Аюп 33 bob

1 Енди Аюп, айтажағымды тыңлап, Барлық сөзлериме қулақ салың!
2 Мине, аўзымды аштым, Сөзлерим тилимниң ушында дизилип тур.
3 Сөзлерим пәк жүрегимнен шығады, Тилим билгенин ашық айтады.
4 Қудайдың Руўхы мени жаратты, Қүдирети күшли Қудайдың деми маған өмир берди
5 Қолыңыздан келсе, маған жуўап бериң, Алдымда турып, дәлиллер келтириң.
6 Қудайдың алдында мен де сиздеймен, Мен де ылай бөлегинен жасалғанман.
7 Сонлықтан меннен қорқпасаңыз да болады, Қысыўға алыўым сизге аўыр батпасын.
8 Гәплериңизди өз қулақларым менен еситтим, Олар еле қулақларымда жаңлап тур.
9 Сиз былай дедиңиз: «Мен пәкпен ҳәм гүнасызбан, Минсиз ҳәм айыпсызбан.
10 Сонда да, Қудай маған қарсы себеп излеп атыр, Мени Өз душпаны деп санамақта.
11 Ол аяқларыма буғаў салып, Жолларымды гүзетпекте».
12 Бирақ сизге айтайын: бул жерде сиз наҳақсыз, Қудай адамзаттан уллы.
13 «Ҳеш бир сөзиме жуўап бермеди», – деп турып, Неге Оның менен тартысып атырсыз?
14 Қудай ҳәр қыйлы жол менен сөйлейди, Ал буны адамлар аңламайды да.
15 Адамлар терең уйқыға шүмгенде, Төсеклеринде қалғып кеткенде, Түслеринде, көрген аянларында,
16 Қудай олардың қулақларын ашып, Ескертиўлери менен оларды қорқытады
17 Усылайынша, Ол адамды жаман ислеринен қайтарады, Менменликтен сақлайды.
18 Жанын қәбирден, Өмирин қылыштан қутқарады.
19 Ямаса адам төсек тартып жатқарылып, Сүйеклери тынымсыз сырқыраў менен жазаланады.
20 Сонда ол нанға да қарай алмайтуғын болып қалады, Ҳәтте, ең мазалы тағамларға да иштейи болмайды.
21 Азып-тозып, тек сүлдери қалады, Көринбеген сүйеклери енди анық көзге тасланады.
22 Оның жаны қәбирге, Өмири жан алыўшы периштелерге жақынласады.
23 Ал егер мың периштениң ишинде адамды жақлайтуғын, Оған өзи ушын нениң туўры екенин билдиретуғын бир периште бар болса,
24 Оның мийрими түсип: «Оны қәбирге түсиўден аман сақлап қала гөр! Мен оның қунын өтейтуғын төлем таптым», – десе,
25 Сонда адамның денеси жас баланикиндей болып, Оның жаслық шағы қайтып келеди.
26 Соңынан адам Қудайға дуўа етеди ҳәм Қудай оны қабыл етеди. Ол қуўаныш пенен Қудайдың дәргайына келеди, Қудай оның әдиллигин тиклейди.
27 Сонда адам адамлар алдында қосық айтып, былай дейди: «Мен гүна ислеп, ҳақыйқатты бурмаладым, Бирақ оның жазасын тартпадым.
28 Ол жанымды қәбирден қутқарды, Мен жақты дүньяны көрип турман».
29 Мине, Қудай бул нәрселердиң ҳәммесин, Еки емес, үш емес, қайта-қайта тәкирарлайды.
30 Буны адамның жанын қәбирден қайтарыў, Оған өмирдиң нурын көрсетиў ушын солай ислейди.
31 Дыққат қылың, ҳәй Аюп, мени тыңлаң, Үндемең, мен сөйлейин.
32 Егер айтатуғын гәпиңиз болса, айтың, Мен сизиң ақланыўыңызды қәлеймен.
33 Егер болмаса, онда мени тыңлаң, Үндемең, мен сизге даналықты үйретейин.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16