Аюп 38 bob

Жаратқан Ийениң Аюп пенен сөйлесиў ушын келиўи(1-41). 

1 Соннан кейин, Жаратқан Ийе қуйын ишинен Аюпқа былай деди:
2 – Билимсиз сөзлериң менен, Даналық шешимлериме гүман келтиретуғындай, сен ким болыпсаң?
3 Еркек киби белиңди беккем буў, Мен сорайман, сен жуўап бер.
4 Мен жердиң негизин орнатқанда, сен қай жерде едиң? Билетуғын болсаң, маған айт.
5 Оның өлшемин белгилеген ким? Оның үстинен жип тартқан ким? Сен оны билесең-ғо!
6 Жердиң тийкарлары нениң үстине қойылған? Оның иргетасын қойған ким?
7 Сол ўақытта таң жулдызлары бирге қосық айтып, Иләҳий барлықлар қуўаныш пенен қышқырысқан еди.
8 Теңиз жер түбинен атылып шыққанда, Оған қапылар қойып, бөгет басқан ким еди?
9 Мен оған бултларды кийим, Қара түнекти жөргек қылдым.
10 Шегаралар белгилеп, Теңизге тәмбиленген қапылар қойдым.
11 Соңынан оған: «Мына жерге дейин келесең, оннан өтпейсең, Сениң өркөкирек толқынларың усы жерде тоқтайды», – дедим.
12 Сен өмириңде бир мәрте болса да, таңға буйрық бердиң бе? Ямаса таң шуғласына орнын белгилеп бердиң бе?
13 Оған жердиң түп-түпкирлерине жетип барып, Залымларды жасырынған жеринен силкип шығарыўды буйырдың ба?
14 Жер жүзи ылайға мөр басылғандай болып, өзгереди, Кийим кийгендей болып безенеди.
15 Залымлар күн нурынан маҳрум етиледи, Көтерилген қоллары сындырылады.
16 Сен теңиздиң суў көзлерине түсип көрдиң бе? Ямаса теңиз түбин изертлеп көрдиң бе?
17 Саған өлилер мәканының дәрўазалары көрсетилип пе еди? Ямаса қара түнектиң дәрўазаларын көрип пе едиң?
18 Жер кеңислигин түсиндиң бе? Егер булардың ҳәммесин билген болсаң, онда түсиндир!
19 Нурдың мәканына алып баратуғын жол қайда? Ал қараңғылықтың мәканы қай жерде?
20 Оларды өз орнына қайтара аласаң ба? Олардың үйине баратуғын жолды билесең бе?
21 Аўа, сен билесең! Сен олардан бурын туўылғансаң! Жүдә узақ өмир көрип атырсаң!
22 Сен қар сақланатуғын жерге кирдиң бе? Ямаса буршақ сақланатуғын жерди көрдиң бе?
23 Мен оларды апат күнлери ушын, Урыс ҳәм саўаш күнлери ушын сақлап қойыппан.
24 Жақтылықтың қай жерден келип, Шығыс самалының қай жерден басланатуғынын билесең бе?
25 Ким нөсер жаўын ушын арна, Жылдырым ушын жол ашты?
26 Адам жасамайтуғын жерлерге, Бос қалған шөллерге жаўын жаўдыратуғын ким?
27 Керексиз қуў шөлди суўға қандырып, Ол жерлерге шөплер өсиретуғын ким?
28 Жаўынның әкеси бар ма? Шық тамшыларын дүньяға келтирген ким?
29 Муз кимниң қурсағынан шықты? Аспаннан түскен қыраўды ким туўды?
30 Суўлар тастай болып қатып қалады, Теңиздиң бети музлап қалады.
31 Үркердиң шынжырларын байлай аласаң ба? Ямаса Орионның жиплерин шеше аласаң ба?
32 Жулдызлар топарын өз ўақтында шығара аласаң ба? Ямаса Жети қарақшыны балалары менен бирге жетелей аласаң ба?
33 Сен аспанға тийисли қағыйдаларды билесең бе? Ямаса сол нызамларды жер бетинде орната аласаң ба?
34 Үстиме нөсер жаўын жаўсын деп, Бултларға бақырып, буйрық бере аласаң ба?
35 Шақмақларға шағыўды буйыра аласаң ба? Олар саған: «Бизлер сениң хызметиңдемиз», – дер ме екен?
36 Жүрекке даналық, Ақылға түсиник берген ким?
37 Бултларды санаўға кимниң даналығы жетеди? Ким аспандағы суў меслерин аўдарып таслай алады?
38 Сонда шаң ылайға айланып, Кесеклер бир-бирине жабысады.
39 Жас арысланлар уясында жасырынып, Урғашы арыслан олжа аңлып, пута астында жатырғанда,
40 Сен урғашы арысланға олжа тутып бере аласаң ба? Ямаса жас арысланлардың қарнын тойдыра аласаң ба?
41 Ғарғаның балалары ашлықтан қаңғып жүрип, Қудайға жалынғанда, Оларды азық пенен тәмийинлейтуғын ким?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16