Нехемия 5 bob

Нехемияның жарлыларға жәрдем бериўи(1-19). 

1 Сол ўақытлары халық ишинде, еркеклер ҳәм олардың ҳаяллары арасында өз туўысқанлары болған яҳудийлерге деген күшли наразылық жүзеге келди.
2 Олардың базылары: «Бизлер көпшиликпиз, ул- қызларымыз көп. Нан таўып жеп, тиришилик етиўимиз ушын бизлерге бийдай керек», – деди.
3 Ал базылары болса: «Ашлық ўақытта нанымызды табыў ушын, атызларымызды, жүзимзарларымызды ҳәм үйлеримизди гиреўге берип атырмыз», – деди.
4 Және басқалары болса: «Патшаға салық төлеў ушын атызларымыз ҳәм жүзимзарларымыз үстинен үстеме пул алдық.
5 Бизлердиң яҳудий туўысқанларымыз бенен қанымыз бир, балаларымыздың да олардың балаларынан айырмашылығы жоқ. Бирақ бизлер ул-қызларымызды қул етип сатыўға мәжбүр болып атырмыз, қызларымыздың айырымлары әлле қашан шорылыққа сатылды. Атыз ҳәм жүзимзарларымыз енди басқалардың қолына өткенликтен, бизлер шарасыз қалдық», – деди.
6 Мен олардың наразылығы менен усындай сөзлерин еситкенимде, қатты ашыўландым.
7 Бираз ойландым, кейин ақсүйеклер менен басшыларға кейип: – Сизлер өз туўысқанларыңыздан үстеме алып атырсызлар ма? – дедим. Мен усы мәселеге байланыслы үлкен жыйын топладым.
8 Соңынан жыйналғанларға: – Бизлер басқа халықларға сатылған яҳудий туўысқанларымызды күшимиз жеткенше қайтарып сатып алдық. Ал сизлер болсаңыз, өз туўысқанларыңызды сатып атырсызлар. Оларды және сатып алыўымыз ушын ба? – дедим. Олар жуўап таппай, үнсиз турды.
9 Мен оларға және былай дедим: – Ислеп атырғаныңыз жақсы ис емес. Бизге душпан болған халықларға масқара болмаў ушын, Қудайдан қорқып жасаў керек емес пе еди?
10 Мениң өзим, туўысқанларым ҳәм хызметкерлерим менен бирге халыққа қарызға пул ҳәм бийдай берип атырмыз. Бирақ ендигиден былай ол ушын үстеме алыўды тоқтатайық!
11 Ҳәзирден-ақ оларға өзлериңиз тартып алған атызларын, жүзим ҳәм зәйтүн бағларын, үйлерин, үстеме ушын төлеген гүмислерин, бийдайын, шарап ҳәм майларын қайтарып бериңлер.
12 Олар: – Қайтарып беремиз, олардан ҳеш нәрсе талап етпеймиз. Сизиң айтқаныңыздай қыламыз, – деди. Сонда мен руўханийлерди шақыртып, руўханийлердиң алдында ақсүйеклер менен басшыларға берген ўәдесинде туратуғыны туўралы оларға ант иштирдим.
13 Соңынан шапанымның белбеўлигин шешип қағып: – Өз ўәдесинде турмаған адамды Қудай үй-жайынан ҳәм ийелигинен айырып, дымсыз қалдырсын, – дедим. Пүткил жыйналғанлар: – Аўмийин, – деди ҳәм Жаратқан Ийеге алғыс-мақтаўлар айтты. Халық берген ўәдесинде турды.
14 Және де, өзим Яҳуда жерине ҳәким болып тайынланған күннен баслап он еки жыл даўамында, яғный Артаксеркстиң патшалығының жигирмаланшы жылынан отыз екинши жылына шекем мен де, туўысқанларым да ҳәкимге арналған азық-аўқаттан жемедик.
15 Меннен бурынғы ҳәкимлер халыққа аўырманлық жүклеп, нан менен шараптан тысқары олардан қырық шекел гүмис те алған екен. Ҳәтте, олардың хызметшилери де халыққа өз ҳүкимин өткерген екен. Бирақ мен Қудайдан қорққанлықтан, булай ислемедим.
16 Оның орнына мен бар күшимди дийўалдың қурылысына бағышладым. Хызметкерлеримниң ҳәммеси истиң басына жыйналды. Бизлер бирде бир атыз сатып алмадық.
17 Айланамыздағы басқа халықлардан келгенлерди есапқа алмағанның өзинде, яҳудийлерден ҳәм лаўазымлы адамлардан бир жүз елиў адам мениң дастурханымнан аўқатланатуғын еди.
18 Бир күнлик аўқат ушын бир өгиз, алты семиз қой ҳәм бир қанша таўықлар писирилетуғын, және ҳәр он күнде бир рет мол етип, түрли-түрли шараплардан берилетуғын еди. Деген менен, мен үлке ҳәкимине тийисли аўқатты талап етпедим, онысыз да халықтың жүги аўыр еди.
19 Қудайым, бул халық ушын ислеген ислеримди мениң ийгилигим ушын еске ала гөр!



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16