Аюп 40 bob

1 Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа және былай деди:
2 – Еркек киби белиңди беккем буў, Мен сорайман, сен жуўап бер.
3 Сен Мени әдалатсызлықта айыпламақшымысаң? Өзиңди ақлаў ушын мени қараламақшымысаң?
4 Сенде Қудайдың, яғный Мениң қүдиретимдей қүдирет бар ма? Даўысың Меники сыяқлы гүркирей ала ма?
5 Егер солай болса, онда өзиңди даңқ ҳәм бәлент мәртебе менен безе, Уллылық ҳәм салтанатқа бөлен.
6 Ғәзебиңди төгип, шаш, Тәкаббирлерге көз салып, оларды бойсындыр.
7 Тәкаббирлерге нәзер салып, оларды диз шөктир. Жаўызларды турған жеринде мылжалап тасла.
8 Олардың ҳәммесин бирге топыраққа көм, Жүзин кепинге орап, қараңғы дүньяға байлап қой.
9 Сонда оң қолыңның сени қутқарғанын, Мен де мойныма алайын.
10 Мына бегемотқа қара, Сени жаратқаным сыяқлы, оны да Мен жараттым. Ол өгиз сыяқлы шөп жейди.
11 Оның белинде не деген күши бар, Қарнындағы булшық етлери қандай беккем!
12 Оның қуйрығы кедр ағашы сыяқлы мықлы, Жамбасындағы сиңирлери өрим-өрим.
13 Сүйеклери қола бөренелерге, Қабырғалары темир бақанларға уқсайды.
14 Бегемот Мениң жаратқанларым ишиндеги ең әжайыбы, Жаратқанның Өзи ғана оған қылыш көтере алады.
15 Таўлар оған азық береди, Ол жерде барлық жабайы ҳайўанлар ойнақлап жүреди.
16 Бегемот лотос жапырағы астында, Батпақлықта өскен қамыслар арасында жатады.
17 Лотос жапырақлары оған көлеңке түсирип, Дәрья бойындағы таллар оны орап турады.
18 Дәрья бурқасынлап ақса да, ол қорқпайды, Иордан тасып, аўзына келсе де, оған тәсир етпейди.
19 Ким оны көзине түспей, тута алады? Ким оның мурнынан илмек өткере алады?
20 Ал Лиўятанды ше, балық услайтуғын қармақ пенен услап, Тилин жип пенен байлай аласаң ба?
21 Оның мурнынан жип өткизип, Жағына қармақ илдире аласаң ба?
22 Ол саған қайта-қайта жалынып-жалбарынып, Сениң менен жыллы сөйлесер ме екен?
23 Саған мәңгиге қул болыў ушын, Сениң менен келисим дүзер ме екен?
24 Қус пенен ойнаған сыяқлы, оның менен ойнай аласаң ба? Ямаса ермек қылыўы ушын, қызларыңа оны байлап бере аласаң ба?
25 Балықшылар оның ушын саўдаласа ма? Саўдагерлер оны өз ара бөлисип ала ма?
26 Оның терисин найза менен, Басын балықшының шанышқысы менен тесе аласаң ба?
27 Қолыңды оған тийгизип көр, Екинши мәрте тийгизбейтуғын боласаң, Бул саўашты да ҳеш қашан умытпайтуғын боласаң.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16