Аюп 17 bob

1 Руўхым түскен, өмирим аз қалған, Қәбир мени күтип турыпты.
2 Мазақ қылыўшылар әтирапымды орап алған, Олардың қалай хорлық көрсетип атырғанын көрип турман.
3 Қудай, Өзиң маған кепил бола гөр, Сеннен басқа ким бар мени жақлайтуғын?
4 Сен мениң досларымның ақыл-санасын түсинбейтуғын етип жаўып қойдың, Сонлықтан Сен олардың жеңиске ерисиўине жол қоймайсаң.
5 Өз пайдасын гөзлеп, досларын сатқан адамның, Соқырлығының кесапаты балаларына тийеди.
6 Қудай мени адамлардың тилине түсирди, Олар бетиме түкирди.
7 Қайғыдан көзлерим қараўытып, Денемниң сүлдери қалды.
8 Әдил адамлар буны көрип шоршып кетер, Айыпсызлар қудайсызларға қарсы ғәзеп атына минер.
9 Сонда да әдил адамлар өз жолларына берик қалар, Қоллары таза болғанлар беккемленип бара берер.
10 Қәне, сизлер және бир ҳәрекет етип көриң, Бәри бир араңыздан дана адам таба алмаспан.
11 Мениң күнлерим өтип кетти, Нийетлерим де шилпәрше болды. Жүректеги қәлеўлерим де өлди.
12 Досларым түнди күндизге айландырады, Қараңғы басса да: «Ҳәзир жарық түседи», – дейди.
13 Егер өлилер мәканы мениң үйим болса, Төсегимди қараңғылыққа салайын деп атырсам,
14 Қәбирге: «Сен мениң әкемсең», – десем, Қуртларға: «Сизлер мениң анам ҳәм апа-қарындасларымсыз», – десем,
15 Онда мениң үмитимниң қайда болғаны? Ким мениң үмитимди көре алады?
16 Үмитим мениң менен бирге өлилер мәканына бара ма? Мениң менен бирге топырақ қойнына кире ме?



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16