2 Жылнама 7 bob

Ибадатхананың бағышланыўы(1-10). Жаратқан Ийениң Сулайманға және көриниўи(11-22). 

1 Сулайман дуўа етип болыўдан-ақ, аспаннан от түсип, жандырылатуғын ҳәм басқа қурбанлықларды жалмап кетти. Жаратқан Ийениң салтанаты Ибадатхананы толтырды.
2 Жаратқан Ийениң салтанатының Өз Ибадатханасын толтырғаны соншелли, руўханийлер Ибадатханаға кире алмады.
3 Пүткил Израил халқы аспаннан түскен отты ҳәм Ибадатхана үстиндеги Жаратқан Ийениң салтанатын көргенде, тас төселген алаңда ет-бетинен жерге жығылып, тәжим етти ҳәм: «Жаратқан Ийе ийгиликли, Оның садықлығы мәңгилик», – деп тәрийипледи.
4 Соңынан патша ҳәм пүткил халық Жаратқан Ийеге арнап қурбанлық шалды.
5 Патша Сулайман жигирма еки мың бас буға ҳәм бир жүз жигирма мың бас қойды Жаратқан Ийеге арнап, қурбанлыққа шалды. Солай етип, патша ҳәм пүткил халық Қудайдың Ибадатханасын бағышлады.
6 Руўханийлер өз хызмет орынларын ийеледи. Лебийлилер де Жаратқан Ийени тәрийиплеў ушын патша Даўыт соқтырған саз әсбапларын қолларына алып турды. Даўыттың өзи де: «Оның садықлығы мәңги даўам етеди», – деп тәрийиплегенде, усы әсбаплардан пайдаланған еди. Лебийлилердиң қарсысында турған руўханийлер кәрнайларын шалды, пүткил Израил халқы тик аяқта турған еди.
7 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасының алдындағы ҳәўлиниң ортанғы бөлегин де мухаддес қылып айырып, жандырылатуғын қурбанлықларды ҳәм татыўлық қурбанлықларының майларын сол жерде берди. Өйткени өзи қоладан ислеткен қурбанлық орынға жандырылатуғын қурбанлықлар менен ғәлле садақалары ҳәм де татыўлық қурбанлықларының майлары сыймай кетти.
8 Сол ўақытта Сулайман ҳәм үлкен жәмийет – Лебо-Хаматтан Мысыр шегарасындағы сайға дейинги жерлерде жасайтуғын пүткил Израил халқы Қос байрамын жети күн нышанлады.
9 Сегизинши күни салтанатлы жыйналыс өткерди. Олар жети күн даўамында қурбанлық орынды бағышлаў рәсиминен өткергеннен кейин, жети күн байрамды нышанлаған еди.
10 Жетинши айдың жигирма үшинши күни Сулайман халықты үйлерине қайтарды. Жаратқан Ийениң Даўытқа, Сулайманға ҳәм Өз халқы Израилға ислеген жақсылықларына қуўанып, олардың жүреклери толып- тасты.
11 Сулайман Жаратқан Ийениң Ибадатханасын ҳәм өзиниң сарайын салып, нийетлеген исиниң ҳәммесин табыслы тамамлағаннан соң,
12 түнде Жаратқан Ийе оған және көринип, былай деди: «Мен сениң дуўаларыңды еситтим ҳәм бул жерди Өзиме қурбанлық шалынатуғын Ибадатхана қылып таңладым.
13 Егер Мен жаўын жаўмасын деп аспанды жаўып тасласам, яки шегирткелерге жер бетиндегилерди жеп таслаўды буйырсам, яки халқыма оба жиберсем,
14 сонда Мениң атым менен аталатуғын халқым Маған тәўбе қылып, дуўа етсе, Маған жүз бурып, жаман жолларынан қайтса, онда Мен аспаннан оларға қулақ саламан. Олардың гүналарын кеширип, жерлерин шыпалайман.
15 Буннан былай, усы жерде қылынатуғын дуўаларға нәзеримди саламан, қулақларым түриўли болады.
16 Атымның мәңгиге сол жерде болыўы ушын, усы Ибадатхананы таңлап алып, мухаддес қылдым. Мениң көзлерим ҳәм жүрегим бәрқулла сол жерде болады.
17 Саған келсек, Мениң алдымда әкең Даўытқа уқсап жүрсең, барлық буйрықларымды орынлап, қағыйда ҳәм нызамларыма бойсынып жасасаң,
18 онда: „Израил тахтынан сениң урпағыңның изи үзилмейди“ – деп әкең Даўытқа берген сөзимде турып, патшалық тахтыңды мәңгиге туратуғын қыламан.
19 Бирақ егер сизлер жолымнан тайып, берген қағыйда ҳәм буйрықларыма бойсынбай, кетип қалсаңыз ҳәм басқа қудайларға хызмет етип, оларға табынсаңыз,
20 онда Мен Израилды Өзим берген жерден шығарып таслайман ҳәм Өз атым ушын мухаддес қылған мына Ибадатхананы тәрк етип, оны пүткил халықлар арасында әпсанаға айландырып, күлкиге қалдыраман.
21 Сонда ҳәзир зәўлим болып турған мына Ибадатхананың жанынан өтип баратырған ҳәр бир адам ҳайран қалып, қорқыныш пенен: „Жаратқан Ийе бул елди ҳәм мына Ибадатхананы не ушын бул аўҳалға салды екен?“ – деп сорайтуғын болады.
22 Кейин олар: „Израил халқы ата-бабаларын Мысырдан алып шыққан Қудайы Жаратқан Ийени тәрк етип, басқа қудайларға жабысып алды ҳәм оларға табынып, хызмет етти. Сонлықтан Жаратқан Ийе оларды усы апатшылыққа дуўшар етти“, – дейди».



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16