Еремия 13 bob

Зығыр белбеў (1-11), Шарап қуйылған мес (12-14), Сүргин жақынласпақта (15-27).

1 Жаратқан Ийе маған: – Барып, зығыр белбеў сатып ал. Оны белиңе байла, бирақ суўға тийгизбе, – деди.
2 Жаратқан Ийениң сөзи бойынша мен белбеў сатып алып, оны белиме байладым.
3 Маған және Жаратқан Ийеден сөз түсти:
4 – Белиңдеги сатып алған белбеўиңди ал да, Параға барып, оны сол жердеги бир жартастың жарығына жасыр.
5 Мен Жаратқан Ийениң буйрығы бойынша барып, белбеўди Параның бойына жасырдым.
6 Арадан көп күнлер өткеннен кейин, Жаратқан Ийе маған: – Тур, Параға бар да, жасырған белбеўиңди ал, – деди.
7 Кейин мен Параға кеттим, жасырған жеримди геўлеп, белбеўди алдым. Бирақ белбеў ширип, ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болып қалған еди.
8 Сонда маған Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
9 «Жаратқан Ийе былай дейди: Мен Яҳуданың тәкаббирлигин ҳәм Ерусалимниң аса менменлигин ширитемен.
10 Бул жаўыз халық қайсар жүрегиниң қәлеўин орынлап, Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартты. Басқа қудайларға ерип, оларға хызмет етти, табынды. Соның ушын, олар да усы белбеў сыяқлы ҳеш нәрсеге жарамайтуғын болады.
11 Белбеўдиң денеге жабысып турғаны сыяқлы, Мен де пүткил Израил ҳәм Яҳуда халықларын Өзиме жақын тутқан едим, – дейди Жаратқан Ийе. – Маған атақ-абырай, алғыс ҳәм даңқ келтиреди деп, олардың Өз халқым болыўын қәледим. Бирақ олар қулақ салмады».
12 – Оларға мына сөзлерди жеткер: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Ҳәмме меслер шарапқа толады». Егер олар саған: «Ҳәмме меслердиң шарапқа толатуғынын бизлер не билмеймиз бе?» – десе,
13 онда оларға былай деп жуўап бер: «Жаратқан Ийе былай дейди: Бул жерде жасайтуғынлардың ҳәммесин – Даўыттың тахтында отырған патшаларды, руўханийлерди, пайғамбарларды ҳәм Ерусалим турғынларының ҳәммесин мәс болғанша шарапқа тойдыраман.
14 Мен оларды бир-бирине, ата-аналарын балаларына қарсы қылып қояман, – дейди Жаратқан Ийе. – Оларды жоқ қылғанымда аямайман, ашынбайман, реҳим де етпеймен».
15 Тәкаббирлик етпей қулақ салып, тыңлаң, Себеби Жаратқан Ийе айтты.
16 Үстиңизге қараңғылық жиберместен, Зулмат таўларында аяғыңыз сүрникпестен алдын, Қудайыңыз Жаратқан Ийени уллылаң. Болмаса, Ол сизлер күтип атырған жарықлықты, Зулматқа айландырып, Тас түнек қараңғы қылады.
17 Егер бул сөзлерге қулақ салмасаңыз, Онда тәкаббирлигиңиз ушын жаным пинҳамы жылайды, Көзлерим ашшы-ашшы жас төгеди. Себеби Жаратқан Ийениң қойлары, Тутқын етип алып кетиледи.
18 Патшаға ҳәм ана ханшаға былай деп айт: «Тахтыңыздан түсип, жерге отырың, Өйткени салтанатлы тажыңыз басыңыздан түсип кетти».
19 Негебтиң қалалары жабылды, Оларды ашатуғын ҳеш ким жоқ. Пүткил Яҳуда сүргин етилди, Бирде бир адам қалмай сүргин етилди.
20 Ерусалим, басыңды көтерип, Арқадан киятырғанларға қара. Саған берилген сүриў, Әжайып сүриў қаяқта?
21 Өзиңе аўқамлас қылып жетистирген адамларыңды, Жаратқан Ийе сениң үстиңнен басшы қылса, не дер екенсең? Сонда толғақ тутқан ҳаялдың азабындай, Сен де азап шекпейсең бе?
22 Ишиңнен: «Не ушын булар мениң басыма түсти?» – дерсең. Айыпларыңның көплиги себепли, Етеклериң ашылды, намысыңа тийилди.
23 Хабашстанлы терисиниң реңин, Қаплан үстиндеги дақларын өзгерте ала ма? Сол сыяқлы, жаўызлық қылып үйренген сизлер де, Жақсылық қыла аласыз ба?
24 Мен сизлерди шөл самалы менен суўырылған, Қаўық сыяқлы ушырып жиберемен.
25 Сениң несийбең, Мен өлшеп беретуғын пайың – усы, – дейди Жаратқан Ийе. – Себеби сен Мени умытып, Жалғанға үмит байладың.
26 Шерменделигиңди көрсетиў ушын, Мен де етегиңди бетиңе дейин көтеремен.
27 Далаларда ҳәм төбешиклер үстинде, Сен қылған жеркенишли ислерди, Қыянетиңди, есиркеп киснеўиңди, Уятсыз бузықшылығыңды көрдим. Ҳәсирет саған, Ерусалим! Пәклениўиң ушын саған және қанша ўақыт керек?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16