Аюп 30 bob

Аюптың өзиниң хорланып атырғаны ҳаққында айтыўы(1-31). 

1 Мине енди, өзимнен жасы киши болғанлар үстимнен күлип отыр. Олардың әкелерин сүриўимди қорыйтуғын ийтлердиң жанына қойыўға да ылайық көрмес едим.
2 Олардың қолларындағы күштен маған не пайда? Олар күш-қуўаттан айырылған.
3 Жоқшылық пенен ашлықтан қурыған, Олар түнде шөлде ҳәм елсиз жерлерде шөп тамырын кемиреди.
4 Путалардың түбинен ашшы шөплер тереди, Теректиң тамыры – олардың аўқаты.
5 Олар халық арасынан қуўып жиберилген, Урыларға бақырғандай, олардың изинен бақырады.
6 Олар сайлардың жыраларында, Жердеги шуқырларда ҳәм жартаслардағы үңгирлерде жасаўға мәжбүр.
7 Олар путалар арасында улысып, Шатлы путалар астында топланады.
8 Олар ақмақ, ата теги белгисиз адамлардың уллары, Оларды елден қамшылап қуўып шыққан.
9 Енди болса, мен олардың балаларының қосығына айландым, Олар ушын күлки болдым.
10 Олар меннен тиксинип, жаныма жоламайды, Бетиме түкириўден де тартынбайды.
11 Қудай мениң оқ жайымның жибин босатып жиберип, мени жерге урғаны ушын, Олар мениң алдымда өзлерин жылаўлай алмайтуғын болды.
12 Бул гәззаплар мениң оң қапталымнан ҳүжим қылып, Аяқларымнан шалып, Өзлериниң набыт қылатуғын жолын маған қарсы таярлайды.
13 Олар жолымды тосып, Басыма түсетуғын апатшылықты тезлетеди, Оларды тоқтататуғын ҳеш ким жоқ.
14 Олар омырылған үлкен тесиктен жапырылып кирип, Топан суўындай үстиме бастырады.
15 Мени қорқыныш басқан, Абырайым самалға суўырылғандай ушып кетти, Дәўлетим де булт киби өтип кетти.
16 Енди жаным мени тәрк етпекте, Қайғылы күнлер мени қоршап алды.
17 Түни менен сүйеклерим сырқырап, Азары тынымсыз жанымды жейди.
18 Қудай қәҳәр менен кийимимнен услап, Шапанымның жағасы сыяқлы мени қылқындырады.
19 Қудай мени ылайға ылақтырды, Мен шаң ҳәм күлге айландым.
20 Қудай, Саған жалбарынаман, маған жуўап бермейсең, Аяққа турсам, маған тек қарап турасаң.
21 Маған реҳимсиз болып кеттиң, Өз күш-қуўатың менен мени қуўғын қылып атырсаң.
22 Қуйын менен мени көтерип алып, ылақтырып, Даўылдың ишинде анда-мында зыңғытасаң.
23 Аўа, мени өлимге, Барлық тири жан ушын тайынланған үйге алып баражағыңды билемен.
24 Азап шегип, жәрдем сорап, пәрияд еткенге, Ҳеш ким қарсы қол көтермес!
25 Күни аўыр болғанлар ушын мен жыламадым ба? Жарлылар ушын жаным ашымады ма?
26 Бирақ мен жақсылықтан үмит қылсам, жаманлық келди, Жақтылықты күтсем, түнек келди.
27 Жүрегим астан-кестен, тыным билмейди, Басыма қайғылы күнлер түскен.
28 Қарайып кеттим, бирақ қуяштан емес, Жыйын арасында турып, жәрдем сорап, пәрияд етемен.
29 Мен сағаллардың туўысқаны, Үкилердиң жолдасы болдым.
30 Терим қарайып, түлеп түспекте, Сүйеклерим ыссылықтан күймекте
31 Лирамның даўысы жоқлаў айтқанлардың, Сыбызғымның даўысы жылағанлардың даўысына айланды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16