Еремия 11 bob

Келисимниң бузылыўы (1-17), Еремияға қарсы тил бириктириў (18-23).

1 Еремияға Жаратқан Ийеден мынадай сөз түсти:
2 – Мына келисимниң шәртлерин тыңла! Буларды Яҳуда халқына ҳәм Ерусалим турғынларына баян ет.
3 Оларға айт: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе былай дейди: Бул келисимниң шәртлерине қулақ аспаған адамға нәлет жаўады.
4 Мен атабабаларыңызды Мысырдан, темир ошақтан алып шыққан күнимде оларға былай деп буйрық бердим: „Мениң даўысыма қулақ салың ҳәм буйырған нәрселеримниң бәрин орынлаң. Сонда сизлер Мениң халқым, Мен де сизлердиң Қудайыңыз боламан.
5 Солай ислесеңиз, ата-бабаларыңызға берген антымды орынлап, өзлериңиз ҳәзир ийелеген жерди, сүт ҳәм пал ағып турған жерди беремен“». Сонда мен: – Аўмийин, Жаратқан Ийе, – деп жуўап бердим.
6 Кейин Жаратқан Ийе маған былай деди: – Бул сөзлердиң ҳәммесин Яҳуда қалаларында ҳәм Ерусалим көшелеринде жәриялап, былай деп айт: «Бул келисимниң шәртлерин тыңлаң ҳәм оларды орынлаң.
7 Мен ата-бабаларыңызды Мысырдан алып шыққан күннен тап усы күнге шекем үзликсиз: „Сөзиме қулақ салың“, – деп қатты ескертип келдим.
8 Деген менен, олар тыңламады, қулақ аспады. Қайтама қырсығып, ҳәр бири жүрегиниң жаман қәлеўлери менен жүре берди. Сонлықтан келисимдеги барлық ғарғысты олардың басына жаўдырдым. Мен оларға буларды орынлаўды буйырған едим, бирақ олар орынламады».
9 Соңынан Жаратқан Ийе маған былай деди: – Яҳуда халқы ҳәм Ерусалим турғынлары арасында бир тил бириктириў жүзеге шықты.
10 Олар Мениң сөзлериме қулақ салыўдан бас тартқан ата-бабаларының айыпларына қайта оралды, басқа қудайлардың изине ерип, оларға хызмет етти. Израил халқы да, Яҳуда халқы да Мениң ата-бабалары менен дүзген келисимимди бузды.
11 Сонлықтан Мен, Жаратқан Ийе былай деймен: Мен олардың басына қашып қутыла алмайтуғын апат жаўдыраман. Олар Мени шақырса да, Мен оларға қулақ салмайман.
12 Кейин Яҳуда қалалары менен Ерусалим турғынлары өзлери хош ийисли түтетки түтеткен қудайларына барып, жалбарынады. Бирақ апатшылық келгенде, бул қудайлар оларды ҳасла қутқармайды.
13 Яҳуда, сенде қанша қала болса, қудайларыңның саны да сонша! Жеркенишли бутқа, яғный Баал бутына арнап хош ийисли түтетки түтетиў ушын, Ерусалимде қанша көше болса, сонша қурбанлық орын қурдыңыз.
14 Еремия, сен бул халық ушын дуўа етпе, олар ушын жалбарынба да. Себеби апатшылыққа ушырап Мени шақырғанда, Мен оларға қулақ салмайман.
15 Сүйикли халқымның Ибадатханамда не жумысы бар? Олар көп жаман ислер қылды. Егер жаўызлық қылып атырып, шадланады екен, қалайынша қурбанлық гөши қабыл алынады!
16 Жаратқан Ийе саған «Сулыў мийўели, жасыл жапырақлы зәйтүн ағашы» деген ат берди. Енди болса, күшли ғалмағаллық шаўқымы астында оған от береди, оның шақалары жанып, набыт болады.
17 Бул теректи тиккен Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Өзи сени жоқ қылыўды қарар етти. Өйткени Израил ҳәм Яҳуда халқы жаўызлықлар иследи, Баалға түтеткилер түтетип, Оның ғәзебин келтирди.
18 Жаратқан Ийе маған аян қылды. Олардың жаўыз нийетлерин ашып бергени ушын, мен оннан хабар таптым.
19 Мен болсам, баўызлаўға алып баратырылған жуўас бир қозы сыяқлы едим. Олардың маған қарсы тил бириктиргенин билмедим. Олар: «Келиң, ағашты мийўеси менен жоқ қылайық, Буннан былай, оның аты еске алынбаўы ушын, Тирилер әлеминен кесип таслайық», – деген еди.
20 Әдалатлы ҳүким шығаратуғын, Жүрек-қәлибти сынайтуғын, Әлемниң Жаратқан Ийеси! Даўамды Саған тапсыраман, Олардан қалай өш алғаныңды көрейин!
21 Сонлықтан жанымды алмақшы болып: «Жаратқан Ийениң атынан пайғамбаршылық қылма, болмаса, қолымыздан өлесең», – деген анатотлылар ҳаққында Жаратқан Ийе айтады.
22 Әлемниң Жаратқан Ийеси былай дейди: «Мен оларды жазалайман. Жаслары қылыштан, балалары ҳәм қызлары ашлықтан өледи.
23 Ҳеш бири аман қалмайды. Ҳүким қылынатуғын жылы, Мен анатотлылардың басына апатшылық жаўдыраман».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16