Аюп 8 bob

Билдадтың биринши сөзи(1-22).

1 Сонда шуўахлы Билдад Аюпқа былай деди:
2 – Қашанға дейин усы сөзлериңди даўам етесең? Аўзыңнан шыққан сөзлериң даўылға уқсайды.
3 Қудай әдилликти бурмалай ма? Қүдирети күшли Қудай ҳақыйқатты бурмалай ма?
4 Балаларың Оған қарсы гүна иследи. Сонлықтан Қудай да оларды гүналары ушын жазалаған.
5 Бирақ, сен егер Қудайды шақырып, Қүдирети күшли Қудайға жалбарынсаң,
6 Егер сен пәк ҳәм әдил болсаң, Онда Ол саған жәрдемге келип, Сени ылайықлы орынға қайтарады.
7 Сонда басланыўы кишкене болса да, Келешегиң уллы болады.
8 Өтинемен, өткен әўладлардан сорап көр, Олардың ата-бабаларының нелерди излеп билгенин қарап көр.
9 Бизлер кеше туўылдық, ҳеш нәрсе билмеймиз, Бизлердиң жер бетиндеги күнлеримиз көлеңкедей өткинши.
10 Олар саған үйретип, нәсият береди, Жүреклериндеги сөзлерин сөйлеп береди.
11 Батпақлық жоқ жерде папирус өсе ме? Суўсыз жерде қамыс бой соза ма?
12 Ҳәтте, олар көгерип турып, еле орылмай атырып-ақ, Ҳәмме шөплерден бурын қуўрап қалады.
13 Қудайды умытқанлар да келешекте сол күйге түседи, Қудайсызлардың үмити де солай қурыйды.
14 Олардың исенгени морт, Сүйенгени өрмекшиниң аўындай.
15 Сондай адам өз үйине сүйенсе, үй тура алмайды, Беккем усласа да, ол шыдам бере алмайды.
16 Қудайсыз адам қуяш астында суўы мол жерде өсип турған өсимликке уқсайды, Оның шақалары бағ үстинде жайылып турады.
17 Тамырлары тас үйиндилерин орап алып, Таслардың арасына орналасып алады.
18 Ал егер өсимлик сол жерден жулып тасланса, Сол жердиң өзи оннан танып: «Сени ҳеш қашан көрмедим», – дейди.
19 Оның өмириниң қуўанышы мине, усылай аяқланады! Ал топырақтан болса, басқа өсимликлер өсип шығады.
20 Қудай минсиз адамды тәрк етпейди, Жаўызлық ислегенлерди де қолламайды.
21 Ол және, сениң аўзыңды күлкиге, Еринлериңди шадлық ҳаўазына толтырады.
22 Сонда душпанларың уятқа қалады, Залымлардың шатыры ўайран болады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16