Еремия 22 bob

Шаллум патша туўралы билдириў (10-12), Еҳоякин патша туўралы билдириў (13-19), Ерусалим туўралы билдириў (20-23), Еҳонияның жазаланыўы (24-30).

1 Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда патшасының сарайына бар да, мына сөзди оған аян ет:
2 «Ҳәй, Даўыттың тахтында отырған Яҳуда патшасы, сен, ҳәмелдарларың ҳәм бул дәрўазадан өтетуғын халқың, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
3 Жаратқан Ийе былай дейди: Әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырың. Тоналғанды езиўшиниң қолынан азат етиң. Келгиндиге, жетимге ҳәм жесирге наҳақлық қылмаң ҳәм азар бермең. Бул жерде айыпсыз қан төкпең.
4 Егер бул буйрықты муқыят орынласаңыз, онда Даўыттың тахтында отырған патшалар атларға ҳәм арбаларға минип, олардың өзлери де, хызметкерлери де, халқы да усы сарай дәрўазаларынан киреди.
5 Егер бул буйрықты орынламасаңыз, тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – бул сарай қарабақанаға айланады.
6 Себеби Жаратқан Ийе Яҳуда патшасының сарайы туўралы былай дейди: Сен Мениң көзиме Гиладтай, Лебанонның шыңындайсаң. Бирақ Мен сени шөл далаға, Адамсыз қалаға айландыраман.
7 Саған қуртыўшыларды жиберемен, Ҳәр бириниң қолында қуралы бар, Олар сениң сарайыңа қолланған кедрлериңди, Отқа ылақтырады.
8 Көп миллетлер бул қала жанынан өткенде, бир-бирине: „Бул уллы қаланы Жаратқан Ийе не ушын бундай қылды екен?“ – дейди.
9 Оларға былай деп жуўап бериледи: „Олар өзлериниң Қудайы Жаратқан Ийениң келисимин бузып, басқа қудайларға табынып, оларға хызмет етип кетти“».
10 Өлген патша ушын жоқлаў айтпаң, ол ушын аза тутпаң, Жақсысы, тутқын болған патша ушын жылаң, Ол қайтып келмейди, Ана журтын көрмейди.
11 Әкеси Иошияның орнына Яҳуданың патшасы болған ҳәм ол жерден шығып кеткен Иошия улы Шаллум туўралы Жаратқан Ийе былай дейди: «Ол бул жерге қайтып келмейди.
12 Ол тутқын қылып алып барылған жеринде өледи ҳәм артық бул жерди көрмейди».
13 Сарайын әдалатсызлық пенен, Жоқарғы бөлмелерин нызамсызлық пенен салған, Жақын адамларын ешейин жумсап, Мийнет ҳақысын бермеген ҳәсирет шегеди!
14 «Жоқарғы бөлмелерин кең қылып, Өзим ушын зәўлим сарай саламан», – дейди биреў. Оған көп айналар қойып, Кедр ағашы менен қаплап, Оны қызыл реңге бояйды.
15 Кедр ағашын көп қолланған менен, Патша болып қаласаң ба? Әкең тойып ишип-жегени менен, Әдил ҳәм туўры ислерди иследи, Сонлықтан ислери табыслы болды.
16 Ол жарлы ҳәм бийшараның ҳуқықын қорғады, Сол себепли абадан турмыс кеширди. Мени таныўдың мәниси усы емес пе? – дейди Жаратқан Ийе. –
17 Бирақ сениң көзиң ҳәм жүрегиң, Ҳарам пайданы, айыпсыз қан төгиўди, Зулым ҳәм зорлық қылыўды қәлейди.
18 Сонлықтан Жаратқан Ийе Яҳуда патшасы Иошия улы Еҳояким туўралы былай дейди: «Ўай-ўай, туўысқаным! Ўай-ўай, баўырым!» – деп, Ол ушын жоқлаў айтылмайды. «Ўай-ўай, мырзам! Ўай-ўай, тақсырым!» – деп, Ол ушын жоқлаў айтып жыламайды.
19 Оның өлигин Ерусалим дәрўазасынан сыртқа шығарып таслап, Ешектиң өлигин көмгендей етип жерлейди.
20 Ерусалим, Лебанонға шығып, пәрияд ет. Даўысың Башаннан еситилип турсын, Абаримнен пәрияд ет, Себеби барлық ойнасларың қырылды.
21 Абаданшылықта болғаныңда саған ескерттим, Бирақ сен: «Мен тыңламайман», – дедиң. Жаслығыңнан солай ислеп, Мени ҳеш тыңламадың.
22 Барлық басшыларыңды самал ушырып кетеди, Аўқамласларыңды сүргин қылып алып кетеди. Сонда ислеген зулымлықларың ушын, Уятқа қалып, шерменде боласаң.
23 Ҳәй, Лебанонда жасап, Оның кедрине уя салған! Туўып атырған ҳаялдың толғағы сыяқлы, Сени шаншыў тутқанда, азаптан ыңырсыйсаң!
24 Өз тирилигим ҳақы ант ишемен, – дейди Жаратқан Ийе, – Ҳәй, Яҳуда патшасы Еҳоякимниң улы Ехония, ҳәтте, сен оң қолымдағы мөр жүзигим болсаң да, сени шығарып ылақтырған болар едим.
25 Мен сени жаныңда қасты барлардың ҳәм өзиң қорқатуғынлардың, Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм калдейлердиң қолына тапсыраман.
26 Сени ҳәм сени туўған ананы киндик қаның тамбаған өзге бир журтқа ылақтыраман. Сизлер сол жерде өлесиз.
27 Сизлер бул жерге қайтып келиўди әрман қыласыз, бирақ қайтып келе алмайсыз.
28 Мына адам – Ехония сынық гүзеге, Керексиз буйымға айланып қалған ба? Не ушын ол ҳәм оның балалары қуўылып, Өзлери билмейтуғын жерге ылақтырып тасланды?
29 Ҳәй елим, елим, елим, Жаратқан Ийениң сөзин тыңла!
30 Жаратқан Ийе былай дейди: Бул адамды зүрядсыз, Өмиринде иси келиспеген адам, деп жазып қой. Себеби енди оның нәсилинен ҳеш бириниң жолы болмас. Ҳеш бири Даўыттың тахтына отырмас, Яҳудада ҳүкимдарлық қылмас.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16