Аюп 37 bob

1 Буннан жүрегим дирилдеп, Қанасынан шығып кетейин дейди.
2 Тыңлаңлар! Оның гүркиреген даўысына, Аўзынан шыққан сестине қулақ түриңлер!
3 Ол пүткил аспан асты бойлап шақмақ шақтырады, Шақмақтың жалтылдысы жердиң төрт тәрепине жетип барады.
4 Буннан кейин, Қудайдың даўысы гүркиреп шығады, Ол әжайып даўысы менен гүркирейди, Оның даўысы еситилгенде, үзликсиз шақмақ шағады.
5 Қудайдың даўысы әжайып тәризде гүркирейди, Ол бизлердиң ақылымыз жетпейтуғын уллы ислерди ислейди.
6 Ол қарға: «Жерге жаў!» – дейди. Ал нөсер жаўынға: «Нөсер болып қуй!» – дейди.
7 Сонда ҳәр бир адам исин тоқтатады, Барлық адамлар булардың Оның иси екенин биледи.
8 Жабайы ҳайўанлар өз инлерине кирип, Уяларын паналайды.
9 Даўыл өз мәканынан шығып, Күшли самал аяз алып келеди.
10 Қудайдың деминен муз пайда болады, Шексиз суўлар музлап қалады.
11 Қойыў бултларды ығал менен тойдырады, Олар арқалы шақмағын шақтырады.
12 Бултлар Оның басқарыўында айланып жүреди, Пүткил жер бетин айланады, Булардың ҳәммесин Қудай өзлерине буйырғаны ушын ислейди.
13 Ол гейде адамларды жазалаў ушын, Ал гейде жер жүзин суўғарып, Сүйиспеншилигин көрсетиў ушын жаўын жаўдырады.
14 Аюп, мыналарды тыңлаң, Тоқтап, Қудайдың уллы ислери ҳаққында ойлап көриң.
15 Қудайдың бултларды қалай басқаратуғынын, Өз бултларынан шақмақты қалай шақтыратуғынын билесиз бе?
16 Бултлардың аспанда қалай қалқып жүретуғынын, Билими жетик Қудайдың кәраматлы ислерин билесиз бе?
17 Қубла самалы есип, жер бети қуўрап қалғанда, Кийимлериңиз сизди терлеткенде,
18 Қола айна сыяқлы қатты аспанды, Сиз де Қудай сыяқлы жайып жибере аласыз ба?
19 Қудайға не айтыўымыз кереклигин бизлерге үйретиң, Қараңғылықта болғанлығымыз себепли, биз исимизди қорғай алмаймыз.
20 Мениң сөйлеспекши болғаным туўралы Оған биреў хабарлай ма? Ким өзиниң набыт болыўын қәлейди?
21 Самал есип, аспандағы бултларды серпип таслағанда, Жарқыраған күн нурына ҳеш ким қарай алмайды.
22 Қудай арқадан алтын нур таратып келмекте, Ол әжайып салтанатқа бөленген.
23 Бизлер Қүдирети күшли Қудайға жете алмаймыз, Оның қүдирети ҳәм әдиллиги уллы, Әдалатлығы шексиз, Ол ҳеш наҳақлық қылмайды.
24 Сонлықтан, ҳәй адамлар! Оннан қорқыңлар! Өзин дана деп билгенлерге Ол итибар бермейди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16