Аюп 27 bob

1 Аюп тартысыўын даўам етип, былай деди:
2 – Ҳуқықымнан маҳрум еткен тири Қудай ҳақы, Жанымды ҳәсиретке толтырған Қүдирети күшли Қудай ҳақы ант ишемен:
3 Геўдемде жаным бар екен, Қудай берген дем мурнымда екен,
4 Аўзымнан наҳақ сөз шықпайды, Тилим жалған сөз айтпайды.
5 Сизлерди ҳеш қашан ҳақ деп тән алмайман, Өлгенимше, пәклигимнен бас тартпайман.
6 Әдиллигимде беккем турып, оннан ҳасла жүз бурмайман, Тири екенмен, ҳүжданым мени айыпламас.
7 Душпанымның басына залымның күни, Қарсыласымның басына наҳақтың күни түссин.
8 Қудай қудайсыздың жанын алып, оны жоқ қылғанда, Онда қандай үмит қалады?
9 Қудайсыздың басына апатшылық түскенде, Қудай оның дад салып жылағанын есите ме?
10 Ол қүдирети күшли Қудайдан заўық ала ма? Бәрқулла Қудайды шақыра ала ма?
11 Қудайдың қүдирети ҳаққында сизлерге үйретемен, Қүдирети күшли Қудайдың нийетин сизлерден жасырмайман.
12 Ҳаслында, булардың ҳәммесин өзлериңиз көрдиңиз, Онда неге ҳәммеңиз мәниссиз сөзлерди сөйлей бересиз?
13 Залым адамның Қудайдан алатуғын үлеси, Қысым көрсетиўшиниң Қүдирети күшли Қудайдан алатуғын мийрасы мынаў:
14 Оның балалары қаншелли көп болса да, Олар қылыштан қырылып кетеди, Урпақларының жеткиликли тамағы болмайды.
15 Тири қалғанлары кеселликтен өлип, көмиледи, Жесир қалған ҳаяллары жоқлаў айтып, жыламайды.
16 Жаўыз адам жердиң шаңындай мол гүмис жыйнаса да, Ылайдай мол кийим-кеншек топласа да,
17 Оның топлағанларын әдиллер кийеди, Айыпсызлар гүмислерди бөлисип алады.
18 Жаўыздың салған үйи өрмекшиниң аўындай, Гүзетшиниң шертегиндей ҳәлсиз болады.
19 Ол бай болып, уйқыға кетеди, бирақ артық ондай болмайды. Көзин ашқанда, байлығы жоқ болып шығады.
20 Қорқыныш оны сел киби басады, Түнде дүбелей ушырып кетеди.
21 Шығыс самалы оны ушырып алып кетип, Ол көзден ғайып болады. Оны өз орнынан сыпырып таслайды.
22 Самал аяўсыз оған тасланар, Ол самалдың күшинен қашыўға урынады.
23 Самал оның үстинен күлип, қолларын шаппатлап, Өз орнынан оның изинен ысқырады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16