Еремия 2 bob

Израилдың Қудайдан узақласыўы (1-37).

1 Жаратқан Ийеден маған сөз түсти:
2 – Барып, мыналарды Ерусалим халқына еситтирип жәрияла: «Жаратқан Ийе былай дейди: Сениң жаслығыңда қандай опадар болғаның, Келиншек ўақтыңдағы сүйиспеншилигиң, Шөлде, егин еге алмайтуғын жерде, Изиме ергениң ядымда.
3 Израил Жаратқан Ийе ушын мухаддес халық, Оның жемисиниң биринши мийўеси. Оннан жегенлердиң барлығы жазықлы болып, Басларына апат жаўды, – дейди Жаратқан Ийе.
4 Яқыптың халқы, Израил халқының барлық тийрелери, Жаратқан Ийениң сөзин тыңлаң!
5 Жаратқан Ийе былай дейди: Меннен узақласатуғындай, Ата-бабаларыңыз Меннен не жаманлық көрди? Жарамсыз бутларға табынып, Өзлери де түкке турғысыз болды.
6 Олар: „Бизлерди Мысырдан алып шыққан, Шөл далада, қумлы ҳәм шуқырлары бар жерлерде, Суўсыз ҳәм қараңғы жерде, Ҳеш ким өте алмайтуғын ҳәм ҳеш ким жасамайтуғын жерде, Бизге жол көрсеткен Жаратқан Ийе қай жерде?“ – деп сорамады.
7 Мийўесинен ҳәм жақсылығынан татсын деп, Мен сизлерди өнимдар бир жерге алып келген едим. Бирақ ол жерге кирип, ийелигимди ҳарамладыңыз, Мүлкимди жеркенишли орынға айландырдыңыз.
8 Руўханийлер: „Жаратқан Ийе қайда?“ – деп сорамады. Қазылар Мени танымады, Халық басшылары Маған қарсы бас көтерди. Пайғамбарлар Баалдың атынан пайғамбаршылық қылып, Пайдасыз нәрселердиң изинен қуўды.
9 Сонлықтан Мен сизлер менен және даўласаман, – дейди Жаратқан Ийе. – Мен сизлердиң балаларыңыздың балалары менен де даўласаман.
10 Киттим жағалаўларына барып көриң, Кедарға адам жоллап, дыққат пенен көзден өткериң. Төмендегидей ўақыя қашан болса да, жүз берген бе екен?
11 Ҳәтте, олардың қудайлары Қудай болмаса да, Өз қудайларынан ўаз кешкен миллет бар ма? Бирақ Мениң халқым өзиниң даңқлы Қудайын, Пайдасыз нәрсеге алмастырды.
12 Ҳәй, көклер, буған таңланып, Қорқыўдан титирең, – дейди Жаратқан Ийе. –
13 Мениң халқым еки жаманлық иследи: Мени, тири суў булағын тәрк етти, Өзлерине суў турмайтуғын, бузық суў сақлағышларды қазып алды.
14 Израил қул ма? Ямаса қул болып туўылған ба? Онда неге ол олжа болды?
15 Күшли арысланлар оған ақырып, даўысын көтерди. Жерин шөлистанға айландырды. Қаласы қарабақанаға айланып, адамсыз қалды.
16 Ноф ҳәм Тахпанхес халқы да, Еңбегиңизди ойып таслады.
17 Өзиңе жол көрсеткен Қудайың, Жаратқан Ийени тәрк еткениң ушын, Бул басыңа түспеди ме?
18 Енди неге Мысырға баратырсаң, Шихордың суўынан ишиў ушын ба? Ассирияға не ушын баратырсаң, Евфрат суўынан ишиў ушын ба?
19 Сизлерди өз жаманлығыңыз жазалап, Опасызлығыңыз гиналайды. Қудайыңыз Жаратқан Ийени тәрк етиўдиң, Меннен қорқпаўдың сизлер ушын қандай жаман ҳәм ашшы екенин, Көрип, билиң, – дейди Әлемниң Ийеси Жаратқан Ийе.
20 Сен узақ ўақыт алдын мойынтырығыңды бузып, Кисенлериңди үзип: „Саған хызмет етпеймен“, – дедиң. Сен ҳәр бир бийик төбешикте, Ҳәр бир қойыў жапырақлы теректиң астында дизе бүгип бузықшылық қылдың.
21 Мен сени ҳасыл туқымнан, Сайланды жүзим ағашынан еккен едим. Бирақ сен неге айнып қалып, Жабайы жүзим ағашына айландың?
22 Енди көп силти суўы менен жуўып, Сабын менен тазаласаң да, Сениң айыпдарлығыңның тамғасы алдымда турады, – дейди Қудай Ийе. –
23 Сен қалайынша: „Мен ҳарам емеспен, Баалларға да ермедим“, – деп айтасаң? Ойпатлықта қылған қылығыңа қарап, Не ислегениңди ойлап көр. Сен өзин ол жақтан бул жаққа урған, Урғашы түйеге уқсайсаң.
24 Сен шөлге үйренген, Қуштарлығың қозғанда, самалға пысқырған қулансаң. Күйге келгенде, оны ким тоқтата алады? Шағылысқысы келгенлер изинен қуўып шаршамайды, Күйге келген айында, оны таўып алады.
25 Аяғыңды жалаңаяқ жуўырыўдан, Тамағыңды шөллеўден сақла. Бирақ сен: „Үмит етпе, мен жат қудайларды сүйемен, Оның изине еремен“, – дедиң.
26 Уры қолға түскенде, шерменде болғанындай, Израил халқы, оның патшалары, басшылары, Руўханийлери, пайғамбарлары масқара болады.
27 Олар терекке: „Мениң әкемсең“, Тасқа: „Сен мени туўдың“, – дейди. Олар Маған жүзин емес, ал арқасын қаратты. Бирақ басларына апат түскенде: „Келип, бизлерди қутқар“, – дейди.
28 Сениң өзиң ушын ислеп алған қудайларың қайда? Апатқа ушырағаныңда, Сени қутқара алатуғын болса, келсин. Яҳуда, қалаларыңның саны қанша болса, Қудайларыңның саны да сонша.
29 Неге Маған даўа қыласыз? Ҳәммеңиз Маған қарсы бас көтердиңиз, – дейди Жаратқан Ийе. –
30 Халқыңды қатал жазаладым, Бирақ олар тәрбиямды алмады. Қылышыңыз жыртқыш арыслан киби, Пайғамбарларыңызды қырып таслады.
31 Сизлер, бул дәўир урпақлары, Жаратқан Ийениң сөзине қулақ түриң: Мен Израил ушын бир шөл, Қара түнек бир жер ме едим? Сонда не ушын халқым: „Бизлер еркинбиз, Енди жаныңа қайтып бармаймыз“, – дейди.
32 Қыз бала тағыншақларын, Келиншек келин кийимин естен шығара ма? Ал Мениң халқым Мени умытты, Сан-санақсыз күнлер өтти.
33 Ойнас табыўға қаншелли устасаң, Ҳәтте, бузық ҳаялға да жолларыңнан үйренетуғын нәрсе бар.
34 Етегиң де бийгүна пақырдың қанына былғанған, Оны сен урлық үстинде усламаған болсаң да, Буларға қарамастан:
35 „Мен айыпсызбан, Жаратқан Ийениң маған деген қәҳәри анық сөнди“, – дейсең. Бирақ: „Мен гүнасызбан“, – дегениң ушын, Үстиңнен ҳүким шығараман.
36 Неге тез-тез жолыңды өзгерте бересең? Ассирияда уятқа қалғаның сыяқлы, Мысырда да уятқа қаласаң.
37 Ол жерден де қолың менен бетиңди жаўып шығасаң. Себеби Жаратқан Ийе сен үмит еткенлерден жүз бурды, Енди олар арқалы табысқа ерисе алмайсаң».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16