Аюп 1 bob

Аюп ҳәм оның шаңарағы(1-5). Аюптың дәслепки сыналыўы(6-22). 

1 Ус үлкесинде Аюп атлы бир адам жасайтуғын еди. Ол минсиз ҳәм әдил болып, Қудайдан қорқатуғын, жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам еди.
2 Аюптың жети улы ҳәм үш қызы бар еди.
3 Ол жети мың қой, үш мың түйе, бес жүз жуп өгиз, бес жүз урғашы ешек, сондай-ақ, жүдә көп хызметшилерге ийе болып, шығыста жасайтуғынлар арасында ең бай адам еди.
4 Аюптың уллары үйлеринде гезек пенен зыяпат берип, өзлери менен ишип-жеў ушын, үш апа-сиңлисин де мирәт ететуғын еди.
5 Зыяпат тамам болғаннан кейин, Аюп балаларын шақыртып алып, пәклениў рәсиминен өткеретуғын еди. Ол улларым ишлеринен Қудайға тил тийгизип, гүна ислеп қойған болыўы мүмкин, деп ойлап, азан менен олардың ҳәр бири ушын жандырылатуғын қурбанлық беретуғын еди. Аюп бәрқулла усылай ислейтуғын еди.
6 Бир күни иләҳий барлықлар Жаратқан Ийениң алдына келгенде, олар менен бирге шайтан да келген еди.
7 Жаратқан Ийе шайтаннан: – Сен қай жерден киятырсаң? – деп сорады. Шайтан Жаратқан Ийеге: – Мен жер бетин гезип, оның ҳәмме жерин айланып шықтым, – деп жуўап берди.
8 Жаратқан Ийе шайтанға: – Қулым Аюпқа сер салдың ба? Жер бетинде ол сыяқлы минсиз, әдил, Меннен қорқатуғын ҳәм жаманлықтан аўлақ жүретуғын адам жоқ, – деди.
9 Сонда шайтан Жаратқан Ийеге былай деп жуўап берди: – Аюп Сеннен бийкардан-бийкарға қорқады деп ойлайсаң ба?
10 Оның өзин, үй-ишин ҳәм барлық ийелигин қорғап жүрген Өзиң емессең бе? Сен оның қолы тийген ҳәр бир иске берекет берип атырсаң. Оның пада ҳәм сүриўлери пүткил үлкеге жайылған.
11 Бирақ қолыңды созып, оған тийисли болғанның ҳәммесин жоқ қылсаң, онда ол жүзиңе тик қарап, Саған нәлет айтады.
12 Жаратқан Ийе шайтанға: – Яқшы, Аюпқа тийисли болғанның ҳәммесин сениң қолыңа беремен, бирақ оның өзине зыян тийгизбе, – деди. Солай етип, шайтан Жаратқан Ийениң дәргайынан кетти.
13 Бир күни Аюптың уллары менен қызлары үлкен әжағасының үйинде зыяпат берип, шарап ишип отырған еди.
14 Сонда бир хабаршы жуўырыўы менен Аюпқа келип, былай деди: «Өгизлериңиз жер айдап, ешеклер олардың қасында отлап жүрген еди.
15 Бирден шебалы басқыншылар ҳүжим жасап, хызметшилериңиздиң ҳәммесин қылыштан өткерди ҳәм малларды айдап алып кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
16 Ол сөзин тамамлап үлгермей-ақ, басқа бир хабаршы келип, былай деди: «Аспаннан Қудайдың жалыны түсип, қойларыңыз бенен шопанларыңыз жанып, күлге айланды. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана аман қалдым».
17 Сол адам сөзин тамамлап үлгермей-ақ, үшинши хабаршы жетип келип былай деди: «Калдейлер үш топар болып келип, түйелердиң падасына тасланды. Олар барлық падашыларды өлтирип, түйелерди айдап кетти. Бул хабарды сизге жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана қашып қутылдым».
18 Ол усы сөзлерди айтып турғанда, басқа бир хабаршы келип, былай деди: «Сизиң ул-қызларыңыз үлкен әжағасының үйинде аўқатланып, шарап ишип отырған еди.
19 Бирден шөл тәрептен күшли даўыл көтерилип, жайды төрт тәрепинен соққылай баслады. Үй қулап, оның ишиндегилердиң ҳәммеси өлди. Бул хабарды жеткизиў ушын, жалғыз мен ғана аман қалдым».
20 Сонда Аюп орнынан турды да, қайғыдан шапанын жыртты ҳәм шашын алдырып таслады. Кейин ет-бетинен жерге жығылып, сыйынды.
21 Ол былай деди: «Анамның қурсағынан жалаңаш шыққан едим, Бул дүньядан да жалаңаш қайтаман. Жаратқан Ийе берди, Жаратқан Ийе алды, Жаратқан Ийениң атына алғыслар болсын!».
22 Сонша ис болып өтсе де, олардың ҳеш биринде Аюп гүна ислемеди, Қудайды да айыпламады.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16