Аюп 19 bob

Аюптың жуўабы(1-29). 

1 Сонда Аюп былай деп жуўап берди:
2 – Қашанға шекем мени қыйнап, Сөзлериңиз бенен мени езесиз?
3 Мине, мени он мәрте кемситтиңиз, Азар бере бериўге уялмайсызлар ма?
4 Егер мениң қәтелескеним ырас болса, Онда ол мениң мойнымда.
5 Өзлериңизди меннен жоқары қойып, Шерменде болғанымды бетиме бассаңыз,
6 Онда билип қойың: Қудай маған наҳақлық қылды, Өз торын үстиме таслады.
7 Мен: «Бул – зорлық», – деп бақырсам да, Ҳеш ким жуўап бермейди. Жәрдемге шақыраман, бирақ әдалатлық жоқ.
8 Қудай жолыма бөгет қойды, өте алмайман, Соқпақларымды қараңғылыққа бүркеди.
9 Ол мени абырайымнан журдай қылып, Басымнан тажымды шешип алды.
10 Мени жән-жақтан қырып жойды, тамам болдым, Ағашты суўырғандай етип, үмитимди түп-тамыры менен суўырып алды.
11 Оның ғәзеби маған қарсы қайнамақта, Ол мени душпан деп санайды.
12 Оның ләшкерлери де маған қарсы атланып, Мени қамал қылыў нийетинде, Шатырым әтирапына орда қурды.
13 Қудай туўысқанларымды меннен узақластырып, Жақынларымды жат қылды.
14 Ағайин-туўғанларым меннен жүз бурды, Досларым мени умытты.
15 Қонақларым да, шорыларым да, Мени жат санап, Өзге адамдай қарасады.
16 Хызметшимди шақырсам, жуўап бермейди, Оған жалыныўым керек.
17 Ҳаялым демимнен тиксинеди, Туўысқанларым меннен жеркенеди.
18 Ҳәтте, кишкене балалар да мени кемситеди, Орнымнан турсам, үстимнен күледи.
19 Жақын досларым меннен жеркенеди, Сүйгенлерим меннен жүз бурды.
20 Ет-терим сүйегиме жабысқан, Тәнимде шықпас жаным ғана бар.
21 Маған ашының, ҳәй досларым, маған ашының! Мени Қудай урды!
22 Неге Қудай сыяқлы сизлер де изимнен қалмайсызлар? Етиме еле тоймадыңыз ба?
23 Қәне енди, сөзлерим жазып қойылса, Орама китапқа жазып қалдырылса!
24 Темир қәлем ҳәм қорғасын менен, Тасқа ойылып мәңгиге қалса!
25 Бирақ мен билемен, Әменгерим тири, Ақырында Ол мен ушын жер бетине келип турады.
26 Денем бузылып кеткеннен кейин болса да, Усы денем менен Қудайды көремен,
27 Оны мен өзим көремен! Оны көретуғын басқаның емес, мениң өз көзлерим болады. Жүрегим қанамнан шығып баратыр!
28 Егер сизлер: «Бизлер оны қалай қуўдалаймыз, Ақыры, мәселениң түп-тамыры онда ғой», – десеңиз,
29 Онда қылыштан қорқың, Себеби Қудайдың ғәзеби басыңызға қылыш дөндиреди, Сонда ҳүким етиўшиниң бар екенин көресиз.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16