Аюп 32 bob

Элиҳудың биринши сөзи(6-22). 

1 Аюп өз нәзеринде ҳақ болғанлықтан, үш достысы оның менен тартысыўды тоқтатты.
2 Бирақ Аюп өзин ақлап, Қудайды айыплағаны ушын, Рам әўладынан, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳудың Аюпқа ашыўы келди.
3 Сондай-ақ, Аюпты айыплағаны менен, оған жөнли жуўап қайтара алмағаны ушын, оның үш достысына да ашыўы келди.
4 Элиҳу Аюп пенен сөйлесиў ушын өзиниң гезегин күтти. Өйткени басқалардың жасы оннан үлкенирек еди.
5 Бирақ сол үш адамның басқа гәпи жоқлығын көргенде, Элиҳу ашыўға минди.
6 Солай етип, Буз тийресинен болған Барахел улы Элиҳу сөзин баслап, былай деди: – Мениң жасым киши, сизлер болсаңыз жасы үлкенсизлер, Сонлықтан батына алмадым, өз билгенимди сизлерге айтыўға қорқтым.
7 Жасы үлкенлер сөйлесин, Көп жасағанлар даналықтан сабақ берсин, дедим.
8 Бирақ адамға ишиндеги руўх, Қүдирети күшли Қудайдың деми ақыл береди.
9 Сонлықтан тек жасы үлкенлер дана болмайды, Тек көп жасағанлар ғана нениң дурыс екенин түсине бермейди.
10 Сол себепли: «Мени тыңлаң, Мен де өз билгенимди баян етейин», – деймен.
11 Сизлер сөйлегениңизде, мен күттим, Сизлер не айтыўды излеп атырғаныңызда, Ақыллы сөзлериңизге қулақ түрдим.
12 Сизлерди бар дыққатым менен тыңладым. Бирақ ҳеш бириңиз Аюптың наҳақлығын дәлиллей алмадыңыз, Ҳеш бириңиз оның сөзлерине жуўап бермедиңиз.
13 «Бизлер дана жолды таптық: Аюпты адам емес, ал Қудайдың Өзи жеңсин», – демеңлер.
14 Аюп сөзлерин маған қарсы айтпады, Деген менен, оған сизлердиң сөзлериңиз бенен жуўап бермеген болар едим.
15 Сизлер иренжип, сөз таппай отырсызлар, Айтатуғын сөзиңиз де қалмады.
16 Сизлер үндемей, жуўап бермей тура берсеңиз, Мен де күтип тура бериўим керек пе?
17 Мениң де айтар сөзим бар, Мен де өз билгенимди баян етпекшимен.
18 Ишим сөзлерге толған, Ишимдеги руўх мени зорламақта.
19 Жүрегим ашылмаған шарап киби, Жаңа шарап қуйылған мес киби, жарылып кетейин деп тур.
20 Сөйлейин, жаным жай тапсын, Аўыз ашып, жуўап берейин.
21 Мен ҳеш кимниң бет-жүзине қарамайман, Ҳеш кимге жағымпазлық қылмайман.
22 Мен жағымпазлық қылыўды билмеймен, Болмаса, Жаратыўшым мени дәрриў жоқ қылған болар еди.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16