Аюп 2 bob
1 Басқа бир күни иләҳий барлықлар Қудайдың алдына және келгенде, Оның дәргайында турыў ушын, шайтан да олар менен бирге келген еди.
2 Сонда Жаратқан Ийе шайтаннан: – Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге: – Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.
3 Жаратқан Ийе шайтанға: – Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ. Қара, ол еле минсизлигинде беккем турыпты. Ал сен болсаң, айыпсыздан айыпсыз оны жоқ қылыў ушын Мени ийтермеледиң, – деди.
4 Сонда шайтан: – Етке ет дегениндей, адам өз жаны ушын қолындағысының бәрин береди.
5 Қолыңды созып, ет пенен сүйегине зыян тийгизип көр, сонда Аюп жүзиңе тик қарап, нәлет айтады, – деди.
6 Жаратқан Ийе шайтанға: – Яқшы, оны сениң қолыңа беремен, тек оның жанын алма, – деди.
7 Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан шығып кетти ҳәм Аюпты басынан аяғының ушына дейин аўыртатуғын жара менен қаплап таслады.
8 Сонда Аюп күлдиң ортасында отырып, гүзениң сынығы менен жараларын қасып отырған еди.
9 Ҳаялы оған келип: – Сен еле минсиз болыўға тырысып атырсаң ба? Оннан да Қудайды нәлетлеп, кейин өлип қала ғойсеш, – деди.
10 Аюп оған: Сен ақылсыз ҳаяллар сыяқлы сөйлеп турсаң. Сонда не, бизлер Қудайдан тек жақсылықты қабыл етип, жаманлықты қабыл етпеўимиз керек пе? – деп жуўап берди. Соншама азап шексе де, Аюптың аўзынан гүна болғандай сөз шықпады.
11 Аюптың үш достысы: теманлы Элифаз, шуўахлы Билдад ҳәм наамалы Софар Аюптың басына түскен бахытсызлықлары ҳаққында еситкенде, жасап турған жерлеринен шықты ҳәм бир жерде ушырасып, жолға атланды. Олар Аюптың қайғысын бөлисип, оған тәселле бериў ушын оның жанына келди.
12 Дослары Аюпты узақтан көрип, оны зорға таныды. Сонда олар зар еңиреп жылады, кийимлерин жыртып, аспанға қарай топырақ шашып, оны басларына да септи.
13 Дослары жети күн, жети түн Аюп пенен бирге қара жерде отырды. Ҳеш бири оған бир аўыз сөз сөйлемеди, олар Аюптың соншелли қатты қыйналып атырғанын көрип турған еди.