Еремия 21 bob

Жаратқан Ийениң Ерусалимге қарсы шығыўы (1-14).

1 Патша Седекия Малкия улы Пашхур менен Маасея улы руўханий Сефанияны Еремияға жибергенде, Еремияға Жаратқан Ийеден сөз түсти. Пашхур менен Сефания Еремияға:
2 – Бабилония патшасы Набуходоносор бизлерге урыс ашты. Сол себепли бизлер ушын Жаратқан Ийеге жалбарын. Бәлким, Жаратқан Ийе бизлер ушын бурынғыдай әжайып кәраматларынан бирин көрсетип, Набуходоносор елимизден шегинер, – деди.
3 Еремия оларға Седекияға мынаны айтып барыўды тапсырды:
4 – Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: «Сизлердиң сыртқы дийўалларыңызды қамал қылған Бабилония патшасына ҳәм калдейлерге қарсы қолланып атырған қолларыңыздағы қуралларды өзлериңизге қарсы бураман. Олардың ҳәммесин бул қаланың ортасына топлайман.
5 Күшли билегим ҳәм созылған қолым мениң ашыўға, қәҳәрге ҳәм ғәзепке минип, Мениң Өзим сизлерге қарсы урысаман.
6 Мен бул қалада жасаўшылардың ҳәммесин: адамларды да, ҳайўанларды да жоқ қыламан. Олар қорқынышлы иллеттен қырылады.
7 Буннан кейин, – дейди Жаратқан Ийе, – Яҳуда патшасы Седекияны, оның ҳәмелдарларын, бул қаланың турғынларын, яғный иллеттен, қылыштан ҳәм ашлықтан аман қалғанларының ҳәммесин Бабилония патшасы Набуходоносордың ҳәм жанын алыўды қәлеген душпанларының қолына тапсыраман. Набуходоносор оларды қылыштан өткереди, оларға реҳим етпейди, жаны ашымайды, аямайды».
8 Бул халыққа Жаратқан Ийениң былай деп атырғанын айтың: «Мине, Мен өмир жолы менен өлим жолын усынаман.
9 Бул қалада қалған ҳәр бир адам қылыштан, ашлықтан ҳәм иллеттен өледи, ал қаладан шығып, өзлерин қамал қылып турған калдейлерге тәслим болған ҳәр бир адам болса, жанын қутқарып, өмирин сақлап қалады.
10 Мен бул қалаға жақсылық қылыў ушын емес, – дейди Жаратқан Ийе, – ал апатшылық келтириў ушын бет бурдым. Қала Бабилония патшасының қолына бериледи, Ол қалаға от қояды».
11 Яҳуда патшасының үй-ишине айт: «Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
12 Ҳәй, Даўыттың нәсили, Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәр күни азанда әдалатты жүзеге асырың, Жәбирленгенди залымның қолынан азат етиң. Болмаса, қылған жаўызлықларыңыз себепли, Ғәзебим оттай лаўлап жанады, Оны ҳеш ким сөндире алмайды.
13 Ҳәй, ойпатлықтағы бийик жартас, Тегислик үстиндеги Ерусалим! Мен саған қарсыман! – дейди Жаратқан Ийе. – Сизлер: „Ким жоқарыдан асып түсип, бизге қарсы шыға алады? Ким қорғанымызға кире алады?“ – дейсизлер.
14 Мен сизлерди ис-ҳәрекетиңизге жараса жазалайман, – дейди Жаратқан Ийе. – Тоғайларыңызға от беремен, От әтирапыңыздағылардың ҳәммесин жалмайды».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16