Аюп 4 bob

Элифаздың биринши сөзи(1-21). 

1 Сонда теманлы Элифаз Аюпқа былай деди:
2 – Егер биреў саған сөз айтпақшы болса, Саған аўыр батпай ма? Ақыры, ким сөйлеўден өзин тыйып тура алады?
3 Еслеп көр, сен көплерге тәлим берер, Ҳәлсизлерди жигерлендирип, күш берер едиң.
4 Сениң сөзлериң жығылғанға тирек болып, Дизелери қалтырап, ҳәлсирегенлерге күш беретуғын еди.
5 Ал енди сол нәрселер өз басыңа түскенде, түскинликке түсип қалыпсаң, Өзиң бахытсызлыққа ушырағанда, руўхың түсип кетипти.
6 Қудайдан қорқыўың – исенимиңниң, Минсиз жасаўың – үмитиңниң белгиси емес пе?
7 Ойлап көрши: қашан айыпсыз адам набыт болып, Әдил адам жоқ қылынған еди?
8 Мениң көргеним мынаў: ким жаўызлықты шүдигарлап, Ғам-қайғы туқымын ексе, соны орып алады.
9 Олар Қудайдың үплеген деминен набыт болады, Оның ғәзебиниң даўылынан жоқ болады.
10 Арысланлар ақырып, ырылдассын, Бирақ Қудай жыртқыш арысланлардың тислерин сындырады.
11 Сонда арыслан олжасыз өлип кетеди, Жетим қалған балалары тарап кетеди.
12 Маған жасырынша бир сөз келди, Сыбырлысы қулағыма шалынды.
13 Түнги тәшиўишли түстен туўған ойлар ишинде, Адамлар қатты уйқыға шүмген ўақытта,
14 Мени қорқыў бийлеп алып, қалтыратпа басты, Пүткил денем ләрзеге келди.
15 Самал бетимди сыйпап өтти, Сонда төбе шашым тик турды.
16 Бир сүлдер турғандай болды, Бирақ мен оның не екенин түсинбедим. Көз алдымда бир тулға пайда болды, Тынышлық ҳүким сүрди ҳәм мен өлпең даўысты еситтим:
17 «Басында өлими бар адам Қудайдың алдында әдил бола ала ма? Адам өз Жаратыўшысының алдында пәк бола ала ма?
18 Қудай, ҳәтте, Өзиниң аспандағы хызметшилерине де исенбейди, Ҳәтте, периштелеринен де кемшилик табады.
20 Сонда тийкары топырақтан болған, Ылайдан жаратылған, Жәнликтей аңсат женшилип қалатуғынларға не болады?
21 Олар күн шыққаннан ымырт жабылғанға шекемги аралықта набыт болады, Олардың мәңгиге жоқ болғанын байқамай да қаласаң.
22 Олардың шатырларының ишиндеги жиплери үзилген, Даналықтан хабарсыз өлип кетеди».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16