге берген Нызамымды орынламасаңыз,
5 қайта-қайта жиберген қулларым болған пайғамбарларымның сөзлерине қулақ аспаўды даўам етсеңиз,
6 онда Мен бул Үйди Шило сыяқлы жоқ қыламан. Бул қаланы болса, жер жүзиниң пүткил миллетлери ушын нәлетий қыламан».
7 Руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийениң Үйинде Еремияның айтқан бул сөзлерин еситти.
8 Еремия Жаратқан Ийениң пүткил халыққа айт деп өзине буйырған сөзлериниң ҳәммесин айтып болыўдан, руўханийлер, пайғамбарлар ҳәм пүткил халық Еремияны тутып алып:– Сен сөзсиз өлесең!
9 Неге сен: «Бул Үй Шилодай болады, ал бул қала адамсыз қарабақанаға айланады», – деп, Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық етесең? – деди. Жаратқан Ийениң Үйинде пүткил халық Еремияның айналасына топланды.
10 Яҳуда басшылары буны еситкенде, олар патшаның сарайынан Жаратқан Ийениң Үйине келди ҳәм Жаратқан Ийениң Үйиниң Таза дәрўазасының кирер аўзындағы өз орынларына отырды.
11 Сонда руўханийлер менен пайғамбарлар басшыларға ҳәм пүткил халыққа: – Өз қулақларыңыз бенен еситкениңиздей, бул адам усы қалаға қарсы пайғамбаршылық қылды. Сонлықтан бул адам өлим жазасына ылайықлы! – деди.
12 Сонда Еремия барлық басшыларға ҳәм пүткил халыққа былай деди: – Жаратқан Ийе мени бул Үй ҳәм қала ҳаққында жаңа еситкен сөзлериңизди пайғамбаршылық етиў ушын жиберди.
13 Енди жолларыңызды ҳәм ислериңизди дүзетип, Қудайыңыз Жаратқан Ийеге қулақ салың. Сонда Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, сизлерге жиберемен деген апатын жибериўден ўаз кешеди.
14 Маған келсек, мен сизлердиң қолыңыздаман, көзиңизге не жақсы ҳәм дурыс болып көринсе, соны ислең.
15 Бирақ мынаны билип қойың: егер мени өлтирсеңиз, бул қала да, оның турғынлары да, сизлер де төгилген бийгүна қан ушын жуўапкер боласыз. Ҳақыйқаттан да, бул сөзлердиң ҳәммесин қулағыңызға жеткериў ушын мени Жаратқан Ийе сизлерге жиберди.
16 Сонда басшылар менен пүткил халық руўханийлер менен пайғамбарларға: – Бул адам өлимге ҳүким етилмеўи керек. Ол бизлерге Қудайымыз Жаратқан Ийениң атынан сөйледи, – деди.
17 Сонда сол жердиң ақсақалларынан бир нешеси алдыға шығып, жыйналған халыққа былай деди:
18 – Яҳуда патшасы Хизкияның дәўиринде морешетли Миха пайғамбаршылық етип, пүткил Яҳуда халқына былай деген еди: «Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: Сион егин майданы киби сүрилип, Ерусалим қарабақанаға айланады, Ибадатхана турған таўды, Тоғай қаплайды».
19 Буның ушын Яҳуда патшасы Хизкия ямаса Яҳуда халқынан бири Миханы өлтирип пе еди? Қайтама, Хизкия Жаратқан Ийеден қорқып, Оннан реҳим сораған жоқ па еди? Жаратқан Ийе де ырайынан қайтып, оларға жиберемен деген апатын жибермей қойған жоқ па еди? Бизлер болсақ, өзимизге үлкен апат жаўдырайын деп турмыз.
20 Кирят-Яримнен Шемая улы Урия деген бир адам да Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылып жүрген еди. Ол да тап Еремияға уқсап, бул қала ҳәм елге қарсы пайғамбаршылық қылды.
21 Патша Еҳояким өзиниң әскербасылары ҳәм барлық ҳәмелдарлары менен оның сөзлерин еситкенде, оны өлтирмекши болды. Урия буны еситкенде қорқып кетип, Мысырға қашып кетти.
22 Патша Еҳояким Ахбор улы Элнатанды бир неше адамлар менен Мысырға жиберди.
23 Олар Урияны Мысырдан алып шығып, Еҳояким патшаға алып келди. Ол Урияны қылыш пенен өлтирип, денесин қарапайым халық жерленетуғын мазарға ылақтырды.
24 Бирақ Шафан улы Ахиқам Еремияны қорғағаны себепли, Еремия өлтирилиў ушын халықтың қолына берилмеди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16