Аюп 35 bob

Элиҳудың ең кейинги сөзи(1-16). 

1 Элиҳу сөзин даўам етип, және былай деди:
2 – Бираз сабыр қылыңлар, мен сизлерге көрсетейин, Еле Қудай ушын айтатуғын сөзлерим бар.
3 Мен билимимди түрли дереклерден топладым, Жаратыўшымның әдиллигин дәлиллеп берейин.
4 Шынында, сөзлерим де жалған емес, Қарсыңызда билими жетик бир адам тур.
5 Әлбетте, Қудай қүдиретли, Бирақ Ол ҳеш кимди пәс көрмейди, Оның қүдирети де, даналығы да шексиз.
6 Ол залымлардың жасай бериўине жол қоймайды, Ал жарлыларға әдалатлық қылады.
7 Ол әдиллерден көзлерин айырмайды, Оларды патшалар сыяқлы тахтқа отырғызып, Мәңгиге мәртебели қылады.
8 Егер әдиллер шынжыр менен байланған, Азап дузағына түсирилген болса,
9 Онда Қудай олардың гүналарын, Менменсип ислеген қылмысларын өзлерине көрсетеди.
10 Тәлим алсын деп, олардың қулақларын ашады, Ҳәм жаўызлықтан бас тартыўды буйырады.
11 Егер олар Қудайға бойсынып, Оған хызмет етсе, Онда олардың қалған күнлери бахытқа, Жыллары шадлыққа толы болады.
12 Ал егер олар Қудайға бойсынбаса, қылыштан өткерилип, Билим алмастан, өлип кетеди.
13 Қудайсызлардың иши ғәзепке толы болады, Қудай оларды кисенлесе де, жәрдем сорамайды.
14 Олар жаслай өледи, Өмири шерменделик пенен аяқланады.
15 Қудай қыйналғанларды шеккен азаплары арқалы қутқарады, Машқалаларға дуўшар етиў арқалы Өзин тыңлайтуғын қылады.
16 Ол сизди де дәрттен азат етип, Қәўипсиз, шекленбеген кеңисликке алып шығар, Дастурханыңызды ләззетли тағамларға толтырар еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16