Аюп 13 bob

Аюптың дуўасы(20-28). 

1 Мине, булардың ҳәммесин көзлерим көрди, Қулақларым менен еситип, түсиндим.
2 Сизлердиң билгенлериңизди мен де билемен, Мен сизлерден кем емеспен.
3 Бирақ мен Қүдирети күшли Қудай менен сөйлесип, Даўамды Қудай менен тартысқым келеди.
4 Ал сизлер мени өтирик пенен ыласлайсыз, Ҳәммеңиз пайдасыз тәўиплерге уқсайсыз.
5 Қәне, ҳәммеңиз дым үндемей отырсаңыз, Бул сизлер ушын даналық болар еди.
6 Енди мениң арзымды тыңлап, Келтиретуғын дәлиллериме қулақ салың.
7 Қудай ушын наҳақ сөзлерди айтып, Ол ушын өтирик сөйлеўиңиз керек пе?
8 Еки жүзлилик пенен Қудайды жақлап, Оның сөзин сөйлемекшимисиз?
9 Егер Қудай сизлерди тексерсе, жақсы бола ма? Адамларды алдағандай, Оны да алдайсызлар ма?
10 Еки жүзлилик етип, жасырынша Оны жақласаңыз, Ол сизлерди сөзсиз жазалайды.
11 Оның уллылығы сизлерди қорқытпай ма? Оның айбаты сизлерге ҳүжим қылмай ма?
12 Ескертиўлериңиз күл сыяқлы пайдасыз нақыллардан ибарат, Дәлиллериңиз ылайдан исленген қалқандай ҳәлсиз.
13 Үндемеңлер, мен сөйлеймен, Кейин не болса, болар.
14 Сонлықтан тәўекелге бел байлап, Жанымды қәтерге қойып атырман.
15 Қараңлар, Ол мени өлтирмекши, үмитим қалмады, Бирақ мен жолларымды Оның алдында қорғайман.
16 Сол арқалы қутқарыламан, Қудайсыз адам Оның алдына барыўға жүрек ете алмайды.
17 Сөзлеримди дыққат пенен тыңлаң, Гәплерим қулақларыңызға кирсин.
18 Мине, мен даўа-арзымды таярладым, Ақланатуғынымды билемен.
19 Мениң менен тартысатуғын адам бар ма? Егер биреў мени айыплы деп тапса, үндемей өлип кетемен.
20 Тек мына еки нәрсени сорайман, Қудай, Соны қылсаң, мен Сеннен артық жасырынбайман:
21 Меннен қолыңды тарт, Ҳәм айбатың менен мени қорқытпа.
22 Соңынан мени шақыр, жуўап беремен, Ямаса маған сөйлеўге рухсат берип, Өзиң жуўап бер.
23 Мениң қанша айып ҳәм гүналарым бар? Маған қылмысларым менен гүнамды көрсет.
24 Не ушын жүзиңди жасырасаң? Неге мени душпаным деп санайсаң?
25 Сен самал ушырған жапырақты қорқытпақшымысаң? Қуўрап қалған қаўықты қуўдаламақшымысаң?
26 Сен мен туўралы ашшы айыплар жазып қойып, Балалығымдағы гүналарымды маған мийрас етип, берип атырсаң.
27 Аяқларымды буғаўлап, Жолларымды гүзетип, Изимнен ҳеш қалмайсаң.
28 Сонлықтан шириген нәрседей, Күйе жеген кийимдей ыдырап жоқ болмақтаман.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16