Аюп 7 bob

Аюптың өмирден налыўы(7-21). 

1 Адамның жердеги турмысы аўыр мийнеттен ибарат емес пе? Оның күнлери күнликшиниң күнине уқсамай ма?
2 Адам кешки көлеңкени аңсаған қулға, Мийнет ҳақысын күткен күнликшиге уқсайды.
3 Сол сыяқлы, үлес етип мәниссиз айлар берилди, Пайыма азаплы кешелер тийди.
4 Жатқанымда: «Қашан турар екенмен?» – деп айтаман, Бирақ түн узаққа созылып, Таң атқанша, өрден-ыққа аўнап шығаман.
5 Денемди қурт пенен жара басқан, Терим тесилип, ириң ақпақта.
6 Күнлерим тоқыўшының мәкисинен де тезирек өтпекте, Бирақ үмитсиз жуўмақланбақта.
7 Қудай, өмиримниң бир дем сыяқлы екенин умытпа, Көзим енди қайтып жақсылықты көрмейди.
8 Мени көрип турған көзлериң кейин мени көрмейди, Көзлериң мени излейди, бирақ мен жоқ боламан.
9 Булттың серпилип, жоқ болып кеткениндей, Өлилер мәканына кеткен адам да қайтып келмейди.
10 Ол үйине қайтып келмейди, Жасаған жери де енди оны еске алмайды.
11 Соның ушын аўзыма ерк беремен, Өз дәртимди баян етемен. Жанымның азабы ишинде шағым етемен.
12 Қудайым, Сен маған сақшы қоятуғындай, Мен не, теңиз ямаса теңиз айдарҳасы ма едим?
13 Төсегим маған тәселле берер, Жатсам, дәртим жеңиллесер, деп ойласам,
14 Мени түслер арқалы қорқытып, Аянлар арқалы зәрремди ушырасаң.
15 Бул денеде жасағаннан гөре, Буўылып, өлгеним жақсы еди.
16 Мен жасаўдан тойдым, мәңги жасаўды қәлемеймен, Мени тыныш қой, өмирим өзи бир демдей ғана.
17 Инсан ким өзи, оны сонша қәдирлеп, Оған дыққат қоясаң,
18 Ҳәр таңда оны тексерип, Ҳәр сәтте оны сынайсаң?
19 Қашанға шекем меннен көз үзбейсең? Түкиригимди жутып алғанша да, мени тыныш қоймақшы емесписең?
20 Егер гүна ислеген болсам, Саған не тәсири бар, адамзаттың Гүзетшиси? Не ушын мени Өзиңе нышан қылып қойдың? Мен Саған соншелли жүк болдым ба?
21 Не ушын қылмысларымды кеширип, Гүналарымды меннен алып тасламайсаң? Себеби тез арада топыраққа қайтаман. Мени излейсең, бирақ мен жоқ боламан.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16