Аюп 20 bob

Софардың екинши сөзи(1-29). 

1 Сонда наамалы Софар Аюпқа былай деди:
2 – Қәўетерли пикирлерим мени жуўап бериўге мәжбүр етпекте, Мен қатты тынышсызланып турман.
3 Мен кеўлиме тийетуғын айыплаўларыңды еситип турман, Сонлықтан ақылым мен ушын жуўап бермекте.
4 Билмес пе едиң әййемнен бери, Адамзат дүньяға келгенли бери,
5 Залымның шадлығы узаққа созылмады, Қудайсыздың қуўанышы бир сәтлик ғана.
6 Оның көкиреги көклерге жетип, Басы бултларға тийсе де,
7 Ол өзиниң дәрети киби мәңгиге жоқ болады. Оны көргенлер: «Ол қай жерде?» – деп сорайды.
8 Ол көрилген түс сыяқлы ғайып болады, оны ҳеш ким таба алмайды, Түнде көринген елестей жоғалып кетеди.
9 Оны көрген көзлер енди көрмейди, Үй-ишиндегилерге қайтып көринбейди.
10 Оның балалары кәмбағаллардан меҳир күтеди, Урпақлары тартып алған мал-дүньясын қайтарып береди.
11 Денесин толтырған жаслық жигери, Оның менен бирге топырақта жатады.
12 Жаманлық оның аўзында татлы көринип, Оны тилиниң астына жасырса да,
13 Оны қәдирлеп, жибермей, Аўзында услап турса да,
14 Ол асқазанда айнып, Ишинде жыланның уўына айланады.
15 Ол жутқан байлықларын қайтарып қусады, Қудай оларды асқазанынан шығарып алады.
16 Ол жыланның уўын сорыйды, Зәҳәрли қара жылан оны шағып өлтиреди.
17 Ағар суўлардың, сүт ҳәм пал ағып турған дәрьялардың, Рәҳәтин көре алмайды.
18 Мийнет пенен ерискенлерин жемей атырып, қайтарып береди, Саўдадан тапқан пайдасынан ләззет алмайды.
19 Себеби ол кәмбағалларды езип, оларды көзге илмеди, Өзи салмаған үйлерди тартып алды.
20 Нәпсиқаўлығы тынышлық бермегенликтен, Өзи унататуғын нәрселердиң ҳеш қайсысын сақлап қала алмайды.
21 Ашкөзлигинен ҳеш нәрсе қалдырмайды, Сонлықтан абаданлығы узаққа созылмайды.
22 Дәўлетли ўақтында басына апат келеди, Апатшылықлар оны жоқ қылады.
23 Қарнын қампайтып толтырып болғанда, Қудай оған лаўлаған ғәзебин шашып, Үстине ғәзебин жаўындай жаўдырады.
24 Залым темир қуралдан қашып кетсе де, Оны қола оқ тесип өтеди.
25 Атылған оқ арқасынан шығады, Өтин тесип өткен ушы жылтырап турады, Өлим қәўпи оны бийлеп алады.
26 Қара түнек оның ғәзийнелерин күтпекте, Адам жақпаған от оны жалмайды, Шатырында қалған соңғы нәрселерин де жағып жоқ қылады.
27 Аспан оның айыбын әшкара етеди, Жер оған қарсы бас көтереди.
28 Оның үйиндеги байлығы жоқ болады, Қудайдың қәҳәрленип, жазалайтуғын күни ҳәммеси селдей болып ағып кетеди.
29 Мине, залымның Қудайдан алатуғын пайы усы, Қудайдың оған беретуғын мийрасы усы.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16