Аюп 21 bob

Аюптың жуўабы(1-34). 

1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Сөзлеримди дыққат пенен тыңлаң, Усы сизлердиң маған берген тәселлеңиз болсын.
3 Сабыр қылың, мен де сөйлейин, Сөйлеп болғанымнан кейин мазақ қыларсыз.
4 Маған келсек, мен не адамға арыз қылып атырман ба? Не ушын шыдамсызланбайын?
5 Жағдайыма қараңлар, денеңиз түршигеди, Аўзыңызды қолларыңыз бенен жаўың.
6 Жағдайымды ойласам, қорқыныш бийлеп алады, Денемди қалтыратпа басады.
7 Залымлар не ушын жасаўын даўам етеди, Қартайып, ҳәтте, күш-ғайраты арта береди?
8 Балалары саў-саламат дөгерегинде, Урпақлары көз алдында жүреди.
9 Үйлери қәўипсиз, қорқыўсыз жасайды, Қудайдың ҳасасы үстине дөнбес.
10 Буғаларының төл қойыўы ҳеш босқа кетпес, Сыйырлары бузаўлайды, ҳеш иш тасламас.
11 Балаларын сүриў киби шығарып жиберер, Перзентлери аяқ ойынға түсер.
12 Дәп ҳәм лира сестине қосылып, қосық айтар, Сыбызғы сестине қосылып, кеўил көтерер.
13 Өмирлери заўқы-сапа менен өтип, Өлилер мәканына тынышлық пенен кетер.
14 Сонда да залымлар Қудайға былай деп айтар: «Бизлерди тыныш қой! Сениң жолларыңды билиўди қәлемеймиз,
15 Саған хызмет ететуғындай Қүдирети күшли Қудай, Сен ким болыпсаң? Саған дуўа етиўден бизге не пайда?»
16 Деген менен, олардың абаданлығы өз қолының иси емес, Залымлардың ой-қыяллары меннен аўлақ болсын!
17 Қашан залымлардың шырағы сөнген еди? Қашан олардың басына апат дөнген еди? Қашан Қудай оларға ғәзепленип, жазалаған еди?
18 Қашан олар жел ушырған сабандай, Ямаса даўыл ушырған қаўықтай болған еди?
19 Сизлер: «Олардың гүналары ушын балаларын жазалайды», – дейсизлер, Оннан да, Қудай олардың өзлерин жазаласын, Бул оларға сабақ болады.
20 Олар опат болғанларын өз көзлери менен көрсин, Қүдирети күшли Қудайдың ғәзебин татсын.
21 Өмири таўысылғаннан кейин, Изинде қалған хожалығына не болса да, оларға бәри бир емес пе?
22 Бирақ, ең жоқарыдағыларды да ҳүким ететуғын Қудайға, Ким ақыл үйрете алады?
23 Биреў өлгенинше, күшке толысар, Тыныш ҳәм қайғысыз жасар,
24 Денесин май басып, Сүйеклери кемик болар.
25 Екиншиси қайғыға батып, Өмирден жақсылық көрмей өтип кетер.
26 Ақырында, олар топырақта бирге жатар, Екеўи де қуртқа жем болар.
27 Аўа, мен сизлердиң ойыңызды билемен, Нийетиңиз маған зыян келтириў екенин де билемен.
28 Сизлер: «Сол ақсүйек адамның үйи қай жерде? Залымлардың шатырлары қай жерде?» – дейсизлер.
29 Жолаўшылардан сорамадыңыз ба? Олар берген гүўалықларды қабылламадыңыз ба?
30 Залым адам бәле келген күни аман қалады, Ғәзеп күни оған қутылыў ушын жол ашылады.
31 Жүрген жолын ким оның бетине айтады, Қылмыслары ушын ким оған жаза береди?
32 Ол қәбирге қойылғанда, Қәбириниң басында гүзетши турады.
33 Ҳәмме адамлар оның изине ереди, Алдында жүргенлердиң де сан-санағы жоқ. Гөрдиң топырағы да оған жағымлы болады.
34 Бос гәплериңиз бенен мени қалай жубатасыз? Берген жуўапларыңыздың ҳәммеси жалған.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16