Аюп 25 bob
1 Сонда шуўахлы Билдад былай деди:
2 – Қудайда бийлик бар ҳәм Ол айбатлы! Ол Өзиниң бийик аспанында тынышлық орнатқан.
3 Оның ләшкерлерин санаўға сан жете ме? Ол жақтылығын кимниң үстине түсирмейди?
4 Сонда инсан Қудайдың алдында қалай әдил бола алады? Ҳаял затынан туўылған қалай пәк бола алады?
5 Ҳәтте, Қудайдың нәзеринде ай да жарық емес, Жулдызлар да пәк емес.
6 Солай екен, инсан Қудайдың көзине қурт сыяқлы, Адам баласы күйе қурты сыяқлы көринер.