2 Жылнама 6 bob

Сулайманның сөзи(1-2). Сулайманның халыққа айтқан сөзлери(3-11). Сулайманның дуўасы(12-42). 

1 Сонда Сулайман былай деди: «Жаратқан Ийе! Сен: „Қойыў бултлар ишинде мәкан қурыўды қәлеймен“, – деп айтқан едиң.
2 Мен Сен ушын салтанатлы бир Ибадатхана, мәңгиге жасайтуғын бир қоныс қурдым».
3 Патша бурылып, тик аяқта турған пүткил Израил жәмийетине пәтия берди.
4 Соңынан патша былай деди: «Әкем Даўытқа Өз аўзы менен айтқан сөзлерин Өз қоллары менен орынлаған Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге алғыслар болсын! Ол былай деген еди:
5 „Халқымды Мысырдан алып шыққан күннен бери Өзимниң атыма арнап бир Ибадатхана қурыўы ушын, Израил урыўларына тийисли қалалардың ҳеш бирин таңламадым. Сондай- ақ халқым Израилды басқарыў ушын да бирде бир адамды таңламадым.
6 Бирақ енди Мен атыма арнап Ибадатхана қурыў ушын Ерусалимди, ал халқымды басқарыў ушын Даўытты таңлап алдым“
7 Әкем Даўыттың жүрегинде Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурыў қәлеўи бар еди,
8 Бирақ Жаратқан Ийе әкем Даўытқа: „Мениң атыма арнап Ибадатхана қурыўды нийет етипсең. Бул жақсы нийет.
9 Деген менен, Мениң атыма арнап бул Ибадатхананы сен емес, ал сениң бел балаң қурады“, – деди.
10 Жаратқан Ийе берген сөзин орынлады. Жаратқан Ийениң айтқанындай, әкем Даўыттан соң Израил тахтына мен отырдым ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийениң атына арнап Ибадатхана қурдым.
11 Сондай-ақ, ишинде Жаратқан Ийениң Израил халқы менен дүзген келисими турған сандықты усы Ибадатхананың ишине қойдым».
12 Сулайман Жаратқан Ийеге арналған қурбанлық орынның алдында, пүткил Израил жәмийетиниң қарсысында турып, қолларын көклерге жайып дуўа етти.
13 Қоладан узынлығы да, ени де бес шығанақ, бийиклиги үш шығанақ болған бир сыпа ислетип, оны ҳәўлиниң ортасына қойдырған болып, Сулайман сол сыпаға минип турған еди. Ол пүткил Израил жәмийети алдында дизерлеп отырып, қолларын көклерге жайып,
14 былай деди: «Израилдың Қудайы Жаратқан Ийе! Көкте де, жерде де Саған тең келетуғын қудай жоқ. Сен Өзиңе шын жүректен бойсынып жүрген қулларың менен дүзген келисимиңе садық қалып, оларға мийримиңди көрсетесең.
15 Сен Өз қулыңа, әкем Даўытқа Өз аўзың менен айтқан сөзлериңди бүгин Өз қолларың менен иске асырдың.
16 Жаратқан Ийе, Израилдың Қудайы! Енди әкем Даўытқа берген мына сөзиңниң де орынланыўын қәлеймен. Сен оған: „Егер урпақларың да саған уқсап, Мениң Нызамларыма әмел қылып, жолларынан адаспай жүрсе, сениң урпағыңнан Израил тахтында отыратуғын ер адамның изи үзилмейди“, – деген едиң.
17 Израилдың Қудайы, енди Өз қулың Даўытқа берген сөзиңди орынлай гөр!
18 Расында да, Қудай жер бетинде адамлар арасында жасар ма еди? Сен көклерге, көклердиң көклерине де сыймайсаң. Оның алдында мен қурған мына Ибадатхана не болыпты?!
19 Солай болса да, Қудайым Жаратқан Ийе, қулыңның дуўаларын ҳәм өтинишлерин еситип, оның жалбарыныўларына ҳәм дуўасына қулақ сал.
20 Көзлериң күни-түни: „Мениң атым сол жерде болады“, – деп Өзиң айтқан Ибадатханада болсын ҳәм қулыңның сол жерге қарап еткен дуўасын есит.
21 Усы жерге қарап дуўа еткенинде, қулыңның ҳәм халқың Израилдың жалбарыныўларын есите гөр. Көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ тутып, оларды кешире гөр.
22 Егер биреў өз жақынына қарсы гүна ислеўде айыпланса ҳәм оннан ант ишиў талап етилсе, ол келип, усы Ибадатханадағы Сениң қурбанлық орның алдында ант ишсе,
23 Сен оларға көклерден қулақ салып, тыңлап, қулларыңды Өзиң ҳүким ете гөр. Жазықлыны исине сай жазалап, жазықсызды әдиллигине сай ақлай гөр.
24 Егер халқың Израил Сениң алдыңда гүна ислегени ушын душпанларынан жеңилсе ҳәм қайтадан Саған жүз бурып, атыңды тән алса ҳәм усы Ибадатханада дуўа етип, Саған жалбарынса,
25 онда Сен оларға көклерден қулақ салып, Өз халқың Израилдың гүналарын кешир ҳәм оларды өзлерине және ата-бабаларына Өзиң берген жерге қайтара гөр.
26 Олар Саған қарсы гүна ислегени ушын аспан жабылып, жаўын жаўмағанда, олар усы жерге қарап дуўа етсе, атыңды тән алса ҳәм Сен оларды жазалағаныңда, гүналарынан жүз бурса,
27 онда Сен оларға көклерден қулақ салып, қулларыңның ҳәм халқың Израилдың гүналарын кешире гөр, оларға жүриўи тийис болған туўры жолды көрсет ҳәм халқыңа мүлик етип берген жериңе жаўын жаўдыра гөр.
28 Егер елде ашлық болса, оба пайда болса, егинлер қуўраса ямаса кеселленсе, шегиртке ҳәм қурт қапласа, душпанлар келип, өз қалаларының биринде қамал қылса, қандай да бир иллет тарқаса ямаса апатшылық басына түссе,
29 сонда бир адам ямаса пүткил халқың Израил дуўа етип, жалбарынса, ҳәр бир адам өзиниң басына түскен апатшылықты сезип, қайғырып, усы Ибадатханаға қарай қолларын жайса,
30 Сен көклердеги Өз мәканыңнан оларға қулақ сала гөр ҳәм оларды кеширип, ислеген ислерине қарай жуўап бере гөр. Себеби адам баласының жүрегинде не барын тек Сен ғана билесең.
31 Олар Өзиң ата-бабаларымызға берген бул жерде өмир бойы Сеннен қорқып жасасын ҳәм бәрқулла Сениң жолың менен жүрсин.
32 Егер халқың Израилдан болмаған жат жерли адам Сениң уллы атың, қүдиретли қолың ҳәм Өз халқыңа қол созғаның ҳаққында еситип, узақ елден келсе ҳәм усы Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
33 көклердеги Өз мәканыңнан оған қулақ салып, сорағанларын бере гөр. Солай етип, дүньядағы барлық халықлар халқың Израил сыяқлы Сениң атыңды билип, Сеннен қорқсын ҳәм мен қурдырған усы Ибадатхананың Саған сыйынатуғын орын екенин билсин.
34 Егер халқың Сен жиберген жол бойынша душпанларына қарсы саўашқа шықса ҳәм Сен таңлап алған қала менен Сениң атыңа арнап мен қурған усы Ибадатханаға қарап Саған дуўа етсе,
35 көклерден олардың дуўаларына ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларға жәрдем бере гөр.
36 Егер олар Саған қарсы гүна ислесе, себеби гүна ислемеген бирде бир адам жоқ, Сен ғәзепленип, оларды душпанға тәслим етсең ҳәм душпан оларды тутқын етип, жақын ямаса узақ бир елге алып кетсе,
37 олар да тутқын болған елде жүрип, есин жыйып алғаннан кейин тәўбеге келип: „Гүна иследик, нызамсызлық қылдық, айыпдармыз“, – деп жалбарынса,
38 өзлери тутқынға алынып, сүргин қылынған елинде жүрип, шын жүректен ҳәм жан-тәни менен Саған жүз бурса, өзлериниң ата-бабаларына берген жерине, Сен таңлап алған қалаға ҳәм Сениң атыңа арнап мен қурған Ибадатханаға қарап дуўа етсе,
39 көклердеги Өз мәканыңнан олардың дуўа ҳәм жалбарыныўларына қулақ сала гөр ҳәм оларды қутқара гөр. Саған қарсы гүна ислеген халқыңды кешире гөр.
40 Енди Қудайым, нәзериң бизлерде болсын ҳәм усы жерде айтылатуғын дуўаларымызға қулақ сала гөр!
41 Қудай, Жаратқан Ийе! Көтерил енди Өзиң жасайтуғын жерге, Қүдиретиңниң белгиси болған сандығың менен бирге. Қудай Ийе! Руўханийлериң қутқарыўға бөленсин, Садық қулларың жақсылығыңнан шад болсын.
42 Қудай Ийе! Өз майлағаныңнан ўаз кешпе, Қулың Даўытқа көрсеткен жақсылығыңды есте сақла!»



Muhaddes Kitap. Injil

Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16