2 Жылнама 9 bob

Шеба ҳаял патшасының Сулайманға келиўи(1-12). Сулайман патшаның байлығы(13-28). Сулайманның өлими(29-31). 

1 Шеба ҳаял патшасы Сулайманның арттырған даңқы туўралы еситип, оны жумбақлар менен сынаў ушын, хош ийисли затлар, көп муғдарда алтын ҳәм қымбатбаҳа таслар жүкленген үлкен бир кәрўанды баслап Ерусалимге келди. Ол кеўлинде бар болған ҳәмме нәрсесин Сулайман менен бөлисти.
2 Сулайман ҳаял патшаның ҳәмме сораўларына жуўап берди. Сораўларда патша түсиндире алмастай ҳеш нәрсе жоқ еди.
3 Шеба ҳаял патшасы Сулайманның даналығын, ол қурдырған сарайды көрди.
4 Ол және патшаның дастурханындағы тағамларын, ўәзирлериниң отырыс-турысын, хызметшилериниң хызметин ҳәм олардың кийимлерин, шарап қуйыўшыларын ҳәм олардың кийимлерин, оның Жаратқан Ийениң Ибадатханасында берген жандырылатуғын қурбанлықларын көргенде, артық өзин услап тура алмады.
5 Ол патшаға былай деди: «Сизиң ислериңиз ҳәм даналығыңыз ҳаққында өз елимде еситкенлерим ырас екен.
6 Бирақ мен келип, өз көзлерим менен көрмегенше, сол сөзлерге инанбаған едим. Маған сизиң даналығыңыздың ярымын да айтпаған екен. Сиз еситкенимнен де артық екенсиз.
7 Сизиң адамларыңыз ҳәм хызметшилериңиз қаншелли бахытлы! Олар бәрқулла алдыңызда турып, даналығыңызды тыңлай алады.
8 Сизге кеўли толып, сизди Қудайыңыз Жаратқан Ийеге хызмет етиў ушын патша етип Өз тахтына отырғызған Қудайыңыз Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Қудайыңыз Израилды мәңгиге беккемлеў ушын, оны сүйгенлиги себепли, әдалатты ҳәм туўрылықты жүзеге асырыўыңыз ушын сизди патша етип қойды».
9 Шеба ҳаял патшасы Сулайман патшаға бир жүз жигирма талант алтын, жүдә көп муғдарда хош ийисли затлар ҳәм қымбатбаҳа таслар саўға етти. Шеба ҳаял патшасының патша Сулайманға саўға еткениндей дәрежеде сапалы хош ийисли затлар ҳеш қашан алып келинген емес.
10 Хирам менен Сулайманның Офирден алтын алып келген адамлары да сол жерден сапалы арша ағашларын ҳәм қымбатбаҳа таслар алып келди.
11 Патша сапалы арша ағашларынан Жаратқан Ийениң Ибадатханасы ҳәм өзиниң сарайы ушын текшелер, қосықшылар ушын лира ҳәм арфа саз әсбапларын ислетти. Бүгинге дейин Яҳуда елинде бундай сапалы арша ағашын ҳеш ким ҳеш қашан көрмеген еди.
12 Сулайман Шеба ҳаял патшасына өзиниң әкелгенинен де көбирек саўғалар берди. Буннан тысқары, ол ҳаял патшаға сораған ҳәм қәлеген нәрселериниң ҳәммесин берди. Кейин, ҳаял патша адамлары менен бирге өз елине қайтып кетти.
13 Ҳәр жылы Сулайманға келип туратуғын алтынның муғдары алты жүз алпыс алты талант еди.
14 Буннан тысқары, усақлап сатыўшылар, саўдагерлер ҳәм Арабстанның барлық патшалары менен Израил үлкелериниң ҳәкимлери Сулайманға алтын ҳәм гүмис алып келетуғын еди.
15 Патша Сулайман еки жүз үлкен қалқан ислетип, оларды алтын менен қаплатты. Ҳәр бир қалқанға алты жүз шекел алтын жумсалды.
16 Және алтыннан ҳәр бири үш жүз шекел келетуғын үш жүз кишкене қалқан ислетти. Патша бул қалқанларды Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайға қойды.
17 Ол және пилдиң сүйегинен үлкен тахт ислетип, оны сап алтын менен қаплатты.
18 Тахттың алты текшедеги ҳәм тахтқа бекитилген алтын табан тирегиши бар еди. Тахттың отырғышының еки тәрепинде шығанақ қойғышы ҳәм оның жанында еки арысланның мүсини бар еди.
19 Тахттың алты басқалдағының ҳәр бириниң еки тәрепинде бир-бирден он еки арысланның мүсини тур еди. Ҳеш бир патшалықта бундай нәрсе жоқ еди.
20 Патша Сулайманның ишимлик ишетуғын ыдыслары алтыннан исленди. Оның Лебанон тоғайы деп аталатуғын сарайындағы ҳәмме ыдыслар да алтыннан исленген еди. Себеби Сулайманның ўақтында гүмис қәдирсиз болып қалған еди.
21 Теңизде Хирамның адамларының басшылығында Сулайманның Таршиш саўда кемелери бар еди. Бул кемелер үш жылда бир мәрте қайтып келетуғын ҳәм сонда алтын, гүмис, пил сүйеги, маймыллар ҳәм таўыс қусларын алып келетуғын еди.
22 Патша Сулайман байлықта ҳәм даналықта дүньяның барлық патшаларынан үстин болды.
23 Қудайдың Сулайманға берген даналығын тыңлаў ушын, жер бетиндеги барлық патшалар оны көриўге қуштар еди.
24 Оны көриўге келгенлердиң ҳәр бири ҳәр жылы саўға ушын гүмис ҳәм алтын ыдыслар, кийимлер, қурал-жарақлар, хош ийисли затлар, ат ҳәм ғашырлар алып келип турды.
25 Сулайманның атлары менен саўаш арбаларына арналған төрт мың қорасы ҳәм он еки мың аты бар еди. Олардың бир бөлегин саўаш арбалары ушын ажыратылған қалаларға, бир бөлегин өзиниң жанына, Ерусалимге жайластырды.
26 Сулайман Евфрат дәрьясынан филистлердиң жерине ҳәм Мысыр шегарасына дейинги барлық патшалықлар үстинен ҳүкимдарлық етти.
27 Патша Ерусалимде гүмисти әпиўайы тасларға тең қылды. Ал кедр ағашы жүдә көп болғанлықтан, батыстағы таў етеклеринде өсетуғын жабайы әнжир ағашына тең болып қалды.
28 Сулайманның атлары Мысырдан ҳәм басқа барлық үлкелерден алып келинетуғын еди.
29 Сулайманның басқа ислери басынан ақырына дейин, Натан пайғамбардың тарийх китабында, шилолы Ахия пайғамбардың пайғамбаршылықларында ҳәм ўәлий Иддоның Набат улы Яробам туўралы көрген аяны баян етилген жазыўларда жазылған.
30 Сулайман Ерусалимде пүткил Израил үстинен қырық жыл патшалық етти.
31 Кейин Сулайман өлип, ата-бабаларына қосылды ҳәм әкеси Даўыттың қаласына жерленди. Оның орнына улы Рехабам патша болды.



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16