Аюп 31 bob

Аюптың соңғы рет өз айыпсызлығын айтыўы(1-40). 

1 Қызларға қумарланып қарамаў ушын, Көзлерим менен келисим дүздим.
2 Аспандағы Қудайдан алатуғын пайым не болады? Жоқарыдағы Қүдирети күшли Қудайдан берилген мийрасым не болады?
3 Ол әдалатсызлардың басына апат, Жаўызлық қылғанлардың басына бәле жаўдырмай ма?
4 Ол мениң жолларымды көрип, Ҳәр бир адымымды санамай ма?
5 Егер мен жалған жолдан жүрип, Аяғым ҳийлеге асықса,
6 Қудай мени туўры тәрезиге тартсын, Ҳәм Ол мениң пәклигимди билсин.
7 Егер аяқларым туўры жолдан тайған, Жүрегим көзлериме бойсынған, Ямаса қолларым ҳарамланған болса,
8 Онда еккен егинимниң өнимин басқалар жесин, Егинлерим тамыры менен суўырылып қалсын.
9 Егер бир ҳаял арқалы жүрегим азғырылса, Қоңсымның қапысы алдында оның ҳаялын аңлыған болсам,
10 Онда мениң ҳаялым басқаның бийдайын тартсын, Басқа еркеклер оның менен жатсын.
11 Ақыры, бул жеркенишли жынаят, Ҳүким қылынатуғын гүна.
12 Сондай ислер набыт болыў мәканына дейин жандырып баратуғын от болып, Пүткил егинимди тамыры менен күйдирип жиберер еди.
13 Егер қул ҳәм шорыларым маған арыз қылғанда, Мен оларға әдалатсызлық қылған болсам,
14 Онда Қудай орнынан турғанда, мен не қыламан? Ол есап сорағанда, Оған не деп жуўап беремен?
15 Мени анамның қурсағында жаратқан, оларды да жаратпады ма? Бизлерге қурсақта пишим берген бир Қудай емес пе?
16 Егер мен жарлылардың тилегин орынламаған, Жесирлердиң үмитин пушқа шығарған болсам,
17 Ямаса нанымды бир өзим жеп, Жетимлер менен бөлиспеген болсам,
18 Жаслығымнан жетимлерге әкелик қылып келдим, Өмир бойы жесирлерге ғамхорлық қылдым
19 Егер кийими болмағаны ушын жан берип атырғанды, Ямаса жамылатуғын нәрсесиз қалған жарлыны көрип,
20 Оларға қойларымның жүнинен кийим кийгизбеген болсам, Олар да жүректен маған алғыс айтпаған болса,
21 Қазыханада сөзимниң өтетуғынына көзим жетип, Жетимге қол көтерген болсам,
22 Онда қолларым ийнимнен жулынып түсип, Буўынларынан бөлинип қалсын.
23 Мен Қудайдан келетуғын апаттан қорқатуғын едим, Қудайдың уллылығын биле тура, ондай ис қыла алмас едим.
24 Егер алтынға үмит байлаған болсам, Ямаса сап алтынға: «Сен – мениң үмитимсең», – деген болсам,
25 Байлығымның моллығына, Көп нәрсеге қол жеткизгениме мақтанған болсам,
26 Жарқырап турған қуяшқа қарап, Жымыңлаған айдың жүргенине қарап,
27 Жүрегим жасырын азғырылып, Қолларымды сүйип, оларға қарай жайып табынған болсам,
28 Бул да ҳүкимге ылайықлы гүна болар еди. Себеби мен көктеги Қудайға опасызлық қылған болар едим.
29 Егер душпанымның жығылғанын көрип, сүйинген, Апатшылыққа дуўшар болғанын көрип, қуўанған болсам,
30 Оларды ғарғаў арқалы, Аўзыма гүна ислеўге жол қоймадым.
31 Егер шатырымдағылар; «Аюп берген гөштен жеп, Қарнын тойғызбаған бар ма?» – деп сорамаған болса,
32 Ҳеш бир жолаўшы көшеде түнемес еди, Қапым олар ушын бәрқулла ашық еди.
33 Егер басқаларға уқсап, қылмысымды жасырған, Айыпларымды сыр сақлаған болсам,
34 Онда мен аламаннан қорққаным ушын, Урыўласларымның қыйнаўынан қорққаным ушын, Үндемей, қапыдан сыртқа шықпаған болар едим.
35 Қәне, мени тыңлайтуғын биреў болса еди! Мине, мен айтқанларымды тастыйықлап, мөрледим. Қүдирети күшли Қудай маған жуўап берсин! Қәне енди, душпаным айыплаўын жазып, қолыма берсе еди!
36 Сөзсиз, оны ийнимде көтерип, Басыма таждай етип, кийип жүрер едим!
37 Мен Қудайға атқан ҳәр бир адымымның есабын берер едим, Ханзада киби Оған жақынласар едим.
38 Жерим маған қарсы пәрияд еткен болса, Оның қарықлары да бирге нала қылған болса,
39 Пулын төлемей зүрәәтин алған болсам, Оның ийелериниң өлимине себепши болған болсам,
40 Онда бийдай орнына тикен, Арпа орнына жабайы шөплер өсип шықсын. Солай етип, Аюптың сөзи ақырына жетти.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16