Аюп 42 bob

Аюптың тәўбе етиўи(1-6). Жаратқан Ийениң қарары(7-9). Қудайдың Аюпты қайта жарылқаўы(10-17). 

1 Сонда Аюп Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:
2 – Мен билемен, Сениң қолыңнан ҳәмме нәрсе келеди, Нийетиңе кесент етиў де мүмкин емес.
3 Сен: «Билимсизлик пенен Мениң қарарымды қаралап атырған мына адам ким өзи?» – деп сораған едиң. Аўа, мен өзим түсинбеген нәрселер ҳаққында, Ҳасла түсиниўге ақылым жетпейтуғын уллы ислер ҳаққында сөйледим.
4 Сен және: «Сен дыққат пенен тыңла, Мен сөйлейин, Мен сорайын, сен жуўап бер», – деген едиң.
5 Бурын мен Сен туўралы тек қулақларым менен еситкен едим, Ал ҳәзир Сени өз көзлерим менен көрип турман.
6 Сонлықтан бурынғы айтқанларыма өкинип, Тәўбе қылып, топырақ пенен күлде отырман.
7 Жаратқан Ийе Аюп пенен сөйлесип болғаннан соң, теманлы Элифазға тил қатып, былай деди: «Мениң саған ҳәм сениң еки достыңа қәҳәрим келди. Сизлер Мен туўралы қулым Аюп сыяқлы дурыс сөйлемедиңлер.
8 Енди жети буға ҳәм жети қошқар алып, қулым Аюпқа барыңлар ҳәм өзлериңиз ушын жандырылатуғын қурбанлық усыныңлар. Қулым Аюп сизлер ушын дуўа етеди. Мен оның дуўасын қабыл етемен ҳәм ақмақлығыңыз ушын сизлерди жазаламайман. Сизлер Мен туўралы қулым Аюп сыяқлы дурыс сөйлемедиңлер».
9 Солай етип, теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳәм наамалы Софар Жаратқан Ийениң айтқанларын орынлады. Жаратқан Ийе де Аюптың дуўасын қабыл етти.
10 Аюп дослары ушын дуўа еткеннен соң, Жаратқан Ийе оның ҳал- жағдайын бурынғы қәлпине келтирип, бурын болған нәрселериниң ҳәммесин еки есе қылып қайтарып берди.
11 Аюптың аға-инилери, апа- қарындаслары ҳәм оны бурын танығанның ҳәммеси оның үйине келип, Аюп пенен бирге аўқатланды. Олар Жаратқан Ийениң басына салған барлық сынақлары ушын Аюпқа кеўил айтты ҳәм тәселле берди. Олардың ҳәр бири Аюпқа бир теңге гүмис ҳәм бир алтын сырғадан сыйға берди.
12 Жаратқан Ийе Аюптың соңғы күнлерин бурынғысынан да бетер жарылқады. Енди онда он төрт мың қой, алты мың түйе, бир мың жуп өгиз ҳәм мың урғашы ешек болды.
13 Және де, Аюптың жети ул ҳәм үш қызы болды.
14 Ол биринши қызына Емима, екиншисине Кесиа, үшиншисине Керен-Ҳаппух деп ат қойды.
15 Үлкениң ҳеш бир жеринде Аюптың қызларындай сулыў қызлар болмады. Әкеси Аюп қызларына аға-инилери менен бирдей мийрас ажыратып, еншиге берди.
16 Буннан кейин, Аюп және бир жүз қырық жыл жасап, төрт әўлад көрди.
17 Солай етип, Аюп узақ ҳәм мазмунлы өмир сүрип, дүньядан көз жумды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16