Ўазшы 1 bob

Жумбақлы дүнья (1-11), Даналық излеўдиң пайдасы жоқ (12-18).

1 Булар Даўыттың улының, Ерусалимде патшалық еткен Ўазшының сөзлери:
2 «Бийҳуда, бийҳуда, ҳәммеси бийҳуда!» – дейди Ўазшы.
3 Қуяш астында ислеген барлық мийнетинен Адам не пайда табар?
4 Бир әўлад кетер, бир әўлад келер, Ал дүнья мәңгиге усылай қала берер.
5 Күн шығар, күн батар, Кейин ол шыққан орнына қайтыўға асығар.
6 Самал қублаға есер, кейин арқаға айланар. Ол айланып-айланып есип, Қайтып өз жолына түсер.
7 Барлық дәрьялар теңизге қуяр, Бирақ теңиз ҳеш толмас. Дәрьялар аққан жаққа қайтадан аға берер.
8 Ҳәмме нәрсе жалықтырады, Адам оларды сөз бенен жеткере алмас. Көз көриўден, Қулақ еситиўден тоймас.
9 Алдын не болған болса, және болар. Не қылынған болса, және қайталанар. Қуяш астында ҳеш қандай жаңа нәрсе жоқ.
10 Қандай да бир нәрсе бар ма: «Қараңлар, мынаў жаңалық-ғо», – деп айта алғандай? Бирақ ол нәрсе де әййемнен, бизлерден әсирлер алдын бар еди.
11 Бурын болғанлар еске алынбас, Келешекте болатуғынлар да олардан кейингилер арасында еске алынбас.
12 Мен, Ўазшы, Ерусалимде Израил патшасы едим.
13 Өзимди аспан астында исленип атырған нәрселердиң ҳәммесин даналық пенен изертлеўге ҳәм үйрениўге бағышладым. Қудайдың адам баласына берген жүги қандай аўыр!
14 Мен қуяш астында исленип атырған барлық ислерди көрдим: олардың ҳәммеси бийҳуда, ҳәммеси самалдың изинен қуўғанға уқсайды екен.
15 Қыйсайған морт нәрсени дүзетип болмас, Жоқ нәрсени санап болмас.
16 Мен өзиме өзим былай дедим: «Мине, мен уллылықта ҳәм даналықта Ерусалимде өзимнен алдын бийлик еткенлердиң ҳәммесинен де илгерилеп, озып кеттим. Мол даналық ҳәм билимди ийелеп алдым».
17 Мен өзимди даналықты билиўге, және ақылсызлық пенен ақмақлықты билиўге бағышладым. Сонда буның да самалдың изинен қуўғанға уқсайтуғынын түсиндим.
18 Көп билген сайын, қапашылық та көбейер. Көп түсинген сайын, дәрт те асып барар.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16