Аюп 10 bob

1 Өмирден тойдым! Енди арзымды еркин айтаман, Ишимдеги ашшы дәрт пенен сөйлеймен.
2 Мен Қудайға былай деймен: «Мени айыплама. Мени не ушын айыплап атырғаныңды айт.
3 Ямаса мени езиў, Яғный Өз қолларың жаратқаннан бас тартыў, Залымлардың нийетлерин қоллаў Саған унай ма?
4 Сениң көзлериң инсанның көзлериндей ме? Ямаса Сен де олар қарағандай қарайсаң ба?
5 Сениң күнлериң де инсанның күнлериндей ме? Жылларың адамның жылларындай ма?
6 Не ушын мениң гүнамды излеп, Айыбымды табыўға асығасаң?
7 Бирақ Сен мениң айыпсыз екенимди, Сениң қолыңнан мени ҳеш кимниң қутқара алмайтуғынын билесең.
8 Сениң қолларың мени соғып, жаратты, Бирақ енди мени пүткиллей жоқ қылмақшымысаң?
9 Мени ылайдан қалай соққаныңды есле. Енди мени және топыраққа қайтармақшымысаң?
10 Сен емес пе, мени анамның қурсағына сүт киби қуйған, Сол жерде мени иримтик киби қойылтқан,
11 Мени тери ҳәм дене менен кийиндирип, Сүйек ҳәм сиңирлер менен бириктирген?
12 Сен маған өмир сыйлап, мийримиңди көрсеттиң, Сениң ғамхорлығың мениң руўхымды қорғады.
13 Бирақ, мине, Сен жүрегиңде мына нәрселерди жасырып қойдың, Сениң нийетиңниң не екенин билемен:
14 Гүна ислесем, мени гүзетип турған боласаң, Буны жазасыз қалдырмайсаң.
15 Егер айыплы болсам, маған ҳәсирет болсын! Бирақ ҳақ болсам да, басымды көтере алмай атырман, Уятқа қалдым, дәртим аўыр.
16 Егер басымды көтерсем, Арыслан киби маған тасланасаң, Қорқынышлы күшиңди қайтадан маған қарсы ислетесең.
17 Маған қарсы жаңадан гүўалар алып келесең, Маған деген ғәзебиңди арттырасаң, Шабыўыл үстине шабыўыл қыласаң.
18 Не ушын туўылыўыма жол қойдың? Ҳеш ким мени көрместен алдын, өлгеним жақсы еди.
19 Ҳеш дүньяға келмегендей болып, Анамның қурсағынан туўры қәбирге қойылғанымда еди.
20 Мениң өмир күнлерим қысқа емес пе? Мени тыныш қой, бир сәт тәселле табайын.
21 Себеби мен қайтып келмес жолға, Тас түнек қараңғылық ҳүким сүрген жерге атланаман.
22 Қойыў қараңғылыққа шүмген жерге, Тәртипке келтирилмеген өлим түнеги елине, Жақтылығы да тас түнек болған жерге кетемен».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16