Еремия 12 bob

Еремияның шағымы (1-4), Қудайдың Еремияға жуўабы (5-17).

1 Жаратқан Ийе, даўа-арзымды Саған алып келсем, Сен бәрқулла ҳақ болып шығасаң. Сонда да, ҳүким туўралы, Сениң менен сөйлеспекшимен. Не ушын жаманның иси жүриседи? Не ушын сатқынлар тынышлықта жасайды?
2 Оларды Сен отырғыздың, олар тамыр жайып, Өсип, мийўе берди. Атың аўзынан түспейди, Бирақ жүреги Сеннен алыс.
3 Мени болса, Жаратқан Ийе, Сен таныйсаң, Мени көресең, Өзиң ҳаққыңдағы пикирлеримди сынайсаң. Сол адамларды баўызланатуғын қойдай етип сүйреп, Сойылатуғын күн ушын ажыратып, тайынла.
4 Қашанға дейин жер аза тутып, Атызларда шөплер солып жатады? Ол жердиң турғынларының жаман ислери зардабынан, Ҳайўанлар ҳәм қуслар набыт болмақта. Себеби бул халық: «Ол бизлерге не болатуғынын көрмейди», – дейди.
5 – Еремия, пиядалар менен жарысып шаршасаң, Онда атлылар менен қалай жарысасаң? Жазық жерде сүрниксең, Онда Иордан бойындағы қалың тоғайда не қыласаң?
6 Ҳәтте, әкеңниң үй-иши, туўған-туўысқанларың, Саған қыянет етти, Артыңнан қатты сөйледи. Олар саған жақсы сөйлесе де, Оларға исенбе.
7 Мен үйимди тәрк еттим, Ийелигимди таслап кеттим. Жанымдай сүйген халқымды, Душпанларының қолына бердим.
8 Өз халқым Маған тоғайдағы арысландай болды, Маған ырылдады, соның ушын оны жек көремен.
9 Халқым жыртқыш қусқа, Ҳәр тәрептен топылысқа ушыраған жыртқыш қусқа уқсап қалмады ма? Барып, барлық жабайы ҳайўанларды топлаң, Олар Мениң ийелигимди жалмап жутсын.
10 Көп шопанлар жүзимзарымды набыт қылды, Атызымды басқылап таслады, Сүйикли атызымды тақыр шөлге айландырды.
11 Оны ўайран қылды, Кеўип, алдымда нала шегип атыр. Барлық жер ўайран болды, Оған кеўил бөлетуғын ҳеш ким жоқ.
12 Шөлдеги барлық тақыр төбелер арқалы, Қуртыўшылар киятыр. Жаратқан Ийениң, Мениң қылышым, Жердиң бир шетинен екинши шетине дейин қырып жояды. Оннан ҳеш ким аман қалмайды.
13 Олар бийдай егип, тикен орды, Тынбай мийнет етип, рәҳәт көрмеди. Лаўлаған ғәзебим себепли, Зүрәәт ала алмай шерменде болдыңыз.
14 Жаратқан Ийе былай дейди: Халқым Израилға берген мүлкиме қол салған барлық жаман қоңсыларын өз жерлеринен суўырып таслайман. Яҳуда халқын да олар менен бирге суўырып таслайман.
15 Ҳәммесин суўырып таслағанымнан соң, оларға және реҳим етип, ҳәр бирин өз мийрасына, өз жерине қайтып алып келемен.
16 Егер халқыма Баалдың атынан ант ишиўди үйреткени сыяқлы, өзлери де халқымның жолын ықлас пенен үйренип: «Тири Жаратқан Ийе ҳақы ант ишемен», – деп, Мениң атым менен ант ишиўди үйренсе, онда олар да халқымның арасына орналасады.
17 Бирақ Маған қулақ салмаған ҳәр бир миллетти түп-тамыры менен қопарып, набыт қыламан, – дейди Жаратқан Ийе.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16