Аюп 34 bob

Элиҳудың екинши сөзи(1-37). 

1 Элиҳу сөзин даўам етип, былай деди:
2 – Сөзлеримди тыңлаң, ҳәй данышпанлар! Маған қулақ салың, ҳәй билимпазлар!
3 Аўыздың аўқаттың дәмин ажыратқанындай, Қулақ та сөзлердиң мәнисин айырады.
4 Келиңлер, дурыс нәрсени таңлап, Жақсы нәрсени биргеликте анықлап алайық.
5 Мине, Аюп: «Мен айыпсызбан, Бирақ Қудай мени ҳуқықымнан маҳрум етти.
6 Меники дурыс болса да, жалғаншы саналдым, Мен жазықсыз болсам да, дәртиме ем жоқ», – деди.
7 Аюпқа уқсаған адам бар ма? Ол ушын мазақ қылыў суў ишкендей нәрсе!
8 Ол жаманлық ислеўшилер менен дос тутынып, Жаўызлар менен жүреди.
9 Ол былай дейди: «Қудайға унайтуғын ислерди ислеў, Адамға ҳеш қандай пайда келтирмейди».
10 Ҳәй, саналы адамлар, мени тыңлаңлар! Қудай жаўызлық ислеўден аўлақ, Қүдирети күшли Қудай наҳақлық ислеўден аўлақ!.
11 Ол адамның исине сай төлем төлейди, Жүрген жолына сай қайтарады.
12 Ҳақыйқаттан да, Қудай жаманлық қылмайды, Қүдирети күшли Қудай әдилликти бурмаламайды.
13 Жер үстинен ҳүкимдарлық қылыўды Оған ким берди? Ким Оны пүткил дүньяға ҳүкимдар қылып қойды?
14 Егер Қудай Өз руўхын, Демин қайтарып алыўды қарар қылса,
15 Пүткил тири жанлар бирге набыт болар, Адамзат және топыраққа қайтқан болар еди.
16 Ақылыңыз болса, мынаны тыңлаң, Сөзлериме қулақ салың.
17 Әдалатты жек көретуғын адам ҳүкимдар бола ала ма? Әдил ҳәм қүдиретли Қудайды айыпламақшымысыз?
18 Ол патшаға: «Сен жарамассаң», – деп, Ақсүйеклерге: «Сизлер залымсызлар», – дейди.
19 Ол басшыларға жарамсақланбайды, Байды жарлыдан артық көрмейди. Олардың ҳәммесин Өз қоллары менен жаратқан.
20 Олар түн ортасында көзди ашып-жумғанша өлип кетеди, Қалтыратпа тийеди де, жан береди. Күшлилер де адам қолы тиймей-ақ, жоқ қылынады.
21 Қудайдың көзлери адамның жолын гүзетип турады, Ол адам басқан ҳәр бир адымды көреди.
22 Жаўызлық ислеўшилер жасырыныў ушын, Қараңғылық та, түнек те жоқ.
23 Ҳәр қандай адамды ҳүким қылыў ушын, Қудай ўақыт белгилеўи шәрт емес.
24 Ол тексермей-ақ, күшлилерди майдалап таслайды, Олардың орнына басқаларды қояды.
25 Қудай олардың ислерин биледи, Сонлықтан түнде оларды аўдарып таслайды, олар жоқ болады.
26 Оларды залымлығы ушын, Ҳәммениң көз алдында жазалайды.
27 Олар Қудайдың изине ермеди, Оның жолларын итибарға алмады.
28 Олар себепли жарлылардың наласы Оған жетип келди, Азап шеккенлердиң пәриядын еситти.
29 Егер Қудай үндемесе, ким Оны айыплай алады? Егер Ол жүзин жасырса, ким Оны көре алады? Қудай ҳәр бир миллет ушын да, ҳәр бир адам ушын да бирдей.
30 Ол, қудайсызлардың ҳүкимдарлық қылып, Халыққа дузақ қурыўынан сақлайды.
31 Қудайға: «Мен жазамды алдым, Артық жаманлық қылмайман.
32 Көрмегенимди маған үйрет, Наҳақлық қылған болсам, енди ислемеймен», – дейтуғыныңыз бар ма?
33 Сөзлеримнен жүз бурғаныңыз ушын, Қудай сизди сыйлықлаўы керек пе? Мен емес, сиз таңлаўыңыз керек, Не билесиз, айтың.
34 Саналы адамлар, Мени тыңлап турған даналар маған:
35 «Аюп билмегенликтен, солай сөйлеп тур, Оның гәплериниң мәниси жоқ», – дейди.
36 Жаўыз адам сыяқлы сөйлегени ушын, Аюп, сиз ақырына дейин сыналсаңыз еди!
37 Сиз гүнаңызға қозғалаңды да қостыңыз, Арамызда қол шаппатлап, Қудайға қарсы гәпти балалаттыңыз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16