Аюп 15 bob

Элифаздың екинши сөзи(1-35). 

1 Сонда теманлы Элифаз былай деп жуўап берди:
2 – Қарнын ыссы самалға толтырғандай, Дана адам бундай ҳаўайы сөзлер менен жуўап бере ме?
3 Пайдасыз сөзлер менен айтысып, Мәниссиз гәплер айтып, тартысар ма еди?
4 Ҳақыйқаттан да, сен Қудайдан қорқыўды шетке ысырып қойдың, Оның алдында дуўа етиўди де болар-болмас нәрсе деп санадың.
5 Гүналарың аўзыңа сөз салып тур, Ҳийлекерлердиң тили менен сөйлеп турсаң.
6 Сени айыплап атырған мен емес, ал өз аўзың, Тилиң өзиңе қарсы гүўалық берип тур.
7 Сен не адамзаттың туңғышымысаң? Ямаса төбелер жаратылмастан да бурын туўылғанбысаң?
8 Қудайдың мәжилисине қатнасып, Оны тыңлап па едиң? Ямаса дана адам тек жалғыз өзиңбисең?
9 Сен билип, биз билмейтуғын не нәрсе екен? Сен түсинип, биз түсинбейтуғын не нәрсе екен?
10 Арамызда ақ шашлылар да, ғаррылар да бар, Олардың жасы сениң әкеңнен де үлкен.
11 Қудайдың тәселлеси сен ушын аз болды ма? Саған айтқан жағымлы сөзлери кемлик қылды ма?
12 Не ушын жүрегиң сени алағада қылады? Не ушын көзлериңде ғәзеп оты лаўлап тур?
13 Не ушын Қудайға ашыўланып, Аўзыңа соншелли ерк бересең?
14 Адам қалай пәк бола алады? Ҳаял затынан туўылған бенде қалай әдил бола алады?
15 Қудай Өз периштелерине де исенбейди, Ҳәтте, аспан да Оның нәзеринде пәк емес.
16 Солай екен, наҳақлықты суў киби ишетуғын, Иплас ҳәм бузық инсан оннан бетер емес пе?
17 Қулақ сал, мен саған түсиндиремен, Өзим көргенимди айтып беремен.
18 Даналардың айтқанларын, Ата-бабаларынан үйренип, жасырмай үйреткенлерин айтып беремен.
19 Жер тек олардың ата-бабаларына берилген еди, Олардың арасында жат адамлар жоқ еди.
20 Залым адам өмир бойы азап шегеди, Езиўшилерге берилген жыллар санаўлы.
21 Қорқынышлы даўыслар олардың қулақларынан кетпейди, Тынышлық ўақтында да басқыншылардың ҳүжимине ушырайды.
22 Олар қараңғылықтан қутылыўға үмит етпейди, Олардың тәғдирине қылыштан өлиў жазылған.
23 Олар бир тислем нан излеп сергиздан болар, Қараңғылық күниниң жақынласқанын да билер.
24 Азап ҳәм қайғы оларды қорқынышқа салар, Урысқа таяр турған патша сыяқлы қорқыныш оларды жеңер.
25 Олар қолларын Қудайға қарсы көтерип, Қүдирети күшли Қудайды майданға шақырар.
26 Қалың, беккем қалқанын көтерип, Өжетленип, Оған қарсы жуўырар.
27 Залым адамның бетин май қаплап, Бөкселерине май жыйналған.
28 Олар қарабақанаға айланған қалаларда жасайды, Қулап кетейин деп турған, Қаңырап қалған үйлерде жасайды.
29 Олар байымайды, байлығы узаққа созылмайды, Мал-мүлки жер бетине жайылмайды.
30 Олар қараңғылықтан қутыла алмайды, Олар шақалары жанған терекке уқсайды, Қудайдың деми оларды ушырып жибереди.
31 Бос нәрсеге үмит байлап, өзин алдамасын, Олардың сыйы бослық болады.
32 Ўақты-сааты келмей шаўып тасланады, Артық шақалары көгермейди.
33 Олар көклей мийўеси төгилген жүзим ағашына, Гүллери төгилип, мийўесиз қалған зәйтүн ағашына уқсайды.
34 Қудайсызлардың топары нәсилсиз болады, Парахорлардың шатырларын от жалмап, жоқ қылады.
35 Олар қайғыға ҳәмиледар болып, жаўызлықты туўады, Жүреклери жалғанға толы болады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16