Аюп 39 bob

1 Сен таў ешкисиниң қашан туўатуғынын билесең бе? Ямаса суўынның балалағанына қарап турғанбысаң?
2 Олардың қанша ай буўаз болып жүретуғынын билесең бе? Олардың балалайтуғын ўақтын ше?
3 Олар толғатқанда, жүресине отырып, Баласын дүньяға келтиреди.
4 Олардың балалары ашық жайлаўларда өсип, күшке толады, Кейин кетип, қайтып келмейди.
5 Қуланға еркинлик берген ким? Жабайы ешектиң арқанын шешип таслаған ким?
6 Мен шөл даланы оған үй, Шорлы жерлерди мәкан қылып бердим.
7 Ол қаладағы шаўқым-сүрен үстинен күледи, Мал айдаўшының бақырысын еситпейди.
8 Ол отлаў ушын таўларды шарлап, Өзине көк жайлаў излейди.
9 Жабайы буға саған хызмет етиўге ыразы болып, Сениң қораңдағы ақырыңның жанында түнер ме екен?
10 Жериңди айдатыў ушын, Оны жүўенлеп, гүндеге қоса аласаң ба?
11 Күшли деп, оған исене аласаң ба? Аўыр ислериңди оған тапсыра аласаң ба?
12 Жабайы өгиздиң егиниңди тасып, Қырманыңа алып келетуғынына исенесең бе?
13 Түйеқус қанатларын гәрдийип қақса да, Ол ләйлектиң қанат ҳәм пәрине жетпейди.
14 Түйеқус мәйеклерин жерге қалдырып кетеди, Ал қум оларды жылытады.
15 Мәйеклер аяқ астында қалып, езиледи, Жабайы ҳайўан оларды басып кетпей ме, буны ҳеш ойламайды.
16 Түйеқус өз балаларына басқаники сыяқлы қатал, Мийнетиниң күйип кетиўинен қәўетерленбейди.
17 Өйткени Мен оны даналықтан маҳрум еткенмен, Оған ақыл да бермегенмен.
18 Бирақ түйеқус қанат жайып жуўырғанда, Ат ҳәм шабандозды изде қалдырып, үстинен күледи.
19 Атқа күш берген, Оның желкесине жал өсирген,
20 Оны шегиртке киби секиретуғын қылған сен бе едиң? Оның пысқырып киснегениниң өзи қорқынышлы.
21 Ат туяқлары менен жер тепсинип, өз күшине қуўанып, Душпанның үстине қарай шабады.
22 Ол қорқыныш үстинен күлип қарап, ҳеш нәрседен сескенбейди, Қылыштан да қаймықпайды.
23 Оқ салынған қап үстинде шыңғырлайды, Найза ҳәм семсер жалтылдайды.
24 Ғәзеп пенен рейимсиз жерди тепкилеп, Кәрнай сестин еситкенде, бир жерде турмайды,
25 Кәрнай шертилген сайын киснеп, Саўаштың ийисин алыстан сезеди, Сәркәрдалардың шаўқым-сүренлерин еситеди.
26 Қаршығаның қублаға қарай қанат жайып, Бийиклеп ушатуғыны сениң даналығыңның арқасы ма?
27 Бүркит сениң буйрығың менен көтерилип ушып, Бийикликке уя сала ма?
28 Ол жартаслар үстине мәкан басып, сол жерде жасайды, Жартастың уша басы – оның қорғаны.
29 Ол сол жерде турып, аң аўлайды, Оның көзлери олжасын узақтан көреди.
30 Палапанлары қан сорыйды, Өлик қай жерде болса, ол да сол жерде болады.
31 Жаратқан Ийе сөзин даўам етип, Аюпқа былай деди:
32 – Қүдирети күшли Қудай менен тартысып атырған адам енди Оны жолға салмақшы ма? Қудайды айыплап атырған адам жуўап берсин.
33 Сонда Аюп Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди:
34 – Мен санда жоқ бир адамман, Саған не деп жуўап берейин? Енди аўзыма бек боламан.
35 Бир рет сөйледим, бирақ жуўап бере алмадым, Екинши рет сөйледим, бирақ артық сөйлемеймен.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16